Каракалпак 24
前往频道在 Telegram
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
显示更多2025 年数字统计

101 177
订阅者
-8524 小时
-3487 天
-1 91030 天
帖子存档
照片不可用在 Telegram 中显示
️615 шахс әпиў етилди
Президент Шавкат Мирзиёев Конституция қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына қәдем қойған 615 шахсты әпиў етиў ҳаққындағы Пәрманға қол қойды.
👉 @Karakalpak24
照片不可用在 Telegram 中显示
❗️️Қысқы оқыўды көшириў: студентлерден арза қабыллаў 20-декабрьден басланады
Мәмлекетлик ЖОО арасында қысқы оқыўды көшириў 20-декабрьден басланады. Бул процесс тек еки түрдеги себеплер тийкарында әмелге асырылады.
🔹студент шаңарақ қурған жағдайда, өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы ЖООға оқыўын көшириў тилегинде болса;
🔹мәмлекетлик уйымлар хызметкериниң жумыс орны өзгергенде, оның өмирлик жолдасы ямаса ержетпеген перзенти оқыўын көширмекши болса (бул жағдайда тийисли министрлик/мәкеме басшысының усыныс хаты талап етиледи).
Арзалар 20-декабрьден 20-январьға шекем аймақлық жумысшы топарларға офлайн тәризде тапсырылады. Онлайн арза қабыл етилмейди, сайт арқалы толтырыў нәзерде тутылмаған.
👉 @Karakalpak24
01:23
视频不可用在 Telegram 中显示
🎤 Kim 100 million so‘m va “X-Faktor O‘zbekiston” unvoniga sazovor bo‘ladi?
🔥 Uchinchi jonli efir yaqinlashmoqda!
Sahna ortida hissiyotlar avjida, murabbiylar esa tobora jiddiyroq qarorlar qabul qilmoqda.
Loyihada endi atigi 8 nafar ishtirokchi qoldi — har bir chiqish taqdirni hal qilishi mumkin!
⭐ Sevimli ishtirokchingizni qo‘llab-quvvatlang!
Sizning ovozingiz — ularning kelajagini belgilaydi.
📅 7-dekabr
⏰ 19:00
📺 FTV telekanalida
#реклама
IMG_9527.MP47.34 MB
00:19
视频不可用在 Telegram 中显示
❄️ Қарақалпақстан Республикасы Гидрометеорология орайы Қарақалпақстан метеостанциясында ҳәзирги ўақытта қар жаўмақта.
👉 @Karakalpak24
video_2025-12-07_12-33-26.mp46.11 MB
☃️❄️ Қоңырат районындағы Қарақалпақстан посёлкасында жаўып атырған қар
📷 Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм ықлым өзгериўи комитети
👉 @Karakalpak24
照片不可用在 Telegram 中显示
️Өзбекстан сайланды командасы топар басқышында Мексика ҳәм АҚШтың еки қаласында ойнайды
Өзбекстан миллий сайланды командасының Жәҳән чемпионаты топар басқышы ойынларының сәнелери ҳәм ойнайтуғын стадионлары мәлим (АҚШ ўақты менен көрсетилген).
👉 @Karakalpak24
00:30
视频不可用在 Telegram 中显示
❗️ДЫҚҚАТ ХАБАРДЫРЫЎ!
Нөкис қаласы Қарақалпақстан көшесиндеги қағыйдабузарлықты анықлаўшы қурылмамыз тест режиминде ислеп турғанлығын мәлим етип билдиремиз.
👉 @Karakalpak24
Ремень камера бойынша 16 10 2025.mp416.46 MB
照片不可用在 Telegram 中显示
❗️Өзбекстанға суўық ҳәм ығал ҳаўа кирип келмекте
Өзгидромет мағлыўматына бола, 8-10-декабрь күнлери мәмлекет аймағына суўық ҳәм ығал ҳаўа массалары кирип келеди.
8-9-декабрьде бир қатар ўәлаятларда жаўын, таўлы ҳәм таў алды аймақларында жаўын-шашын-қар болып, айырым ўақытлары күшейиўи күтилмекте.
9-10-декабрьде арқада ҳәм шөл аймақларда самал күшейип, айырым жерлерде 20-22 м/с қа шекем жетиўи мүмкин.
👉 @Karakalpak24
01:49
视频不可用在 Telegram 中显示
❗️Телеграмда қәўипли схема пайда болды: "Даўыс бериў"ди бассаңыз - аккаунтыңызды жоғалтасыз
Тармақларда қәўипли сораўнама тарқалмақта: "Даўыс бериў" түймесин басыўыңыз бенен алдаўшылар сизиң Телеграм аккаунтыңызға кириў имканиятына ийе болады. Дәслеп ҳеш нәрсе сезилмейди, бирақ кейин ала аккаунт пүткиллей алдаўшылар қадағалаўына өтип кетеди.
Өзиңизди қорғаў ушын:
➖ гүманлы силтемелерге кирмең;
➖ актив қурылмаларды турақлы түрде тексерип турың;
➖ еки басқышлы аутентификацияны жағың.
👉 @Karakalpak24
TELEGRAM.mp425.26 MB
01:39
视频不可用在 Telegram 中显示
🎭 60 million so‘mni kim oladi?
Birinchi Maska allaqachon fosh etildi — izquvarlar tergovi esa endi qizigandan qizimoqda! 🔥
🕵️♂️ Bu hafta:
✨ Yangi Maskalar
✨ Yangi yordam ishoralari
✨ Izquvarlarning yangi taxminlari
Shanba kuni soat 19:00 da — O‘zbekistonning eng sirli va eng kutilayotgan shousi: “Maska. Original”!
📺 Faqat FTV telekanalida.
Tomosha qilishni unutmang!
#реклама
Anons_Maska_Ep-2.mp422.00 MB
照片不可用在 Telegram 中显示
Конституция күни мүнәсибети менен избе-из 3 күн дем алыс бериледи
🔹 6-декабрь (шемби) - 5 күнлик жумыс ислейтуғынлар ушын дем алыс күни, 6 күнлик жумыс ислейтуғын хызметкерлер ушын жумыс күни;
🔹 7-декабрь (екшемби) - дем алыс күни;
🔹 8-декабрь (дүйшемби) - Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни.
👉 @Karakalpak24
00:54
视频不可用在 Telegram 中显示
❗️ЖПХ хызметкери жасырын усылда хызмет алып барыў қадаған етиледи
Жол-патрул хызмети хызметкерлериниң жол ҳәрекети қатнасыўшылары менен өз-ара қатнасықлары ҳәм арнаўлы үскенелерден пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы нызамға муўапық:
➖ транспорт тоқтатылғанда айдаўшы ЖПХ хызметкери тоқтатылған аймақта дислокацияға тийкарланып хызмет өтип атырғанлығын тастыйықлаўшы дислокацияның көширмеси менен танысыўы мүмкин;
➖ ЖПХ хызметкери тәрепинен өзиниң дислокациясынан тысқарыда рәсмийлестирилген баянламалар юридикалық күшке ийе болмайды;
➖ ЖПХ хызметкери транспортты ҳәм жүклерди көзден өткериў, транспортты қуўдалаў ямаса бақлаў ҳуқықына ийе. Бунда жол ҳәрекети қатнасыўшыларының өмири ҳәм денсаўлығы ушын қәўипли ҳәрекетлер исленбеўи керек;
➖ ЖПХ хызметкери өз хызмет ўазыйпаларын белгиленген эпикровкада ашық усылда әмелге асырады ҳәм хызметти жасырын алып барыў қадаған етиледи.
👉 @Karakalpak24
6.62 MB
照片不可用在 Telegram 中显示
Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады
Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады. Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги хабар берди.Ҳүкиметтиң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарарына муўапық, 2025-2026-оқыў жылында улыўма орта билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден (баслаўыш 1-4-классларда 27-декабрь – шемби күнинен) басланады. Дем алыс 2026-жыл 10-январьға шекем (14 календарь күн) даўам етеди. 2026-жыл 11-январь екшемби дем алыс күнине туўры келиўи себепли, III шерек сабақлары 2026-жыл 12-январьдан басланады. Еслетип өтемиз, гүзги дем алыс 10-ноябрь күни жуўмақланған еди. Қарақалпақстан хабар агентлиги 👉 @Karakalpak24
照片不可用在 Telegram 中显示
️Өзбекстан ЖЧ-2026да Португалия ҳәм Колумбияға қарсы майданға түседи
Вашингтонда өткен шек таслаў нәтийжесине бола, Өзбекстан сайланды командасы "К" топарынан орын алды.
Ойынлар календарьы төмендегише:
➖ 17-июнь. Өзбекстан - Колумбия
➖ 23-июнь. Португалия - Өзбекстан
👉 @Karakalpak24
照片不可用在 Telegram 中显示
❗️️Студент ҳәм оқыўшылар ушын қысқы дем алыс басланыў сәнеси мәлим болды
Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң буйрығына муўапық, жоқары, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери және академиялық лицейлерде қысқы дем алыс мүддети тастыйықланды.
Дем алыс 2025-жыл 28-декабрьден басланады, 2026-жыл 10-январьға шекем даўам етеди (усы күни де).
👉 @Karakalpak24
照片不可用在 Telegram 中显示
ГРИПТЕН АБАЙЛЫ БОЛЫҢ!!!
Грипп тийкарынан ҳаўа тамшы жолы менен жуғады ҳәм иммунитети төмен, созылмалы кеселликлер менен кеселленген, кексе жастағы, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм балаларда аўыррақ кешиўи гүзетиледи.
Егер кеселликтиң дәслепки белгилери сезилсе дәрҳал шыпакерге мүрәжәт етип, өз ўақтында емленсе аўыр асқыныўлардың алды алынады. Грипп пенен кеселленгенде өз ўақтында емленбеў яки кеселликти аяқта өткериў аўыр ақибетлерге алып келиўи мүмкин.
Кеселликтен сакланыў ушын болса гүздиң салқын күнлеринде ҳаўа райына сай кийиниў, физикалық шынығыўлар ислеў, хананы таза ҳаўа менен самаллатып турыў, иммун системасын беккемлеп дурыс ҳәм витаминлерге бай болған азық-аўқатларды пайдаланыў әсиресе карантин қағыйдаларына бойсынып адамлар көп жыйналатуғын жерлерге бармай яки барыў зәрүр болғанда жуз нықапларынан ҳәм қол қаплардан пайдаланыў, уйге келгенде болса қолларды әлбетте сабынлап жуўыў керек. Айтып өтиў керек грипп ҳәм басқа да бир қатар жуқпалы кеселликлердиң алдын алыўда медицина, улыўма билим бериў, мектепке шекемги билим бериў мәкемелеринде кең көлемде түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Қалаберсе, билим бериў мәкемелерине, емлеў профилактикалық мәкемелерине бул кеселлик қәўипинен сақланыў бойынша көрсетпелер, қолланбалар ҳәм плакатлар тарқатылмақта. Сондай-ақ, грипке қарсы шаншыў илажлары да өткерилмекте.👉 @Karakalpak24
照片不可用在 Telegram 中显示
Украина халқы 42 миллионнан 36 миллионға шекем азайды
"Reuters" агентлиги Украина Миллий илимлер академиясы мағлыўматларына сүйенип, мәмлекет халқы урыс басланған 2022-жылдағы 42 миллион адамнан бүгинги күнде шама менен 36 миллионға шекем қысқарғанын мәлим етти.
👉 @Karakalpak24
照片不可用在 Telegram 中显示
❗️Өзбекстанда 8-декабрьден ҳаўа райы суўытыўы күтилмекте
Усы жылдың 8-10-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына ығал ҳәм суўық ҳаўа массалары кирип келеди. Республика бойлап жаўын жаўады, орайлық аймақларда ҳаўаның температурасы түнде -2...-5 дәрежеге шекем, күндиз +3...+6 дәрежеге шекем төменлейди.
👉 @Karakalpak24
照片不可用在 Telegram 中显示
7 декабрь | Якшанба | Нукус шахрида
Шифокор — Ревматолог
Раҳмонов Достон Норбекович
қабуллари Реацентр Нукус клиникасида булиб утади
Агар сизда қуйидагилар кузатилса:
✅ Ревматоид артрит
✅ Полиартрит
✅ Суяк емирилиши (остеопороз)
✅ Тизза ва сон бўғими артрози (гоноартроз, коксоартроз)
✅ Системали қизил бурича (красная волчанка)
✅ Склеродермия
✅ Васкулит
ёки бўғимларда
— доимий оғриқ
—шиш
—эрталабки қотиш
—ҳаракатда чекланиш
бор бўлса — албатта қабулга ёзилинг‼️
☎️ Рўйхатдан ўтиш ва қабул учун:
📞 +998 94 485 63 62
https://t.me/RaxmonovRevmatolog
#реклама
照片不可用在 Telegram 中显示
Конституция күни мүнәсибети менен 3 күн дем алыс белгиленди
🔹 6-декабрь (шемби) - 5 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын дем алыс күни, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын жумыс күни;
🔹 7-декабрь (екшемби) - дем алыс күни;
🔹 8-декабрь (дүйшемби) - Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни.
👉 @Karakalpak24
