Каракалпак 24
Open in Telegram
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
Show more2025 year in numbers

101 207
Subscribers
-8024 hours
-3127 days
-1 94130 days
Posts Archive
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
️ ⚡️ Chery Tiggo 7 Pro - енди және де қолайлы шәртлер менен
🔹Жыллық процент: 0%
🔹Төлем мүддети: 36 ай
🔹Басланғыш төлем: 55%
🔹Айлық төлем: 3 658 000 сўм
Толық мағлыўмат ушын: +998555000655
#реклама
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Қысқа видеоларды көп көриў мийге зыян!
✅ Илимий жақтан 3 тийкарғы себеп бар:
➖ Допамин артықша ислейди. Қысқа видеолар мийде "арзан заўық"ты күшейтеди. Бул болса дыққатты жоғалтып, инсанды тек тез заўыққа үйретип қояды. ➖ Диққат ҳәм есте сақлаў пәсейеди. Мий бәрқулла бир нәрсеге терең жәмлениўден шығып кетеди. Соның ушын китап оқыў, узақ ўақыт үйрениў қыйынласады. Мий күшсизленип қалады, энергия жоғалады. ➖ Терең пикирлеў пәсейеди. Тек тез ҳәм жүзеки мағлыўматты қабыл етиў әдетке айланады. Нәтийжеде таллаў ҳәм дөретиўшилик пикирлеў күшсизленеди.👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Черняевка посты қайта ашылыўы күтилмекте
Өзбекстан ҳәм Қазақстанды байланыстыратуғын Черняевка шегара өтиў пункти бир неше айлық кең көлемли реконструкциядан кейин қайта ашылыўға таярланбақта.
Өтиў пункти толық оңланды, жаңа инфраструктура, кеңейтилген қадағалаў пунктлери ҳәм заманагөй қадағалаў системасы. Булардың барлығы нәўбетлерди азайтыў ҳәм шегарадан өтиўди тез ҳәм қолайлы етиў ушын.
👉 @Karakalpak24
❗️️Парацетамол ҳәм ибупрофен'ди рецептсиз сатып алыў мүмкин
Дәрилерди рецепт ҳәм рецепциз сатып алыў түсиндирилди.
Қәнигелер натрий хлорид ҳәм парацетамолдың айырым түрлери не ушын тек рецепт пенен берилиўи керек екенлигин түсиндирип, балалар ушын тийкарғы дәри қураллары рецептсиз қалыўын атап өтти.
Әпиўайы етип айтқанда, "қайсы дәрилер рецепт пенен бериледи?" деген сораўға былайынша жуўап бериў мүмкин: барлық иньекцион препаратлар - яғный шприц ямаса инфузион система арқалы жиберилетуғын дәрилер.
Булар натрий хлорид еритпеси, белоклы инфузион йеритпелер, антибиотиклер, қантлы диабетке қарсы дәрилер, өспеге қарсы дәрилер, сондай-ақ, ҳәр түрли комбинацияланған препаратлар болыўы мүмкин.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Мойнақта үлкен басымлы жаңа кән ашылды
Қарақалпақстан Республикасы, Мойнақ районындағы 2-санлы излеў-қыдырыў қудығынан жоқары басымлы, санаат көлеминдеги тәбийғый газ ағымы алынды.Бул ҳаққында "Өзбекнефтгаз" АЖ мәлим етти.
Сондай-ақ, "Өзбекнефтгаз" АЖға қараслы "Өзнефтгаз бурғылаў жумыслары" ЖШЖның маман жергиликли қәнигелери тәрепинен заманагөй сырт ел үскенелеринде 90 күн мүддетте бурғыланған, жойбарлаў тереңлиги 5 мың метр болған бул қудықтан бүгинги күнде 2,4 млн куб метр тәбийғый газ алынбақта.
Бүгинги күнде қалған перспективалы терең қудықларда да күни-түни бураўлаў жумыслары алып барылмақта. Жылдың ақырына шекем олардан да үлкен басымда тәбийғый газ алыныўы күтилмекте.
Энергетика министриниң айтыўынша, бул аймақта жумыслар даўам еттирилмекте, жылдың ақырына шекем және 7 қудықтан да үлкен басымда тәбийғый газ алыныўы күтилмекте.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Енди 14-18 жастағылар да еркин банк картасын ашыўы мүмкин
Жаңа қарарға бола, енди 14-18 жастағы жас өспиримлер өзлери еркин, 14 жасқа шекемги жас өспиримлер ата-анасынан бири ямаса нызамлы ўәкилиниң жазба разылығы тийкарында коммерциялық банклерде банк картасын ашыўы мүмкин болады.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Шаңарақлық поликлиникаларда айырым хызметлер төлемли болды
Денсаўлықты сақлаў министрлиги медицина мәкемелеринде төлемли хызметлер тәртибин тастыйықлады. Кепиллик берилген пакеттен тысқары барлық хызметлер енди пуллы есапланады. Клиент төлемди алдыннан толық әмелге асырады.
Тийкарғы тәртиплер: Жөнелиссиз келген пуқараларға хызметлер төлемли. Бийпул хызметлер тек ғана кепилленген пакет шеңберинде әмел етеди. Дизимнен өткеннен соң, медициналық картаға төлемли хызмет белгиси түсириледи. Төлемнен кейин шыпакерге ямаса тексериўге жибериледи. ✅ Бийпул хызметлер (қысқа): Шаңарақлық поликлиникаларда: ➖ 28 диагностика, 22 анализ, 138 дәри, 57 медициналық буйым, 110 диагноз. ➖ Орайлық емлеўханаларда: 28 диагностика, 46 анализ, 235 дәри, 76 медициналық буйым, 27 әмелият, 257 диагноз. ✅ Төлемли хызметтен түсим: Түскен қаржының 75% ке шекемги бөлеги медицина хызметкерлерин хошаметлеўге жумсалады.️ 👉 @Karakalpak24
01:12
Video unavailableShow in Telegram
⭐ USMART’TA ÚY TEXNIKALARINA IRI AKCIYA!
⭐ TELEVIZORLAR
📺 Artel 32" — 1 280 000 (⚡ 1 800 000)
📺 Artel 43" — 2 150 000 (⚡ 2 600 000)
📺 Shivaki 43" — 2 400 000 (⚡ 2 900 000)
📺 Artel 55" — 4 360 000 (⚡ 4 850 000)
🧊 SUWÍTQÍShLAR
❄️ Artel kishi — 2 450 000 (⚡ 3 000 000)
❄️ Shivaki ortasha — 5 700 000 (⚡ 6 500 000)
❄️ Shivaki úlken — 6 000 000 (⚡ 6 700 000)
🧺 KIR MASHINASÍ
🚿 Artel avtomat — 2 650 000 (⚡ 3 100 000)
INSTAGRAM
📲 +998 90 728 48 40
+998 97 355 35 96
#реклама
IMG_5843.MP456.72 MB
00:49
Video unavailableShow in Telegram
Газге жалғанбаған аймақларда жеңиллетилген электр тарифлери енгизилиўи мүмкин
Өзбекстанда газлестирилмеген аймақлардағы ҳәўлилер ҳәм тәбийғый газ тармақларына жалғанбаған көп квартиралы турақ жайлар ушын электр энергиясына жеңиллетилген тарифлерди енгизиў бойынша есап-санақларға тийкарланған усыныслар ислеп шығылды.
Атап өтилиўинше, энергия тутыныў мәдениятын арттырыў ҳәм электрлестириў процесслерин жеделлестириў мақсетинде ислеп шығылған жойбарға бола, аўқат таярлаў ушын электр плиталары менен үскенеленген, ысытыў системасы толық электрлестирилген ҳәм газ тармақларына жалғанбаған шаңарақларға айлық тутыныў көлеми тийкарында:➖ ысытыў мәўсиминде - 2000 кВт/саатқа шекем, ➖ ысытыў мәўсиминен тысқары - 1000 кВт/саатқа шекем, әмелдеги тарифлерге салыстырғанда 50 процентке шекем шегирме қолланыў усыныс етилмекте.
Энергетика министриниң сөзлерине бола, келеси жылдан әмелиятқа енгизилиўи мүмкин. Жәмийетшиликке болса процесске қалыс қатнас жасаў ҳәм рәсмий мағлыўматларға сүениў усыныс етилмекте.👉 @Karakalpak24
IMG_3134.MP44.27 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️ЖПХ хызметкери тәрепинен транспорт қураллары төмендеги тийкарларға бола тоқтатылыўы мүмкин:
🔹 айдаўшы тәрепинен жол ҳәрекети қағыйдаларының бузылыўы (кейинги орынларда қағыйдалар деп аталады) визуал бақлаўда анықланғанда ямаса арнаўлы қурылма жәрдеминде дизимге алынғанда;
🔹 транспорт қуралы, айдаўшы ямаса жолаўшы излеўде екенлиги, жол транспорт ҳәдийсеси ямаса басқа ҳуқықбузарлыққа байланыслы екенлиги ҳаққында мағлыўматлар бар болғанда;
🔹 жол транспорт ҳәдийсеси, ҳуқықбузарлық жүз бергенин көрген айдаўшы ямаса жолаўшыдан ҳәдийсе тәрийпин анықластырыў зәрүрлиги жүзеге келгенде;
🔹 ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар ямаса лаўазымлы шахслардың ҳәрекетти шеклеў ямаса қадаған етиў бойынша көрсетпелерин орынлаў процесинде;
🔹 транспорт қуралынан нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте пайдаланыў зәрүрлиги жүзеге келгенде (шет мәмлекетлердиң дипломатиялық, консуллық ўәкилханаларына ҳәм басқа да ўәкилханаларына, халықаралық шөлкемлерге тийисли болған транспорт қураллары және арнаўлы мөлшерленген транспорт қураллары буған кирмейди);
🔹 арнаўлы илажларды өткериў процесинде;
🔹 транспорт қуралынан пайдаланыў ҳәм басқарыў ҳуқықын бериўши, сондай-ақ, транспорт қуралы ҳәм алып шығылып атырған жүклерге байланыслы ҳүжжетлер бар екенлигин тексериў ушын (арнаўлы ҳәм әскерий жүклер, бажыхана рәсмийлестирилиўинен өткерилип, бажыхана хызмети тәрепинен пломбаланған жүклер буған кирмейди).
❌ ЖПХ хызметкери тәрепинен басқа тийкарларға бола транспорт қуралларының тоқтатылыўы қадаған етиледи.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
️2026-жылдан жеке исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар - Президент пәрманы
2026-жыл 1-январьдан баслап жеке тәртиптеги исбилерменлерге өз жумысын фирма аты менен жүргизиўге рухсат бериледи. Бул исбилерменлер ушын брендинг, реклама ҳәм базарда танылыў имканиятларын кеңейтеди.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-марттан лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары тараўында қағыйдалар бузылғаны ушын юридикалық тәреплерге жәрийма қолланылса, компанияның лаўазымлы шахсларын айрықша ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў әмелияты бийкар етиледи.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️⚡️
🔥 MEDIAPARK | DAM OLISH KUNI CHEGIRMALARI! 🔥
📅 12-14 dekabr — uch kunlik super aksiya!
👉 Texnikalarga 50% gacha chegirmalar!
👉 Oflayn MEDIAPARK do'konlarida hamda onlayn mediapark.uz sayti orqali
👉 Naqd yoki qulay muddatli to‘lov — boshlang‘ich to‘lov va penya yo‘q!
👉 O‘zbekiston bo‘ylab bepul yetkazib berish mediapark.uz dan xarid qilsangiz
Do'konlarimiz 👈
MEDIABLOG 👈
Savollaringiz uchun 👉 @MEDIAPARK_SUPPORT
📱 Telegram | 📱 Instagram | 📱 Site
#реклама
Photo unavailableShow in Telegram
❗️️2026-жылдан мәжбүрий автосуғурта тарифлери ҳәм компенсация пулы асады
2026-жылдан мәжбүрий автосуғурта бойынша минимал кепилленген компенсация пулы 40 млн сумнан 80 млн сумға арттырылады. Бул - ЖТҲда айдаўшы ямаса жолаўшыға жеткерилген зыян ушын қамсызландырыў компаниясы төлейтуғын ең аз муғдар.1-январьдан әмел ететуғын жаңа тарифлер: ✅ Женил автомобиллер: ➖ Аймақларда: 160 000 сўм; ➖ Ташкент қаласы ҳәм ўәлаяты: 192 000 сум; ➖ ️Сырт ел номерли (ўақтынша киргизилген): 320 000 сум. ✅ Жүк автомобиллери: ➖ Аймақларда: 280 000 сум (48 000 → 280 000); ➖ Ташкент қаласы/ўәлаяты: 336 000 сум (67 200 → 336 000); ➖ ️Шет ел номери: 560 000 сўм. ✅ ЖТҲне себепши болған айдаўшылар ушын тарифлер асырылады: ➖ 1 ҳәдийсе: 208 000 - 249 600 сўм; ➖ 2 ҳәдийсе: 320 000 - 384 000 сум; ➖ 3 ҳәм оннан артық: 480 000 - 576 000 сум. 👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Пиядаларға суў шашыратқан жиберген айдаўшылар 412 000 сўмға шекем жәрийма төлейди
Жолдағыпиядаларға суў шашыратқанлық ушын нызамда жуўапкершилик бар. Бундай қағыйдабузарлық ушын жаза - 1 БЕМ = 412 000 сум.
❓Қайерга шағым етиў мүмкин:
1. Полиция - фото/видео дәлил менен арза;
ИИМниң онлайн-сервислери;
3. ЖҲҚ бузылыўлары ҳаққында хабар бериўге мөлшерленген қаланың рәсмий платформалары.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
️"Қамайман деп басым өткерген" ИИБ хызметкери жас өспиримниң өлимине себепши болды
Самарқанд ўәлаяты Булунғур районында өзин-өзи өртеп жиберген 17 жаслы өспирим 2 ай емленгенине қарамастан қайтыс болды. Жақынларының айтыўынша, жигит профильактика инспекторының "қамаласаң" деген қорқатаўларынан қорқып, өз жанына қастыяншылық еткен.
Мағлыўматларға қарағанда, районлық ИИБ профильактика инспекторы Б.Б. (2008 ж.т.) ды туўысқанлары менен Жиззақтың Зарбдор районында таўып, үйине алып келген. Ол баланың анасынан Зарбдорға барғаны ушын 400 мың сум алған, кейин болса "балаң нызам алдында жуўап береди" деп қорқытқан. Басымлардан қорыққан жас өспирим 22-февраль күни үйинде дизел жанылғысын қуйып, өзин жағып жиберген. Ол 6-май күни емлеўханада қайтыс болған. Инспектор И.Ҳ. судта айыбын тән алмаған, жақынларының шағымын "жала" деп атаған. Бирақ: ➖ 168-статья (алдаўшылық); ➖ 207-статья (лаўазымынан пайдаланған ҳалда адам өлимине себеп болса) бойынша айыплы деп табылды.Суд ҳүкимине бола, ол 2,5 жылға еркинен айырылады ҳәм суд залынан-ақ қамаққа алынады. Соның менен бирге, ишки ислер системасында ислеў ҳуқықынан да айырылды. 👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Ендигиден былай нақ пулға турақ жай, автомобиль алды-сатты ислей алмайсыз
2026-жыл 1-апрельден төмендегилер ушын төлемлер тек ғана банк карталары ямаса электрон төлем системалары арқалы әмелге асырылады:
➖ мәмлекетлик органлар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер;
➖ электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўынан пайдаланғаны ушын төлемлер;
➖ ️алкогол ҳәм темеки өнимлери;
➖ ️транспортларға жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы халыққа нефт-газ өнимлерин сатыў ҳәм электрде ҳәрекетленетуғын транспортларды зарядлаў бойынша хызметлер;
➖ ️Баҳасы 25 млн сумнан асатуғын товар ҳәм хызметлер;
➖ Көшпес мүлк обектлери, ислеп шығарылғанына 10 жылдан аспаған М, N, О ҳәм G категорияларына киретуғын транспортлар ҳәмде арнаўлы автотранспорт қуралларын сатыў ҳәм сатып алыў.
👉 @Karakalpak24
00:33
Video unavailableShow in Telegram
Bizda yangilik
Qoraqalpog‘istonlik Nodira opa Alif shu kuzda o‘tkazgan aksiya orqali Umraga yo‘llanma yutib oldilar. Ular shunchaki Alif orqali har oy muntazam to‘lov qilib kelganlar.
Yutgan yo‘llanmani esa otalariga ziyoratga sovg‘a qildilar.
Videoni yuborib qo‘ying.
Alif’ni oching
IMG_6812.MP42.62 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Қарақалпақстандағы 124 метан заправкалардың жумысы азанғы саат 06:00 ден кешки 18:00 ге шекем етип белгиленди.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
«Арал» Суперлигаға шықса, футболшыларға автомобиль берилиўи мүмкин
16-декабрь күни Суперлигаға өтиў ойыны өткериледи. Онда Про-лиганың жуўмақланған мәўсиминде 2-орынды қолға киргизген «Арал» ҳәм өтиў ойынларында жеңилген «Бухара» өз-ара күш сынасады.
«Арал» бул беллесиўде жеңиске ериссе, футболшыларына «Cobalt» автомобили берилиўи күтилмекте. Ушырасыў Қарақалпақстанда өткерилиўи, команданың имканиятларын асырады.
Мағлыўмат ушын, «Арал» мәўсимниң соңғы турында «Локомотив»ти қабыллады ҳәм 1:0 есабында жеңиске еристи. Егер команда және бир гол урыўы мүмкин болғанда лиганың жеңимпазы сыпатында тиккелей Суперлигаға шығар еди.
👉 @Karakalpak24
