ar
Feedback
Каракалпак 24

Каракалпак 24

الذهاب إلى القناة على Telegram

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama

إظهار المزيد
2025 عام في الأرقامsnowflakes fon
card fon
101 207
المشتركون
-8024 ساعات
-3127 أيام
-1 94130 أيام
أرشيف المشاركات
Photo unavailableShow in Telegram
2026-жылы айырым жасларға "права" курслары қәрежети қаплап бериледи ҳәм "бир айлық әскерий хызмет" бийпул болады 2026-жыл 1-февральдан баслап кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардағы жасларға төмендеги жәрдемлер көрсетиледи: ➖ мобилизациялық шақырыў резервиндеги әскерий хизметти бийпул өтейди; ➖ ️"Жаслар дәптери" қоры арқалы айдаўшылық курслары ҳәм "А," "B," "D," "DЕ" категориялары ушын төлемлер қаплап бериледи. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
❓️Жасалма интеллект инсаният ушын қәўип пе? Эксперт инсан туқымының жоғалып кетиў итималын 95% деп баҳалады. Machine Intelligence Research Institute мәмлекетлик емес шөлкеминиң басшысы Нейт Соарестиң пикиринше, жасалма интеллект (АI) себепли адамзаттың жоқ болып кетиў итималы кеминде 95% ти қурайды. Бул ҳаққында The Times басылымы хабар берди.
Соарес алдын Google ҳәм Microsoft'та инженер болып ислеген қәниге болып, ол жасалма интеллект раўажланыўын "үлкен тезликте жар жағасына қарай ҳәрекетленип атырған поезд"ге теңлестирди. "Мен бул поезды тоқтатып болмайды деп атырғаным жоқ. Бирақ биз ҳәзир тек ғана тоқтаўсыз жарға қарай ушып баратырмыз," - деди ол.
 Эксперттиң атап өтиўинше, жасалма интеллект тәрепинен биологиялық қурал жаратылыўы ҳәм ол арқалы үлкен қалаларда жасырын түрде адамлардың дерлик барлығын зыянлаў сыяқлы сценарийлер итималдан шетте емес. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Uzbekistan Airways студентлерге 50 процентлик шегирме жәриялады Орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары оқыў орынлары студентлери ушын 2025-жыл 26-декабрьден 2026-жыл 11-январьға шекем әмелге асырылатуғын барлық жергиликли авиақатнаўлардвң эконом класс авиабилетлерине 50 процентке шекем шегирме бериледи. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелери толық жабылады "2026-2030-жылларда балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясы ҳаққында"ғы Президент пәрманына қол қойылды. Пәрманға бола, Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерин толық жабыў белгиленди. Олардың орнына антисоциаллық минез-қулыққа ийе балалар ушын социаллық интеграция орайлары шөлкемлестириледи. Бул орайларда тийкарғы итибар жазалаўға емес, ал балаларды жәмийетке бейимлестириў ҳәм саламат өмирге қайтарыўға қаратылады. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
00:11
Video unavailableShow in Telegram
🎄Xiaomi’dan yangi yil aksiyasi 15 dekabrdan 31 dekabrgacha REDMI smartfonlariga maxsus narxlar amal qiladi: REDMI A5, REDMI 15C, REDMI 15, REDMI Note 14 Yangi yilga smartfonni yangilash yoki sovg’aga tanlash uchun ajoyib sabab 🎁 📍Smartfonlarni Xiaomi rasmiy hamkorlaridan olish mumkin: Idea, JoyBox, Uzum market
Bizni ijtimoiy tarmoqlarda kuzatib boring: 📱 Facebook | 📱 Telegram | 📱 Instagram | 📱 YouTube
#реклама
إظهار الكل...
IMG_2285.MOV6.20 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Исбилермен ҳаялларға 100 млн сўмға шекем гиреўсиз кредит бериледи «Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-103-санлы, 14.03.2025-ж.) қабыл етилди: Қарарға муўапық, 2025-жылда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди: ▪️2 миллион ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў; ▪️250 мың ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў; ▪️250 мың ҳаял-қызларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў; ▪️50 мың мүтәж ҳаял-қызларды санаторийларда саўалландырыў ҳәмде оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестириў. 📜 “HAMROH” исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде 2025-жыл 1-майдан: 🔸Ҳаял-қызларға «жасыл жойбарлар» ҳәм IТ тараўындағы жойбарларды әмелге асырыўына, сондай-ақ, кеминде 5 ҳаял-қыздың исбилерменлигин жолға қойыўға жәрдем берген 1 мың «устаз» исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем грант ажыратыў жолға қойылды. 🔸Унамлы кредит тарийхына ийе болған ҳаял-қызларға 100 млн сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады; 🔸Ҳаял-қызлар тәрепинен кредит есабынан сатып алынып атырған әсбап-үскенелер жеткерип берилгенге шекем «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен кепиллик берилиўи жолға қойылады. ️👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында: 🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 271 000 сўм; 🔹базалық есаплаў муғдары – 412 000 сўм; 🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 471 000 сўм; 🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 918 000 сўм; 🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 1 012 000 сўм; 🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 1 012 000 сўм; 🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (918 000 сўм)нан 1 012 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 1 012 000 сўм. 🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 820 000 сўм; 🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 820 000 сўм. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Eshitdingizmi? “Foydali” aksiyasi boshlandi 🤩 15–21-dekabr kunlari Alif Shop’da butun hafta davomida “Foydali” aksiyasi bo‘lib o‘tadi. Sizni kutmoqda: – har kuni chegirmali mahsulotlar – muddatli to‘lov yanada arzonroq Bunday imkoniyatni qo‘ldan boy bermang — mahsulotlar soni cheklangan 🔥 Foydali xaridlar uchun Alif Shop’ga o‘ting 📲
إظهار الكل...
01:17
Video unavailableShow in Telegram
Лаўазымлы шахс наркотик саўдасына араласса 20 жылға шекем қамақ белгиленбекте Депутатлар наркотиклердиң нызамсыз айланысына ҳәкимият лаўазымлы шахсларының араласыўы ушын жынайый жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын жаңа нормальарды белгиледи. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
video_2025-12-18_11-39-21.mp45.19 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Буны ҳәмме билиўи керек: Бизиң денемиз қалай жумыс ислейди?
6.00 — денениң толық тетиклесиўи ушын кортизол дәрежеси артады. 7.00 — мелатонин ислеп шығарылыўы тоқтайды. 9.00 — жынысый гормонлар ислеп шигарылыўы ең актив дәрежеге жетеди. 10:00 — ақылый искерликтиң ең жоқары шыңы. 14:30 — ҳәрекетлерди муўапықластырыў ушын ең қолайлы ўақыт. 15:30 — әдетлерди қәлиплестириўдиң ең жақсы ўақты. 17:00 — булшиқ етлердин еластиклиги ҳәм жүрек-қан тамыр системасы актив ислейтугин ўақыт. 19:00 — қан басымы ҳәм дене температурасы ең жоқары дәрежеге көтерилетуғын ўақыт. 21:00 — денени уйқыға таярлаў ушын мелатонин ислеп шығарыла баслайды. 22:00 — ас синириў системасы "тынышланады," себеби дене уйқыға таярланады. 2.00 — терең уйқы ўақты. 4:00 — ең төмен дене температурасы белгиленетуғин ўақыт.
👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
Өзбекстанда турақ жай баҳаларының артыўы себепли халық жылдан-жылға киширек үйлер сатып алмақта: 2025-жылы мәмлекеттиң ҳеш бир аймағында сатып алынған турақ жайлардың орташа майданы 40 кв метрге де жетпеди. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
03:43
Video unavailableShow in Telegram
️Адвокатлардың нызамсыз ҳәрекетлери анықланды Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм прокуратура уйымлары тәрепинен Ташкент, Самарқанд ҳәм Гүлистан қалаларында өткерилген оператив илажлар даўамында үш адвокаттың нызамға қайшы ҳәрекетлери анықланды. Соның ишинде, Ташкент қаласында адвокат суд жумысларына тәсир өткериў ҳәм айыпланыўшыға жеңил жаза тайынлатыўды ўәде етип 5 мың АҚШ долларын алған ўақтында усланды. Самарқандта болса адвокат жынаят иси бойынша жеңил жаза шығарыўға жәрдемлесиў бәнесинде 4 мың доллар алған ўақтында усланды. Сондай-ақ, Сырдәря ўәлаяты Гүлистан қаласында жумыс алып барып атырған адвокат ҳуқық қорғаў уйымларындағы таныслары арқалы жынаят иси қозғатып бериўди ўәде етип, 1500 доллар алған ўақтында усланды. Ҳәзирги ўақытта бул адвокатларға тийисли статьялар менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Advokatlar.mp421.97 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49
👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
00:16
Video unavailableShow in Telegram
HONOR, Centrum Air ва Centrum Holidays билан унутилмас саёҳатни ютиб олинг! 🎁 HONOR X9d харид қилинг ва Шарм-ел-Шейхга унутилмас саёҳатни ютиб олиш имкониятига эга бўлинг — барчаси HONOR, Centrum Air ва Centrum Holidaysнинг аксияси доирасида. 📌 Қандай иштирок этиш мумкин? — 15-декабрдан 15-январгача Ўзбекистондаги исталган дўкондан HONOR X9d харид қилинг — Смартфоннинг серия рақами ва Ф.И.Шни Telegramдаги @honororzusafaribot ботига юборинг — Қурилма тасдиқлангач, сиз автоматик тарзда иштирокчига айланасиз. 📅 Натижалар: 20-январ куни Instagramдаги @honoruzbekistan саҳифасида жонли эфирда эълон қилинади. Аксия тафсилотлари ва тўлиқ қоидалар — ҳавола орқали. #реклама
إظهار الكل...
IMG_3230.MP411.59 MB
02:20
Video unavailableShow in Telegram
❗️Шымбай районында топар болып ҳәрекетленген автотранспорт басқарыўшыларына шара көрилди. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
AQNttL9TeRVNvcX5S8CZOQcTPm6erp1x_dADoRzxS5i0QdBETnt75F0gLCWqg_dnwZ0IINtJW8o5.mp419.85 MB
Photo unavailableShow in Telegram
️Жаңа жылда 4 күнлик дем алыс күни болыўы мүмкин Айтыўларына қарағанда, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳүкиметке жаңа жыл байрамында избе-из 4 күн дем алыc бойынша усыныс киргизген. Ҳәзирги буйрықларда хызметкерлердиң жумысқа шығыў күнлери 31-декабрь, 2 ҳәм 3-январь етип белгиленген. Егер пәрман қабыл етилсе, бул күнлер кейинги биринши жумыс күнине көширилиўи мүмкин. Жаңа қарар жәрияланыўы күтилмекте. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Морыларды надурыс орнатыў өмир ушын қәўипли! Үйиңиздеги печь ямаса камин қәўипсиз ислеўи ушын үйдеги морылардың дурыс орнатылыўы жүдә әҳмийетли.
Онда төмендегилер қадаған етиледи: ❌Морыны бөлмениң ишинде қаптал тәрепке ийип шығарыў; ❌Жүдә көп қайырылған ямаса горизонталь трубалар қойыў; ❌Герметик емес, жарықлы ямаса тат басқан трубалардан пайдаланыў; ❌Морыны вентильяция системасына жалғаў; ❌Тез-тез тазаланбайтуғын, қарайып кеткен морыдан пайдаланыў;
Дурыс орнатыў тәртиби: ✅ Моры илажы барынша тик ҳәм туўры болыўы керек; ✅ Там арқалы сыртқа шығып, төбесинде арнаўлы қалпақ (зонтик) болыўы шәрт; ✅ Жылына кеминде бир мәрте тазалаў керек; ✅ Ханаға кислород айланыўы ушын самаллатыў (вентильяция) болыўы керек;
⚡️️Морының надурыс орнатылыўы, инсанларды зәҳәрли газден зәҳәрлениўине алып келеди! 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
🚨 Ҳәзирги ўақытта жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлық ушын жәриймалар муғдары: ➖ Ремени тақпаў – 206 000 сум; ➖ Техник көриксиз, медициналық топламысыз ҳәрекетлениў – 206 000 сум; ➖ Ҳүжжетсиз айдаў – 412 000 сум; ➖ Қамсызландырыў ҳүжжетисиз транспорт басқарыў – 412 000 сум; ➖ Қызыл шырақта өтиў – 824 000 сум; ➖ Нызамсыз парковка – 824 000 сўм; ️➖ Мәмлекетлик номерсиз автотранспорт басқарыў – 1 854 000 сум; ➖ Тезликти +20 км/сааттан асырыў – 412 000 сум; ➖ Тезликти +20-40 км/сааттан асырыў – 1 854 000 сум; ➖ Тезликти 40 км/сааттан артық асырыў – 3 378 400 сўм; ️➖ Қарама-қарсы жолда ҳәрекетлениў – 3 749 200 сўм; ️➖ Мәс ҳалда транспорт басқарыў – 9 377 000 сум + 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырыў; ➖ Рухсатсыз кузовқа рең бериў (плёнка) – 9 377 000 сўм. Дерек: Нызамшылық 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Photo unavailableShow in Telegram
️️️Бажыхана, ишки ислер, прокуратура, Миллий гвардия хызметкерлери ҳәм судьялар Администрация басшысы бийлиги менен тайынланатуғын лаўазымға өткенде усы органлар кадрлар резервине киргизилиўи нәзерде тутылмақта Сондай-ақ, мәмлекетлик хызметке биринши мәрте қабыл етилген хызметкерлер менен мийнет шәртнамасы дәслеп бир жыл мүддетке дүзилиўи, "Мәмлекетлик хызметке кириў" арнаўлы курсларын ҳәм маманлығын арттырыў курсларын өтиўи ҳәмде инсан ресурсларын басқарыўға байланыслы мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлер тек ғана "http://hrm.argos.uz" платформасында қәлиплестирилиўи белгиленбекте. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
00:49
Video unavailableShow in Telegram
❓❄️ Не ушын қыста бас кийим кийиў шәрт? Қыс мәўсими тек ғана бет ҳәм дене териси ушын емес, ал бас ушын да күшли стресс болып есапланады. 🧢 Мәлим болыўынша, денедеги ең көп ыссылық бас арқалы жоғалтылады. Бас кийим болса усы ыссылықты сақлап қалыўға жәрдем береди. 🌡 Сондай-ақ, бас кийим самалдан тосық пайда етип, дене темперетурасы төменлеўиниң алдын алады ҳәм қолайлылықты тәмийинлейди. 🤧 Изертлеўлерге қарағанда, бас кийим кийиу аязлаўдың да алдын алады. Видеоны бас кийимсиз жүретуғын досларыңызға жиберип қойың. 👉 @Karakalpak24
إظهار الكل...
Bas kiyim 1.mp424.52 MB