fa
Feedback
Каракалпак 24

Каракалпак 24

رفتن به کانال در Telegram

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama

نمایش بیشتر
2025 سال در اعدادsnowflakes fon
card fon
101 180
مشترکین
-8524 ساعت
-3487 روز
-1 91030 روز
آرشیو پست ها
Photo unavailableShow in Telegram
ГРИПТЕН АБАЙЛЫ БОЛЫҢ!!! Грипп тийкарынан ҳаўа тамшы жолы менен жуғады ҳәм иммунитети төмен, созылмалы кеселликлер менен кеселленген, кексе жастағы, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм балаларда аўыррақ кешиўи гүзетиледи. Егер кеселликтиң дәслепки белгилери сезилсе дәрҳал шыпакерге мүрәжәт етип, өз ўақтында емленсе аўыр асқыныўлардың алды алынады. Грипп пенен кеселленгенде өз ўақтында емленбеў яки кеселликти аяқта өткериў аўыр ақибетлерге алып келиўи мүмкин.
Кеселликтен сакланыў ушын болса  гүздиң салқын күнлеринде ҳаўа райына сай кийиниў, физикалық шынығыўлар ислеў, хананы таза ҳаўа менен самаллатып турыў, иммун системасын беккемлеп дурыс ҳәм витаминлерге бай болған азық-аўқатларды пайдаланыў әсиресе карантин қағыйдаларына бойсынып адамлар көп жыйналатуғын жерлерге бармай яки барыў зәрүр болғанда жуз нықапларынан ҳәм қол қаплардан пайдаланыў, уйге келгенде болса қолларды әлбетте сабынлап жуўыў керек. Айтып өтиў керек грипп ҳәм басқа да бир қатар жуқпалы кеселликлердиң алдын алыўда медицина,  улыўма билим бериў, мектепке шекемги билим бериў мәкемелеринде кең көлемде түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Қалаберсе,  билим бериў мәкемелерине, емлеў профилактикалық мәкемелерине бул кеселлик қәўипинен сақланыў  бойынша көрсетпелер, қолланбалар ҳәм плакатлар тарқатылмақта. Сондай-ақ, грипке қарсы шаншыў илажлары да өткерилмекте.
👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Украина халқы 42 миллионнан 36 миллионға шекем азайды "Reuters" агентлиги Украина Миллий илимлер академиясы мағлыўматларына сүйенип, мәмлекет халқы урыс басланған 2022-жылдағы 42 миллион адамнан бүгинги күнде шама менен 36 миллионға шекем қысқарғанын мәлим етти. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Өзбекстанда 8-декабрьден ҳаўа райы суўытыўы күтилмекте Усы жылдың 8-10-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына ығал ҳәм суўық ҳаўа массалары кирип келеди. Республика бойлап жаўын жаўады, орайлық аймақларда ҳаўаның температурасы түнде -2...-5 дәрежеге шекем, күндиз +3...+6 дәрежеге шекем төменлейди. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
7 декабрь | Якшанба | Нукус шахрида Шифокор — Ревматолог Раҳмонов Достон Норбекович қабуллари Реацентр Нукус клиникасида булиб утади Агар сизда қуйидагилар кузатилса: ✅ Ревматоид артрит ✅ Полиартрит ✅ Суяк емирилиши (остеопороз) ✅ Тизза ва сон бўғими артрози (гоноартроз, коксоартроз) ✅ Системали қизил бурича (красная волчанка) ✅ Склеродермия ✅ Васкулит ёки бўғимларда — доимий оғриқ —шиш —эрталабки қотиш —ҳаракатда чекланиш бор бўлса — албатта қабулга ёзилинг‼️ ☎️ Рўйхатдан ўтиш ва қабул учун: 📞 +998 94 485 63 62 https://t.me/RaxmonovRevmatolog #реклама
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Конституция күни мүнәсибети менен 3 күн дем алыс белгиленди 🔹 6-декабрь (шемби) - 5 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер ушын дем алыс күни, 6 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын жумыс күни; 🔹 7-декабрь (екшемби) - дем алыс күни; 🔹 8-декабрь (дүйшемби) - Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында: 🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 271 000 сўм; 🔹базалық есаплаў муғдары – 412 000 сўм; 🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 471 000 сўм; 🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 918 000 сўм; 🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 1 012 000 сўм; 🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 1 012 000 сўм; 🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (918 000 сўм)нан 1 012 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 1 012 000 сўм. 🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 820 000 сўм; 🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 820 000 сўм. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
00:49
Video unavailableShow in Telegram
❓❄️ Не ушын қыста бас кийим кийиў шәрт? Қыс мәўсими тек ғана бет ҳәм дене териси ушын емес, ал бас ушын да күшли стресс болып есапланады. 🧢 Мәлим болыўынша, денедеги ең көп ыссылық бас арқалы жоғалтылады. Бас кийим болса усы ыссылықты сақлап қалыўға жәрдем береди. 🌡 Сондай-ақ, бас кийим самалдан тосық пайда етип, дене темперетурасы төменлеўиниң алдын алады ҳәм қолайлылықты тәмийинлейди. 🤧 Изертлеўлерге қарағанда, бас кийим кийиу аязлаўдың да алдын алады. Видеоны бас кийимсиз жүретуғын досларыңызға жиберип қойың. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Bas kiyim 1.mp424.52 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Мектеплерде қысқы дем алыс күнлери мәлим болды 2025/2026-оқыў жылында улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде қысқы дем алыс: ➖ баслаўыш класларда — 27-декабрьден; ➖ улыўмалық тәртиптеги класларда — 28-декабрьден басланады. Дем алыс 10-январьға шекем даўам етеди. III шерек сабақлары болса 12-январьдан басланады. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ! Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилди. Ҳүрметли, пуқаралар! Егер сизде усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын 61 222 45 25, 61 222 91 87 телефон номерлерине азанғы саат 09:00 ден кешки 19:00 ге шекем қоңыраў етиўиңиз мүмкин. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
️Гүлистандағы жарылыў ақыбетинде қурбан болған шаңарақ ағзаларына 100 млн сўм материаллық жәрдем бериледи Президент Шавкат Мирзиёев Гүлистандағы газ баллоны жарылыўында жәбирленгенлерге барлық зәрүр медициналық жәрдем көрсетилиўин қатаң қадағалаўға алыўды тапсырды. Сондай-ақ, ўақыя себеплерин пуқта үйрениў ҳәм келешекте бундай жағдайлардың алдын алыў ўазыйпасы қойылды. 2-декабрь күни улыўма аўқатланыў шақапшасында газ баллоны жарылыўы нәтийжесинде 29 адам жарақатланған, 3 пуқара қайтыс болған. Президент 4-декабрь күни Сырдәря ўәлаятлық қыстаўлы жәрдем орайында болып, наўқаслардың жағдайы менен жеке танысты, шаңарақлар менен сәўбетлести. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Navbat kutayotganingizda biznesingiz bekor turibdimi? TBC Business'ni sinab ko‘ring. Bu onlayn servis sizning moliyaviy ishlaringizni oson va tushunarli qiladi. TBC Business bilan bir nechta kompaniyani bitta kabinetdan boshqarish, soliqlarni to‘lash, 24/7 to‘lovlarni amalga oshirish va komissiyalardan tejash mumkin. Bularning barchasi uchun bankka borish shart emas! Maqolada TBC Business qanday ishlashi haqida batafsil ma’lumot berganmiz ↓ https://tbcbank.uz/blog/articles/tbc-business-uz/?utm_campaign=pr_tbcbusiness&utm_source=telegram&utm_medium=karakalpak24 #реклама
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Турақ жай ушын субсидия кимлерге бериледи? Нызамшылыққа муўапық, турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкция қылыў ушын субсидия дараматы жоқары болмаған ҳәм турақ жайын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ажыратылыўы белгиленген. Яғный орташа айлық дараматы төмендегише болғанлар дараматы жоқары болмаған пуқара ямаса шаңарақ деп есапланады: Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (2 млн 835 мың сумнан 8 млн 400 мың сумға шекем); Мағлыўмат ушын: бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 50 000 су́м. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
00:58
Video unavailableShow in Telegram
Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин? ⚡️Зәҳәрли газден жаныўшы материялдың (көмир, тәбийғый гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес. ⚡️Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди: -Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы; -Тәбийғый гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек); -Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы; -Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди. ⚡️Зәҳәрли газден зыянланыў инсан денсаўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшилик жағдайы келип шығыўына алып келеди. ⚡️Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң! 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
3.40 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Студентлер ушын қысқы дем алыс 24-декабрден басланыўы мүмкин . 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
00:26
Video unavailableShow in Telegram
📣 Агробанкдан бюджет ташкилотлари ходимлари учун янги акция! 🎁 2026 йил 25 февралга қадар Агробанкнинг Uzcard картасига "Арзон" кредитни расмийлаштиринг ва 5 та Chevrolet Onix автомобилларидан бирини ютиб олинг! 📗 Акция ойлик иш ҳақи лойиҳаси иштирокчилари бўлган бюджет ташкилотлари тизими ходимлари учун амал қилади. 🔗 Батафсил: agrobank.uz #реклама
نمایش همه...
IMG_0963.MP419.11 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Россия Сибир дәряларының суўын Орайлық Азияға бермейди Россия Илимлер академиясы Сибир дәрялары ағымын Қазақстан ҳәм Өзбекстанға бағдарлаў бойынша жойбар үстинде исленип атырғанын мәлим еткеннен соң, бир қатар белгили россиялы илимпазлар бул идея әмелге аспайтуғынын атап өтти. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
00:22
Video unavailableShow in Telegram
❗️Марат мектеп алдындағы жолға фотокамералар орнатылды Бул камералар автомобильлерди фотоға алып, ремен тағылмаған яки басқа жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етпеген қағыйдабузарларға автоматик жәрийма жазады. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
AQPl4iws3q06KGeTyAXoTlKoRV_V7cLhjx4te8ohuqNHtRNyU2paxInWxO6cnBb.mp41.40 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Социаллық тармақларда тарқалған видео бойынша рәсмий мағлыўмат Усы жылдың 02-декабрь күни саат 14:25лер шамасында Шацман маркалы жүк автотранспорт қуралы жүги менен ҳәрекетленип киятырып Нөкис қаласы аймағынан өтиўши А-380 автомобиль жолының 766 км аралығы көпир үстинде жүк автотранспорт қуралы өшип қалыўы нәтийжесинде руль басқарыўын жойтып жол шетине түсип кетип жол транспорт ҳәдийсеси келип шыққан. Нәтийжеде автотранспорт қуралы басқарыўшысы ҳеш қандай дене жарақатын алмаған. Жүз берген жол транспорт ҳәдийсеси бойынша Нөкис қаласы Ишки ислер бөлими Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бөлими тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта. Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҚХ ЖҲҚБ Мәлимлеме топары 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
01:11
Video unavailableShow in Telegram
Администрация баслығы Саида Мирзиёева Президент тапсырмасына муўапық, Өзбекстандағы экологиялық жағдайды жақсылаў бойынша ҳәрекетлерди даўам еттирмекте. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
IMG_8679.MP456.64 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️️Қысқы оқыўды көшириў: студентлерден арза қабыллаў 20-декабрьден басланады Мәмлекетлик ЖОО арасында қысқы оқыўды көшириў 20-декабрьден басланады. Бул процесс тек еки түрдеги себеплер тийкарында әмелге асырылады. 🔹студент шаңарақ қурған жағдайда, өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы ЖООға оқыўын көшириў тилегинде болса; 🔹мәмлекетлик уйымлар хызметкериниң жумыс орны өзгергенде, оның өмирлик жолдасы ямаса ержетпеген перзенти оқыўын көширмекши болса (бул жағдайда тийисли министрлик/мәкеме басшысының усыныс хаты талап етиледи). Арзалар 20-декабрьден 20-январьға шекем аймақлық жумысшы топарларға офлайн тәризде тапсырылады. Онлайн арза қабыл етилмейди, сайт арқалы толтырыў нәзерде тутылмаған. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...