Каракалпак 24
Open in Telegram
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
Show more2025 year in numbers

101 188
Subscribers
-8524 hours
-3487 days
-1 91030 days
Posts Archive
01:25
Video unavailableShow in Telegram
❗️«Пулыңызды көбейтип бериўшилер»ге исенбең!
Ақырғы ўақытларда пулыңызды көбейтип беремиз деп адамлардың исенимине кирип, пулларын өзлестирип алыўшылар көбейип кетти.
👉 @Karakalpak24
IMG_8433.MP47.29 MB
Photo unavailableShow in Telegram
✅ Билип қойған жақсы
❓️Электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ыссы суў есаплағышларында насазлық анықланса, оларды оңлаў ямаса жаңасына алмастырыўға байланыслы қәрежетлер кимлердиң есабынан қапланады?
❗️️Ҳүкиметтиң 698-санлы қарары менен электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик ҳәм ыссы суў есаплағышларын оңлаў ямаса жаңасына алмастырыў қәрежетлери тийислисинше аймақлық электр тармақлары кәрханалары, газ тәмийнаты шөлкемлери, суў тәмийнаты ямаса аймақлық ыссылық тәмийнаты кәрханаларының қаржылары есабынан толық қапланады.
☎️ Есаплағышлар ушын артықша қаржы өндириў сыяқлы жагдайларда 1008 ҳәм 1148 исеним телефон номерлерине қоңыраў етиң.
️👉 @Karakalpak24
00:32
Video unavailableShow in Telegram
🥰Хешқандай басланғыш төлемсиз натяжной потолок қурдырың
✅10 мыңнан аслап клиентлердиң кеўлинен шыға алған Квадрат натяжной потолок жоқары сападағы натяжной потолокларын усынады.
Барлық аймақларға өлшеў, қурыў бийпул. Мыңнан аслам ассартимент сиздиң үйиңизге еледе көрк қосады
💸Басланғыш бир тыйын төлемей UZUM хәм ALIF NASIYA арқалы бөлип төлесеңиз болады.
Буннан тысқары халал өзара келисим арқалы бөлип төлеў иманияты да бар
😇Толық мағлыумат ушын 97 505-00-44 номерлерине байланысың
IMG_3965.MP424.03 MB
Photo unavailableShow in Telegram
"HUMANS" байланыс операторы суд тәрепинен рәсмий банкрот деп табылды
Егер сизде де Humans байланыс ноемерелри номери болса тезлик пенен оны басқа компанияға алмастырып алың.
"+99833" яғный Humans номер пайдаланатуғын танысларға тезден жиберип қоямыз.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
😱 Өзиниң пышығы тислеген ҳаял қайтыс болды
Қазақстанның Қостанай ўәлаяты, Лисаковск қаласындағы жергиликли емлеўханаға аўыр жағдайдағы ҳаял келип түсти. Кеселлик белгилери де қорқынышлы. денеси қалтырап, суў ише алмайды, дене температурасы көтерилген. Оның кеселлиги шыпакерлерге бирден түсиникли болды. Ҳаял "қутырыў" кеселлигине шалынған. Бирақ, наўқасты қутқарыў имканияты болмаған. Себеби, емлеўханаға жүдә кеш келген. Нәтийжеде, наўқас ҳаял қайтыс болды.
Марҳумның айтыўынша, май айында пышығының минези кескин өзгерип, қолын тислеп алған. Бир неше ҳәптеден кейин денсаўлығы төменлей баслағанына қарамастан, ҳаял емлеўханаға мүрәжат етпеген. Бирақ, жағдайы аўырласқанынан кейин мүрәжат еткен болса да, кеш болған.
Үй пышығының қутырыўы сийрек ушырасады. Демек, пышығы далаға шығып жүретуғын болған. Нәтийжеде, кесел ҳайўан менен соқлығысып, усы кеселликке шатылған.
️Қутырыў жүдә аўыр кеселлик. Егер асқынып кетсе оны емлениў мүмкин емес.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Мәс ҳалда автомашина басқарғанлық ушын жаза күшейтилди
Бурын мәс ҳалда автомашина басқарғаны ушын:
➖ 1 жыл 6 айдан 3 жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырылып,
➖ 25 есе муғдарында жәрийма белгиленген еди.
➖ Ҳәзир болса — 3 жыл мүддетке автомобильди басқарыў ҳуқықынан айырылып, ️базалық есаплаў муғдарының 40 есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
InfinBANK'dan YILLIK 0% dan 18,5% gacha avtokredit!
InfinBANK va UzAuto Motors hamkorligida yangi Chevrolet Captiva avtomobilini xarid qilish uchun qulay imkoniyat yaratildi! Maxsus avtokredit shartlari bilan o‘z mashinangizga egalik qiling.
✅ Yillik foiz stavkasi 0% dan boshlanadi! (Maksimal 18,5% gacha)
✅ Kredit muddati: 10 oydan 5 yilgacha.
✅ Boshlang'ich to'lov: Sizga qulay variantni tanlang! To'lov miqdori foiz stavkasiga ta'sir qiladi.
Batafsil ma'lumot olish uchun:
📞 1214
InfinBANK rasmiy sayti
Photo unavailableShow in Telegram
❗️️Жағдай бойынша оператив тексериў жумыслары басланған ─ Орайлық банк
Бүгин каналымызда инсанлардың разылығысыз пластик картадан «PL Humans P2P H2H» деген ат пенен пул шешип алынып атырғаны ҳаққында хабар берген едик.
Орайлық банктың мәлим етиўинше, барлық гүманлы транзакциялар, техникалық процесслер ҳәм платформалар арасындағы әмелий бирге ислесиў толық үйренилмекте.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстанның төрт районында туризм комплексин шөлкемлестириў ушын субсидия ажыратылады
Қарақалпақстан Республикасының Әмиўдәрья, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Елликқала районларында зиплайн хызметлери ҳәм канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплекси шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте.
Қарар менен:
– таўлы ҳәм шөл аймақларында улыўма аралығы 200 метрден кем болмаған зиплайн экстремал туризм комплексин шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 100 миллион сум;
– таўлы ҳәм шөл аймақларында 150 кв метрден кем болмаған канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплексин шөлкемлестириў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын 80 миллион сум муғдарында бир мәртелик субсидия ажыратылады.
Таўлы ҳәм шөл аймақларында зиплайн ҳәм канатлы парк (тайпарк) экстремал туризм комплексин шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлерине ажыратылатуғын субсидия Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитетиниң Туризмди қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан қаржыландырылады.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️️Күшли магнит бораны күтилмекте
Ертең 7 баллық тойгын қызыл дәрежедеги магнит бораны бақланыўы мүмкин.
Көтерилислер сәршемби күни де даўам етиўи күтилмекте.
Әдетте бундай белсендилик ўақтында байланыс, навигация ҳәм электр системаларында қысқа мүддетли өзгерислер бақланыўы мүмкин.
Бундай боранлар инсан организмине тәсир етиўи мүмкин. Айырымларда бас аўырыўы, уйқысызлық, асабийласыў ямаса ҳәлсизлик бақланыўы мүмкин.
Бул дәўирде көбирек суў ишиў, артықша стресстен сақланыў ҳәм толық дем алыў усыныс етиледи.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Әзиз Ўатанласлар!
Қәдирли дослар!
Гүллән халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәнелердиң бири болған Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қызғын қутлықлаймыз.
Өзбекстан Республикасының Конституциясы бас нызамымыз болып, мәмлекетимизде нызам үстемлигин тәмийнлеўде ең тийкарғы ҳуқықый ҳүжжет есапланады. Конституция қабыл етилген байрам сәнеси быйыл ҳәр жылғыдан да көтериңки руўхта белгиленбекте.
Әзиз дослар!
Бәршеңизди және бир мәрте Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген байрам сәнеси менен қызғын кутлықлаймыз.
Шаңарақларыңызға аманлық тилей отырып, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!
Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Штаты қысқарыўы себепли жумыстан босап атырған хызметкер еки айлық компенсациядан тысқары жумыс орнынан және бир орташа айлығын алыўы мүмкин
Мийнет кодексиниң 161-статьясына бола, жумыс бериўши хызметкерди штат қысқарыўы себепли жумыстан босатыў ҳуқықына ийе.
Хызметкердиң жумыстан босатылыўы ҳаққында жумыс бериўши оны кеминде еки ай алдын ескертеди.
Бунда жумыс бериўши усы еки айлық мүддетти күтип отырмастан хызметкерди сол күнниң өзинде жумыстан босатып, оған еки айлық орташа ис ҳақысын бериў ҳуқықына ийе.
Кодекстиң 100-статьясына тийкар, хызметкер жумыстан босағаннан кейин 30 календарь күн ишинде бәнтликке көмеклесиў орайында жумыс излеўши ретинде дизимнен өтсе, ол пуқара алдынғы жумыс орнынан және бир орташа айлығын алыўға ҳақылы.
👉 @Karakalpak24
01:57
Video unavailableShow in Telegram
"Аллаяр монологы: 8-декабрь - Аллаяр Досназаровтың дүньядан өткен күни
Бүгин 8-декабрь уллы бабамыз, халқымыз перзенти, сиясый ғайраткер Аллаяр Досназаровтың дүньядан өткен күни. Ол бүгин Россияның Кемь қаласында атып өлтирилген.
"Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим!"
Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.
Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.
Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топырақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!
Шайыр Халила Дәўлетназаров қәлемине тийисли қосық қатарлары Аллаяр бабамызға бағышланады.
👉 @Karakalpak24
13.45 MB
Photo unavailableShow in Telegram
🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:
🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 271 000 сўм;
🔹базалық есаплаў муғдары – 412 000 сўм;
🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 471 000 сўм;
🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 918 000 сўм;
🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 1 012 000 сўм;
🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 1 012 000 сўм;
🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (918 000 сўм)нан 1 012 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 1 012 000 сўм.
🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 820 000 сўм;
🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 820 000 сўм.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
8-декабрь — Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн
Өзбекстан Республикасы Конституциясы 6 бөлим, 27 бап, 155 статьядан ибарат.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 33 жыллығы менен барлық ўатанласларымызды қутлықлаймыз!
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Хош хабар
Қудық сынақларынан соң санаат көлеминде нәтийже: Мойнақ кәнинен газ тармаққа узатылмақта
Мойнақ кәни 2-санлы излеў бурғылаў қудығынан бурғылаў жумысларынан кейин санаат көлеминде тәбийғый газ ағысы алынды. Бул қудық Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районы Үшсай көли аймағында жайласқан. Қудықты бураўлаў жумыслары "Ўзбекнефтгаз" АЖ тәрепинен орынланды. Қудықта излеў бураўлаў жумыслары 2025-жыл 31-август сәнесинде басланған ҳәм 2025-жыл 24-ноябрьде жуўмақланған.
2025-жыл 1-декабрь күни бул қудықты өнимдарлыққа сынаў жумыслары нәтийжесинде қудықтан санаат көлеминде тәбийғый газ ағымы алынды. Нефть ҳәм газ кәнлерин пайдаланыў қағыйдасына тийкар бурғылаў жумысларынан кейин қудықтан тәбийий газ ағымы алынса, қудық тазалаў ушын ашық ҳаўада жағып қойылады, кейин қудық бурғылаў еритпеси жәрдеминде сөндириледи ҳәм қудықтан бурғылаў минарасы демонтажланып, қудық үсти бөлими арнаўлы трубалар менен үскенеленеди ҳәм иске түсириледи.
2025-жыл 07-декабрь сәнесинде Мойнақ 2-санлы қудығы қудықтан тәбийғый газ ағысы алынғаннан кейин қудық гази қудықты тазалаў мақсетинде ашық ҳаўаға жағылды ҳәм қудықтан бурғылаў минарасы демонтаж қылынып ҳәмде қудық үсти бөлими зәрүрли үскенелер менен үскенеленип қудық ислетиўге түсирилди. Қудықтан қазып алынып атырған тәбийғый газ ҳәзирги ўақытта "Ўзтрансгаз" АЖ қубыры системасына узатылмақта. Қудықты бурғыллаў ҳәм сынаў жумысларын орынлаў процесинде ҳеш қандай авария ямаса насазлық жағдайы бақланбады.
Мойнақ районы ҳәкимлиги Баспасөз хызмети
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❓Бала ҳәдден тыс шоқ болса, не ислеў керек?
Балалардың ҳәдден тыс шоқ, гиперактив болыўы бул кеселлик емес, ал минез-қулық қәсийети болып есапланады. Себеби балалар жаслығында жүдә қызығыўшаң, ҳәрекешең ҳәм белсенди болады.
Бундай ўақытта ата-аналар, тәрбияшылар ҳәм оқытыўшылар олардың тәрбиясына дурыс қатнас жасаўы керек. Бундай балалар бир ўақыттың өзинде түрли шынығыўларды орынлайды: топ ойнайды, орынлап атырған жумысыңызға кесент береди, арман-берман жуўырады, бирақ ҳеш қашан бир орында ҳәрекетсиз турмайды.
️Бундай балалар тәлим процесине кесент бермейди. Тек ғана аудитория орталығына тәсир өткериўи мүмкин.
Аса ҳәрекетшеңликти халық медицинасы менен емлеп болмайды. Бундай ўақытта ҳәр бир баланың индивидуал өзгешелигинен келип шығып, психолог мәсләҳәтлери тийкарында түрли илажлар қолланыў мүмкин.
️👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
️615 шахс әпиў етилди
Президент Шавкат Мирзиёев Конституция қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына қәдем қойған 615 шахсты әпиў етиў ҳаққындағы Пәрманға қол қойды.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️️Қысқы оқыўды көшириў: студентлерден арза қабыллаў 20-декабрьден басланады
Мәмлекетлик ЖОО арасында қысқы оқыўды көшириў 20-декабрьден басланады. Бул процесс тек еки түрдеги себеплер тийкарында әмелге асырылады.
🔹студент шаңарақ қурған жағдайда, өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы ЖООға оқыўын көшириў тилегинде болса;
🔹мәмлекетлик уйымлар хызметкериниң жумыс орны өзгергенде, оның өмирлик жолдасы ямаса ержетпеген перзенти оқыўын көширмекши болса (бул жағдайда тийисли министрлик/мәкеме басшысының усыныс хаты талап етиледи).
Арзалар 20-декабрьден 20-январьға шекем аймақлық жумысшы топарларға офлайн тәризде тапсырылады. Онлайн арза қабыл етилмейди, сайт арқалы толтырыў нәзерде тутылмаған.
👉 @Karakalpak24
01:23
Video unavailableShow in Telegram
🎤 Kim 100 million so‘m va “X-Faktor O‘zbekiston” unvoniga sazovor bo‘ladi?
🔥 Uchinchi jonli efir yaqinlashmoqda!
Sahna ortida hissiyotlar avjida, murabbiylar esa tobora jiddiyroq qarorlar qabul qilmoqda.
Loyihada endi atigi 8 nafar ishtirokchi qoldi — har bir chiqish taqdirni hal qilishi mumkin!
⭐ Sevimli ishtirokchingizni qo‘llab-quvvatlang!
Sizning ovozingiz — ularning kelajagini belgilaydi.
📅 7-dekabr
⏰ 19:00
📺 FTV telekanalida
#реклама
IMG_9527.MP47.34 MB
