Каракалпак 24
الذهاب إلى القناة على Telegram
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
إظهار المزيد2025 عام في الأرقام

101 188
المشتركون
-8524 ساعات
-3487 أيام
-1 91030 أيام
أرشيف المشاركات
01:52
Video unavailableShow in Telegram
❗️2026-жыл 1-январьдан баслап таксистлер 1% лик салық төлеп баслайды
❌ Президенттиң 12.08.2026-жылдағы ПҚ-247-санлы қарарына бола, 2026-жыл 1-январьдан баслап өзин өзи бәнт еткен шахслардың 100 млн сумға шекемги дәраматын салықтан азат етиў бойынша жеңиллик бийкар етиледи.
Яғный, 2026-жыл 1-январьдан баслап өзин өзи бәнт еткен шахслар, сол қатарда такси айдаўшылар 1 млрд сумға шекемги дәраматынан 1% лик айланбадан алынатуғын салықты төлейди. Салық такси агрегаторлары арқалы төленеди.
Бул ҳаққында видеода толық түсиндирген.
👉 @Karakalpak24
IMG_3112.MP49.69 MB
Photo unavailableShow in Telegram
🚐JAC М3 энди қўшимча тўловларсиз кредитга берилади!
"JAC Motors Тошкент" МЧЖ ҚК етакчи банклар билан биргаликда жисмоний шахслар учун кенг ва ишончли ЖАC М3 автомобилини энг қулай шартларда харид қилиш учун ноёб имконият тақдим этади.
✨ JAC М3 - сизнинг мукаммал ҳамроҳингиз:
- 9 ўриндиқлик
- Катта оилалар, сайёҳлик гуруҳлари ва тижорат транспорти учун ажойиб танлов
- Қулайлик, ишончлилик ва пухта ўйланган салон
💳Мослашувчан кредитлаш ва муддатли тўлов шартлари:
- Бошланғич тўлов 25% дан бошлаб
- Кредит муддати - 6 ойдан 60 ойгача
- Пеня ва жарималарсиз
- Муайян тўлов ва муддатда ноль фоиз ставкаси билан махсус таклифлар!
Ҳамкор банклар: APEX BANK ва OFB BANK
🔥 Ўзингизга қулай банк ва шартларни танланг, JAC М3 ни бугуноқ харид қилинг ва ортиқча тўловларсиз қулайликдан баҳраманд бўлинг!
Cайт: jacmotors.uz
Instagram: jacmotorstoshkent
Телефон: +998555117770
#реклама
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Қарақалпақ халқының "Қара үй" мийрасы ЮНЕСКО дизимине киргизилди
Президенттиң Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмалардың орынланыўы шеңберинде миллий мәдений мийрасты сақлаў ҳәм нәсиятлаў бойынша системалы жумыслар нәтийже бермекте. Саида Мирзиёева басшылығында алып барылған әмелий жумыслардың нәтийжесинде қарақалпақ халқының дөретиўшилик ҳәм сәўлетшилик дәстүрлерин жәмлеген "Қара үй" ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасының Репрезентатив дизимине киргизилди.
Нью-Делиде өтип атырған ЮНЕСКОның 20-сессиясында дәслеп "Қобыз жасаў ҳәм атқарыўшылық өнери," соңынан қырғыз, қазақ ҳәм қарақалпақ отаўларын қурыў дәстүрлери дизимге алынды. Бул қарар қарақалпақ халқының бай мийрасының халықаралық көлемде тән алыныўына хызмет етпекте.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Нақ пулға турақ жай, автомобиль алды-саттысы бийкар етиледи - Президент пәрманы
2026-жыл 1-апрельден төмендегилер ушын төлемлер тек ғана банк карталары ямаса электрон төлем системалары арқалы әмелге асырылады:
➖ мәмлекетлик органлар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер;
➖ электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўынан пайдаланғаны ушын төлемлер;
➖ ️алкогол ҳәм темеки өнимлери;
➖ ️транспортларға жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы халыққа нефт-газ өнимлерин сатыў ҳәм электрде ҳәрекетленетуғын транспортларды зарядлаў бойынша хызметлер;
➖ ️Баҳасы 25 млн сумнан асатуғын товар ҳәм хызметлер;
➖ Көшпес мүлк обектлери, ислеп шығарылғанына 10 жылдан аспаған М, N, О ҳәм G категорияларына киретуғын транспортлар ҳәмде арнаўлы автотранспорт қуралларын сатыў ҳәм сатып алыў.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Uzbekistan Airways студентлерге 50 процентлик шегирме жәриялады
Орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары оқыў орынлары студентлери ушын 2025-жыл 26-декабрьден 2026-жыл 11-январьға шекем әмелге асырылатуғын барлық жергиликли авиақатнаўлардвң эконом класс авиабилетлерине 50 процентке шекем шегирме бериледи.
👉 @Karakalpak24
02:05
Video unavailableShow in Telegram
Хитой сафари: HONOR инновацияларининг юраги билан яқиндан танишув
Хитой сафарамиз давомида биз HONOR технологияларининг ортида қандай улкан тадқиқотлар ва интелект туришини ўз кўзимиз билан кўрдик.
Бу ерда ҳар бир ғоя — илм, ҳар бир детал — изланиш, ҳар бир смартфон — мукаммалликка интилиш.
Энг ҳайратланарлиси — атиги 28,5 сонияда битта HONOR смартфони ишлаб чиқарилади. Бу жараён автоматлаштирилган, роботик тизимлар билан бошқариладиган ақлли HONOR заводида амалга ошади.
Шунингдек, дунё бўйлаб янги босқични бошлаб берган HONOR Alpha Flagship Store билан ҳам танишдик — бу на фақат дўкон, бу сунъий интеллект ва технологиянинг янги босқичи, дизайн ва тажриба макони.
Бу сафар бизга яна бир нарсани исботлади:
HONOR X9d каби қурилмаларнинг асосида чуқур тадқиқотлар, пухта ўйланган ишлаб чиқариш тизими ва чексиз инновация руҳи бор.
🌐 Батафсил маълумот — HONOR расмий сайтида.
IMG_9888 (3).mp416.67 MB
Photo unavailableShow in Telegram
️Өзбекстанда биринши мәрте 7 айлық нәрестеге баўыр көширип өткерилди
Оған анасы донорлық етти. Операция процеси асқыныўсыз өтти. Ана саў жағдайда емлеўханадан шығарылған. Баланың да жағдайы шыпакерлер қадағалаўында болып, жағдайы турақлы ҳәм қанаатландырарлы деп баҳаланбақта.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49👉 @Karakalpak24
01:55
Video unavailableShow in Telegram
❗️Кегейли районында той ҳәм басқа да шаңарақлық мәресимлер ықшамластырылады
Жаңа тәртипке бола, ендигиден былай салтанатлы тойлар ҳәм басқа да шаңарақлық мәресимлер тек ғана 1 күн, азанғы 6:00 ден кешки 11:00 ге шекем өткериледи;
➖ Енди тойлар шәртнама тийкарында өткериледи;
➖ Марҳумның «жетиси», «қырқы», «жүзи», «жылы» сыяқлы мәресимлер өткерилмейди;
➖ Дәбдебели, ким озарға берилетуғын тойлар тоқтатылады;
➖ Аўыллық жерлерде 250-300 адамға руқсат бериледи;
➖ Жаслар сейлинде тек ғана 3 автомашина жүриўине руқсат етиледи;
➖ Той-мереке өткериў ушын пуқаралар жыйынынан руқсат алынады;
➖ Той-мерекелерди өткериўде көше бийлериниң ўазыйпасы күшейттириледи. Олар пуқара менен бирге пуқаралар жыйынына барады ҳәм руқсат алады.
Усы сыяқлы тәртиплер тез арада басқа аймақларға да енгизилиўи мүмкин.
👉 @Karakalpak24
IMG_5434.MOV22.83 MB
Photo unavailableShow in Telegram
️Студентлер ушын жуўмақлаўшы имтиханлар қашаннан басланыўы мәлим болды
Өзбекстандағы барлық жоқары билимлендириў шөлкемлериниң студентлери ушын жуўмақлаўшы имтиханлар 2026-жылдың 12-январь күнинен басланады.
Қысқы дем алыс болса усы жылдың 28-декабрьинен 2026-жыл 10-январьға шекем даўам етеди.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️️️Енди алкогол ҳәм темеки өнимлерин нақ пулға сатып алып болмайды
2026-жыл 1-апрельден баслап алкогол ҳәм темеки өнимлерин нақ пулға сатыў қадаған етиледи. Олар қатаң түрде тек ғана пластик карта ямаса электрон төлем системалары арқалы сатылады.
👉 @Karakalpak24
03:28
Video unavailableShow in Telegram
❗️Қарақалпақстанда 39 мың абонент ескертилди: Қарыздарлық төленбесе, электр төлемине шеклеў киргизиледи
Өзбекстан Республикасының 2025-жыл 7-марттағы 1044-санлы қарарына муўапық Қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығыў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлер бойынша қарыздарлығы болған тутыныўшылар қысқа хабар (SMS) арқалы хабардар етилгеннен кейин усы қарыздарлық толық төленгенге шекем олардан электр энергиясы ушын төлемлерди қабыл етиўге ўақытша шеклеў енгизилиўи белгиленген.
Сонлықтан, усы жылдың 6-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы бойынша шығынды хызметлеринен жүзеге келген дерлик 2 млрд 226 млн сумлық дебитор қарыздарлық ушын жәми 38 мың 975 абонент "Аймақлық электр тармақлары" АЖның "2100" қысқа номеринен "SMS" хабар арқалы ескертилди.
👉 @Karakalpak24
BRIFING Kamalatdin Muxiyatdinov SHIGINDI.mp4242.72 MB
Photo unavailableShow in Telegram
️Жаңа жылда 4 күнлик дем алыс күни болыўы мүмкин
Айтыўларына қарағанда, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳүкиметке жаңа жыл байрамында избе-из 4 күн дем алыc бойынша усыныс киргизген.
Ҳәзирги буйрықларда хызметкерлердиң жумысқа шығыў күнлери 31-декабрь, 2 ҳәм 3-январь етип белгиленген.
Егер пәрман қабыл етилсе, бул күнлер кейинги биринши жумыс күнине көширилиўи мүмкин.
Жаңа қарар жәрияланыўы күтилмекте.
👉 @Karakalpak24
00:32
Video unavailableShow in Telegram
🥰Хешқандай басланғыш төлемсиз натяжной потолок қурдырың
✅10 мыңнан аслап клиентлердиң кеўлинен шыға алған Квадрат натяжной потолок жоқары сападағы натяжной потолокларын усынады.
Барлық аймақларға өлшеў, қурыў бийпул. Мыңнан аслам ассартимент сиздиң үйиңизге еледе көрк қосады
💸Басланғыш бир тыйын төлемей UZUM хәм ALIF NASIYA арқалы бөлип төлесеңиз болады.
Буннан тысқары халал өзара келисим арқалы бөлип төлеў иманияты да бар
😇Толық мағлыумат ушын 97 505-00-44 номерлерине байланысың
Telegram: https://t.me/office_kvadrat
#реклама
IMG_3965.MP424.03 MB
01:15
Video unavailableShow in Telegram
Хош хабар! «Қобыз соғыў ҳәм атқарыўшылық өнери» ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасын жедел қорғаў дизимине киргизилди
Усы жылдың 8-13-декабрь күнлери Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрасты қорғаў Ҳүкиметлераралық комитетиниң гезектеги ХХ сессиясы болып өтпекте.
Бул сессияда Өзбекстан Республикасынан усынылған «Қобыз соғыў ҳәм атқарыўшылық өнери» (миллий) кандидатурасын ЮНЕСКОның жедел қорғаўға алыныўы лазым болған материаллық емес мәдений мийрасы элементлериниң дизимине киргизиў ҳаққындағы қарары бир даўыстан қабыл етилди.
«Қобыз соғыў ҳәм атқарыў көркем өнери»ниң ЮНЕСКО дизимине киргизилиўи оның тарийхый, руўхый ҳәм мәдений қәдирият сыпатындағы орнының халықаралық дәрежеде тән алыныўы болып есапланады.
Бул қуўанышлы ўақыя менен пүткил халқымыз, көркем өнер ықласбентлери, устаз көркем өнер шеберлери ҳәм бул бийбаҳа мийрасты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлап киятырған пидайы инсанларды шын жүректен қутлықлаймыз.
👉 @Karakalpak24
11.94 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️️Студент ҳәм оқыўшылар ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң буйрығына муўапық, жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери және академиялық лицейлерде қысқы дем алыс мүддети тастыйықланды.
Дем алыс 2025-жыл 28-декабрьден басланады, 2026-жыл 10-январьға шекем даўам етеди (усы күни де).
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Сессиялар 12-январьдан басланады
Жоқары билимлендириў министриниң буйрығына бола, 2025/2026-оқыў жылы гүзги семестри оқыў процеси ҳәм пәнлерден өткерилетуғын қадағалаўлар белгиленген график тийкарында 2026-жыл 12-январьдан баслап шөлкемлестириледи.
Студентлерге гүзги семестр жуўмағы бойынша өткерилетуғын жуўмақлаўшы қадағалаў жумысларына байланыслы барлық мағлыўматлар жеткериледи.
Имтиханларды талап дәрежесинде шөлкемлестириў ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеўге байланыслы илажлар әмелге асырылады.
Қысқы дем алыс болса 10-январьға шекем даўам етеди.
👉 @Karakalpak24
00:39
Video unavailableShow in Telegram
❓Груз 200, 300, 400 нени билдиреди?
▪️Груз 100 - ески код, айрықша қәўипли шахслар
▪️Груз 200 - қайтыс болған әскер
▪️Груз 300 - жарадар әскер
▪️Груз 400 - бийдәрек жоғалған/тутқын
▪️Груз 500 - дезертир, бойсынбас әскер
▪️Груз 600 - истен шыққан техника
▪️Груз 700 - танып болмайтуғын дене
▪️Груз 800 - байланыс/ҳүжжетлер бойынша машқала (аз пайдаланылады)
▪️Груз 900 - арнаўлы әскерий жүклер
▪️Груз 1000 - жасырын жүк ямаса жасырын тапсырма
👉 @Karakalpak24
5.33 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Пиядаларға суў шашыратқан жиберген айдаўшылар 412 000 сўмға шекем жәрийма төлейди
Жолдағыпиядаларға суў шашыратқанлық ушын нызамда жуўапкершилик бар. Бундай қағыйдабузарлық ушын жаза - 1 БЕМ = 412 000 сум.
❓Қайерга шағым етиў мүмкин:
1. Полиция - фото/видео дәлил менен арза;
ИИМниң онлайн-сервислери;
3. ЖҲҚ бузылыўлары ҳаққында хабар бериўге мөлшерленген қаланың рәсмий платформалары.
👉 @Karakalpak24
01:51
Video unavailableShow in Telegram
Жаңа Қарақалпақстан - көп миллетли татыўлықтың үлгиси
Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитети баслығының мәлимлемеси додалаўында қарақалпақ миллетиниң ўәкили, депутат Руслан Джумамуратов шығып сөйлегенинде, ол гәпти Қарақалпақстаннан баслады. Себеби, миллетлераралық татыўлық орталығын бул аймақтағы ҳәр бир шаңарақ күнделикли турмысында сезинип келмекте.
Бул жерде итибарлы тәрепи: Қарақалпақстанда тек ғана қарақалпақлар емес, өзбек, қазақ, түркмен, рус, корейс ҳәм басқа миллетлер бирге жасап, ислеп атыр. Яғный, "Жаңа Қарақалпақстан" деген түсиниктиң артында көп миллетли жәмәәт, олардың мийнети турады.
Бүгин парламенттеги депутатлардың дерлик 13 процентин ҳәр қыйлы миллет ўәкиллери қурайтуғыны, жергиликли Кеңеслерде де 12 процентке шамалас көп миллетли қурам бар екенлиги - Өзбекстанның реал жүзи.
Президентимиздиң ишки ҳәм сыртқы сиясатта "инсаныйлық ҳәм татыўлық"ты бас өлшем етип алыўы да соннан. Орайлық Азияда бүгин регион мәмлекетлери бир тән бир жан болып ҳәрекет етип атырған болса, оның ишинде Өзбекстанның көп миллетли, турақлы модели айрықша орын ийелеп тур.
👉 @Karakalpak24
17.67 MB
