en
Feedback
Каракалпак 24

Каракалпак 24

Open in Telegram

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama

Show more
2025 year in numberssnowflakes fon
card fon
101 225
Subscribers
-8024 hours
-3127 days
-1 94130 days
Posts Archive
01:11
Video unavailableShow in Telegram
Бүгин Шавкат Мирзиёев Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжат жоллайды Мүрәжат мәмлекеттиң жақын келешектеги раўажланыўының тийкарғы бағдарларын белгилеп береди. Тиккелей эфир “O‘zbekiston 24”, “O‘zbekiston”, “Yoshlar”, “Mahalla”, “Madaniyat va ma’rifat”, “Toshkent”, “Dunyo bo‘ylab”, “O‘zbekiston tarixi”, сондай-ақ “MY5”, “Sevimli”, “Uzreport TV”, “Milliy TV”, “Zor TV” телеканалларында көрсетиледи. 👉 @Karakalpak24
Show all...
IMG_0265.MP46.22 MB
01:49
Video unavailableShow in Telegram
❗️Телеграмда қәўипли схема пайда болды: "Даўыс бериў"ди бассаңыз - аккаунтыңызды жоғалтасыз Тармақларда қәўипли сораўнама тарқалмақта: "Даўыс бериў" түймесин басыўыңыз бенен алдаўшылар сизиң Телеграм аккаунтыңызға кириў имканиятына ийе болады. Дәслеп ҳеш нәрсе сезилмейди, бирақ кейин ала аккаунт пүткиллей алдаўшылар қадағалаўына өтип кетеди. Өзиңизди қорғаў ушын: ➖ гүманлы силтемелерге кирмең; ➖ актив қурылмаларды турақлы түрде тексерип турың; ➖ еки басқышлы аутентификацияны жағың. 👉 @Karakalpak24
Show all...
TELEGRAM.mp425.26 MB
Photo unavailableShow in Telegram
🚗 Техникалық көрик мүддети өткен ямаса газ баллоны дизимнен өтпеген автомобиллерге газ берилмейди Газ қуйыў шақапшаларында қәўипсизлик ҳәм есап-санақлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде «UGaz» мәлимлеме системасы иске қосылды. ✅ Система қалай ислейди? — Барлық процесслер газ қуйыў шақапшаларында реал ўақыт режиминде жазып алынады; — Автомашина шақапшаға киргенде техникалық көриктен өткен-өтпегенлиги автоматикалық түрде тексериледи; — Егер техникалық көрик мүддети өткен болса, операторға дәрҳал хабар жибериледи; — Техникалық көриктен өтпеген автомобильлерге газ қуйылмайды. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
🚐JAC М3 энди қўшимча тўловларсиз кредитга берилади! "JAC Motors Тошкент" МЧЖ ҚК етакчи банклар билан биргаликда жисмоний шахслар учун кенг ва ишончли ЖАC М3 автомобилини энг қулай шартларда харид қилиш учун ноёб имконият тақдим этади. ✨ JAC М3 - сизнинг мукаммал ҳамроҳингиз: - 9 ўриндиқлик - Катта оилалар, сайёҳлик гуруҳлари ва тижорат транспорти учун ажойиб танлов - Қулайлик, ишончлилик ва пухта ўйланган салон 💳Мослашувчан кредитлаш ва муддатли тўлов шартлари: - Бошланғич тўлов 25% дан бошлаб - Кредит муддати - 6 ойдан 60 ойгача - Пеня ва жарималарсиз - Муайян тўлов ва муддатда ноль фоиз ставкаси билан махсус таклифлар! Ҳамкор банклар: APEX BANK ва OFB BANK 🔥 Ўзингизга қулай банк ва шартларни танланг, JAC М3 ни бугуноқ харид қилинг ва ортиқча тўловларсиз қулайликдан баҳраманд бўлинг! Cайт: jacmotors.uz Instagram: jacmotorstoshkent Телефон: +998555117770
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Қысқы дем алыс мүнәсибети менен қосымша поезд қатнаўы жолға қойылды Қысқы дем алыс дәўиринде жолаўшылардың темир жол транспорты қатнаўларына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде 2025-жыл 26-декабрьден 2026-жыл 12-январьға шекем бир қатар жөнелислерде қосымша поезд қатнаўлары шөлкемлестириледи ҳәм вагонлар саны арттырылады: "Ташкент–Қоңырат–Ташкент" жөнелислеринде ҳәрекетленетуғын поездларға 2026-жыл 12-январьға шекем ҳәр күни 8 вагоннан қосымша қосылады. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Газ өшип қалса, есаплағышты қандай блоктан шығарыў мүмкин? "Ақыллы" газ есаплағышларға өтилгеннен соң, есапта пул таўсылыўы менен газ өшип қалады ҳәм сол ўақытта счётчик блокқа да түседи. Пул төлеп, есаплағышты блоктан шығарыў қыйын емес, тек ғана дыққат талап ететуғын жумыс. Мине усындай жағдайларда қандай ҳәрекет етиў зәрүрлиги бойынша қолланба. 👉 @Karakalpak24
Show all...
00:15
Video unavailableShow in Telegram
Yillar, odamlar va rollar o‘zgaradi. Ammo eng muhimi qoladi: oilaviy retseptlar, umumiy dasturxon va bolalikdan tanish bo‘lgan ta’m. «Maselko» mayonezi – avloddan avlodga o‘tib kelayotgan yangi yil an’analarining bir qismi. Bu yil ham dasturxon atrofida iliqlik, qulaylik va chinakam uy muhiti bo‘lsin ✨ Maselko – butun oila uchun. An’analar Maselko bilan yanada mazali. maselko.uz
Show all...
maselko_10s_new year_uz_2v 2_2.mp419.09 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Газ өшип қалса, есаплағышты қандай блоктан шығарыў мүмкин? "Ақыллы" газ есаплағышларға өтилгеннен соң, есапта пул таўсылыўы менен газ өшип қалады ҳәм сол ўақытта счётчик блокқа да түседи. Пул төлеп, есаплағышты блоктан шығарыў қыйын емес, тек ғана дыққат талап ететуғын жумыс. Мине усындай жағдайларда қандай ҳәрекет етиў зәрүрлиги бойынша қолланба. 👉 @Karakalpak24
Show all...
00:18
Video unavailableShow in Telegram
Нөкисли пуқараның бармағынан жүзик шықпай қалды Нөкис қаласы "Шымбай шайхана" МПЖда жасаўшы пуқараның бармағын жүзик қысып қалған. Мәлим болыўынша Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкерлери тәрепинен пуқараның бармағынан жүзик шығарып алынған. 👉 @Karakalpak24
Show all...
fvv.mp411.61 MB
Photo unavailableShow in Telegram
2026-жылғы дем алыс күнлери жәрияланды ➖ 2026-жылғы Жаңа жылда 5 күн; ➖ 8-март байрамында 3 күн; ➖ Наўрыз байрамында 3 күн; ➖ Рамазан ҳайыты байрамында 3 күн; ➖ 9-майда 3 күн; ➖ Қурбан ҳайытында (май айының ақыры) 4 күн; ➖ Ғәрезсизлик байрамында 4 күн. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Думан түскенде төмендеги усынысларға әмел етиң!
️Ең баслысы аралығы қысқарған ўақытта автомобилде сапарға шығып кетпең. ️Зәрүр жағдайларда болса автомобилиниздиң техникалық саз екенлигине исеним пайда етиң. Автомобилдиң жолда тосаттан өшип қалыўы, кеўилсизликке себеп болыўы мүмкин. ️Жолда әлбетте думанға қарсы шырақларды жағып алың. ️Өте қалын думан түскен, көриў аралығы қысқарган ўақытта қәўип-қәтер жарықларын, яғный (аварийние) жағың. ️Тезликти автомобиллер ағымын есапқа алған ҳалда пәсейтиң. ️Думанда ҳеш қашан басқа транспорт қуралларын қуўып өтпекши болмаң, қарсыңыздан киятырған автомобильди көрмей қалыўыңыз мүмкин. ️Ҳәрекет ўақтында жол сызықлары ҳәм белгилерине әмел етиң. ️Егер думанда ҳәрекетти даўам еттириўге исенимсиз болсаңыз, қәўипсиз орынды таңлап, автомобильди тоқтатың! ️Ҳүрметли пуқаралар ең дурыс таңлаў — думанлы ҳаўада жолға шықпаў.
👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
️Жаңа жылда избе-из 5 күн дем алыс бериледи Президент пәрманына бола, 2026-жылдың басында 31-декабрьден 4-январьға шекем избе-из 5 күн дем алыс белгиленди. 🔹31-декабрь - қосымша дем алыс күни; 🔹1-январь - Жаңа жыл байрамы; 🔹2-январь - қосымша дем алыс күни; 🔹3-январь (шемби) - 5 жумыс күнинде ислеўшилер ушын әдеттеги дем алыс күни, 6 жумыс күнинде ислеўшилер ушын қосымша дем алыс күни; 🔹4-январь (екшемби) - барлық хызметкерлер ушын әдеттеги дем алыс күни. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Қысқы дем алыс мүнәсибети менен қосымша поезд қатнаўы жолға қойылды Қысқы дем алыс дәўиринде жолаўшылардың темир жол транспорты қатнаўларына болған талабын қанаатландырыў мақсетинде 2025-жыл 26-декабрьден 2026-жыл 12-январьға шекем бир қатар жөнелислерде қосымша поезд қатнаўлары шөлкемлестириледи ҳәм вагонлар саны арттырылады: "Ташкент–Қоңырат–Ташкент" жөнелислеринде ҳәрекетленетуғын поездларға 2026-жыл 12-январьға шекем ҳәр күни 8 вагоннан қосымша қосылады. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
🚨 Ҳәзирги ўақытта жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғанлық ушын жәриймалар муғдары: ➖ Ремени тақпаў – 206 000 сум; ➖ Техник көриксиз, медициналық топламысыз ҳәрекетлениў – 206 000 сум; ➖ Ҳүжжетсиз айдаў – 412 000 сум; ➖ Қамсызландырыў ҳүжжетисиз транспорт басқарыў – 412 000 сум; ➖ Қызыл шырақта өтиў – 824 000 сум; ➖ Нызамсыз парковка – 824 000 сўм; ️➖ Мәмлекетлик номерсиз автотранспорт басқарыў – 1 854 000 сум; ➖ Тезликти +20 км/сааттан асырыў – 412 000 сум; ➖ Тезликти +20-40 км/сааттан асырыў – 1 854 000 сум; ➖ Тезликти 40 км/сааттан артық асырыў – 3 378 400 сўм; ️➖ Қарама-қарсы жолда ҳәрекетлениў – 3 749 200 сўм; ️➖ Мәс ҳалда транспорт басқарыў – 9 377 000 сум + 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырыў; ➖ Рухсатсыз кузовқа рең бериў (плёнка) – 9 377 000 сўм. Дерек: Нызамшылық 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
❓Автомобилди ийесинен басқа шахс басқарғанда жәрийма баллары кимге жазылады?
Усы жылы 1-апрельден радарлар да жәрийма балларын жаза баслайды. Онда, өзине тийисли автомобилди басқарыў ушын басқа шахсқа берген мүлк ийелери онлайн тәризде жеке кабинет ашып, автомобилди кимге тапсырып атырғанын көрсетиўи, сол шахс болса автомобилди басқарыў ушын қабыл етип алғанын тастыйықлаўы керек.
➖ Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, жәрийма баллары транспорт қуралының ийеси есабына жазылады (оның айдаўшылық гүўалығы болған жағдайда). ➖ Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, сондай-ақ, транспорт қуралының ийесинде айдаўшылық гүўалығы болмаса, бундай транспорт қуралларында исленген қағыйдабузарлықлар ушын есапланатуғын жәрийма балларының жыйындысы 12 баллдан артқанда, жәрийма майданшасына жайластырыў арқалы ўақтынша иркип турылады. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Балық майының пайдалары Жүрек искерлигин жақсылайды. Адам балықты қаншелли тез-тез жеп турса, жүрек кеселлениў қәўипи соншелли азаяды. Психик саламатлықты тәмийинлейди. Мий 60% майдан ибарат, оның көп бөлеги омега-3 тен қуралған. Усының себебинен, илимпазлар омега-3 кислоталары күлрең заттың (мий бөлими) нормал ислеўи ушын зәрүр екенлигин айтып өтеди. Азыўға жәрдем береди. Балық майы қосымшалары ҳәптеде үш рет 45 минут даўамында шынығыў ислеў менен тең ҳәм ол азыўға жәрдем береди. Тери жағдайын жақсылайды. Омега-3 май кислоталары епидермистиң затлар алмасыўында актив қатнасады. Организмде жеткиликли болмаса, териниң ызғаллығы жоғалады, тазаланады, тынышсызланыў ҳәм микробларды жуқтырыўға бейим болады. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
✅ "xazna"дан ЭКСКЛЮЗИВ яңалык: онлайн автокредит! Энди автомобил хариди үшін бозорға баруңиз яки автокредит рәсмийләштүрү үшін банкта навбат күтишіңіз шарт емес — бир гана "xazna" арқалы 15 минут ішінде машиналиқ боласыз!
Чүнки "xazna" Өзбекстандағы бірінші автомобил маркетплейси — UrbanDrive мен хамкорлықта онлайн автокредитти йўлға қойды. Хамкорлық дәуіринде сиз нафақат кредит рәсмийләштүрүвиңиз, илова ішінде машина тандап алуыңыз да мүмкин.
👇 Яңы имкан арқалы: 🔸 Вақтыңизни тежейсиз; 🔸 Артықча оворагарчилик вә югур-югурлардан қутуласиз; 🔸 Замонавий, тез вә ишончил онлайн автокредиттен пайдалынасиз. 📌 “xazna” – чоң харидлар үшін ишончил молиявий чечим. 📲 Илованы юкләп олиң: Play Market / AppStore
Show all...
Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Гимни қабыл етилгенине 32 жыл толды 1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XIV сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик Гимни ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди. Барлық ўатанласларымызды Мәмлекетлик Гимн қабыл етилген күн менен қутлықлаймыз! Байрам мүбәрек! Гимн сөзи: Ибрайым Юсупов; Намасы: Нәжиматдин Муҳаммеддинов. 👉 @Karakalpak24
Show all...
Arabian.mp32.14 MB
Photo unavailableShow in Telegram
"xazna"дан ЭКСКЛЮЗИВ янгилик: онлайн автокредит! Энди автомобил хариди учун бозорга боришингиз ёки автокредит расмийлаштириш учун банкда навбат кутишингиз шарт эмас — биргина "xazna" орқали 15 дақиқа ичида машиналик бўласиз!
Чунки "xazna" Ўзбекистондаги биринчи автомобил маркетплейси — UrbanDrive билан ҳамкорликда онлайн автокредитни йўлга қўйди. Ҳамкорлик доирасида сиз нафақат кредит расмийлаштиришингиз, илова ичида машина танлашингиз ҳам мумкин.
👇 Янги имконият орқали: 🔸 Вақтингизни тежайсиз; 🔸 Ортиқча оворагарчилик ва югур-югурлардан қутуласиз; 🔸 Замонавий, тез ва ишончли онлайн автокредитдан фойдаланасиз. 📌 “xazna” – катта харидлар учун ишончли молиявий ечим. 📲 Иловани юклаб олинг: Play Market / AppStore
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️️2026-жылдан мәжбүрий автосуғурта тарифлери ҳәм компенсация пулы асады
2026-жылдан мәжбүрий автосуғурта бойынша минимал кепилленген компенсация пулы 40 млн сумнан 80 млн сумға арттырылады. Бул - ЖТҲда айдаўшы ямаса жолаўшыға жеткерилген зыян ушын қамсызландырыў компаниясы төлейтуғын ең аз муғдар.
1-январьдан әмел ететуғын жаңа тарифлер:Женил автомобиллер: ➖ Аймақларда: 160 000 сўм; ➖ Ташкент қаласы ҳәм ўәлаяты: 192 000 сум; ➖ ️Сырт ел номерли (ўақтынша киргизилген): 320 000 сум. ✅ Жүк автомобиллери: ➖ Аймақларда: 280 000 сум (48 000 → 280 000); ➖ Ташкент қаласы/ўәлаяты: 336 000 сум (67 200 → 336 000); ➖ ️Шет ел номери: 560 000 сўм. ✅ ЖТҲне себепши болған айдаўшылар ушын тарифлер асырылады: ➖ 1 ҳәдийсе: 208 000 - 249 600 сўм; ➖ 2 ҳәдийсе: 320 000 - 384 000 сум; ➖ 3 ҳәм оннан артық: 480 000 - 576 000 сум. 👉 @Karakalpak24
Show all...