Каракалпак 24
Открыть в Telegram
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
Больше2025 год в цифрах

101 207
Подписчики
-8024 часа
-3127 дней
-1 94130 день
Архив постов
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49👉 @Karakalpak24
00:58
Видео недоступноПоказать в Telegram
Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин?
⚡️Зәҳәрли газден жаныўшы материялдың (көмир, тәбийғый гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.
⚡️Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди:
-Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы;
-Тәбийғый гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек);
-Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы;
-Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди.
⚡️Зәҳәрли газден зыянланыў инсан денсаўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшилик жағдайы келип шығыўына алып келеди.
⚡️Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң!
👉 @Karakalpak24
3.40 MB
Фото недоступноПоказать в Telegram
🚀 BYD sizni "e-Mobility Festa 2025"ga taklif etadi
12 dan15-dekabrga qadar "Alpomish" muz saroyida BYD festivali bo‘lib o‘tadi, unda quyidagilar sizni kutmoqda:
🚙 brendning ommabop modellari
🎤 festivalning barcha kunlari davomida mashhur san’atkorlarning chiqishlari
🎮 🎁 viktorinalar va sovg‘alar
Festival chog'ida (12-15 dekabr) mehmonlar BYD'dan avtomobil xarid qilish uchun maxsus qishki taklifidan foydalanishlari mumkin.
ℹ️ Ro‘yxatdan o‘tishga shoshiling:
https://bydauto.uz/ru/news/byd-e-mobility-festa-2025
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️Қарақалпақстандағы 124 метан заправкалардың жумысы азанғы саат 06:00 ден кешки 18:00 ге шекем етип белгиленди
Қарақалпақстан Республикасында жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген ҳалда республикамызда жумыс ислеп турған 124 орындағы автомобиллерге газ толтырыў компрессор шақапшаларының (АГТКШ) ҳәрекети таңғы саат 06:00 ден кешки 18:00 ге шекем етип белгиленди.
Бул шеклеўлер ўақытшалық болып, газ басымын нормаға келтириў бойынша әмелий жумыслар алып барылып атырғанлығын мәлим етемиз.
👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️️Метан заправкалардың жумыс ислеў ўақты таңғы саат 05:00 ден 17:00 ге шекем етип белгиленди.
👉 @Karakalpak24
💊 Дәриханаларда электрон рецепт системасы иске түсти
10-декабрьден баслап Ташкент қаласында және елимиздеги және 15 район ҳәм қалада дәри-дәрмақлар электрон рецепт тийкарында берилмекте. Ҳүкимет қарарына бола, 2026-жылдың ақырына шекем бул система барлық медицина мәкемелери ҳәм дәриханаларды қамтып алыўы режелестирилген.
Яғный сиз енди шыпакер рецепт пенен сатылыўы мөлшерленген дәрилерди дәриханадан электрон рецепциз ала алмайсыз.
❓Бул қалай ислейди?
Сизди көрген шыпакер диагноз қояды ҳәм Сизге усыныс етилген дәрилерди "Электрон рецепт" системасына киргизеди. Дәриханаға барғаныңызда электрон системада жазылған дәрилерди сатып алыўыңыз мүмкин болады. Рецепциз сатылыўы қадаған етилген дәрилерди шыпакер электрон системаға киргизбеген, яғный Сизге усыныс етпеген болса, енди сатып ала алмайсыз.
Егер наўқас сораса, электрон рецептти қағазда басып шығарыў да мүмкин. Тек бунда электрон рецептте арнаўлы QR-код ҳәм шыпакердиң электрон имзасы болады. Яғный соль QR-кодты белсендилегенде электрон системадағы рецепт шығып келиўи керек. Бул жалған рецептлер жасап алыныўынан қорғайды.
Тәжирийбе түринде иске түсирилген 15 район ҳәм қалалар дизими:
Янгийўл, Самарқанд, Шымбай, Асака, Ғиждуўан, Ғаллаорол, Китоб, Хатирчи, Чортоқ, Булунғур, Иштихон, Денов, Сырдәря, Қува, Шават.
️Мағлыўмат ушын, 9-декабрь жағдайына бола, рецепт бойынша берилетуғын 12 мың 815 атама ҳәм дозалаўдағы дәри қураллары дизими тастыйықланған.
Бул дизим жоқарыдағы кестеде келтирилген.
👉 @Karakalpak24
Cheklangan narxdagi dorilar ro’yxati.xlsx1.38 MB
Фото недоступноПоказать в Telegram
Ғалаба хабар қуралларды дизимге алыўшы шөлкемниң жумысы тастыйықланды
"Мәлимлеме ҳәм санлы технологиялар тараўларында мәмлекетлик қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-371-санлы, 11.12.2025 ж.) қабыл етилди.Қарарға бола, Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясы төмендеги тараўларда арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди: 🔹 информацияластырыў, телекоммуникациялар, почта байланысы, санлы технологиялар тараўларында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; 🔹 ғалаба хабар қуралларын дизимге алыў ҳәм олар тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўин мониторинг ҳәм қадағалаў; 🔹 балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў. ✅ 2027-жыл 1-январьға шекем төмендеги имканиятларға ие "Санлы қадағалаў" платформасы иске түсириледи: 🔸 халық жасап атырған, соның ишинде, алыс ҳәм шетки аймақлардағы санлы технологиялар ҳәм телекоммуникациялар тараўларында көрсетилип атырған хызметлерди мониторинг етиў; 🔸 мәлимлеме системалары, ресурслары, программалық өнимлер ҳәм мағлыўматлар базаларында жүзеге келген үзилис ямаса тоқтаў жағдайы бойынша тийисли шаралар көриў; 🔸 физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен мүрәжатлардың оператив көрип шығылыўын шөлкемлестириў. 👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:
🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 271 000 сўм;
🔹базалық есаплаў муғдары – 412 000 сўм;
🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 471 000 сўм;
🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 918 000 сўм;
🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 1 012 000 сўм;
🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 1 012 000 сўм;
🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (918 000 сўм)нан 1 012 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 1 012 000 сўм.
🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 820 000 сўм;
🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 820 000 сўм.
👉 @Karakalpak24
02:43
Видео недоступноПоказать в Telegram
️Проценциз кредит алыў ушын арза бериў тәртиби
Кәмбағаллықты қысқартыў қоры арқалы процентлери қаплап берилетуғын қолайлы кредитлер усыныс етилмекте:
✅ Ноутбук сатып алыў ушын:
▪️Муғдары: 15 млн сўмға шекем
▪️Мүддети: 5 жылға шекем
▪️Жеңиллетилген дәўир: 2 жыл
✅ Исбилерменликти баслаў ушын:
▪️Муғдары: 30 млн сумға шекемги үскенелер (food truck, мотороллер, скутер ҳәм басқа да тийкарғы қураллар).
▪️Мүддети: 5 жылға шекем, бөлип төлеў шәрти менен
❗️️Пайызлар қаплап бериледи.
👉 @Karakalpak24
14.83 MB
Фото недоступноПоказать в Telegram
⁉️️Кредитти алған адам кредитин төлемей атыр. Мен кепилмен..
❓️Сораў:
Мен бир танысыма кепил болған едим. Ол алған кредитин төлемей атыр. Банктеги адамлар меннен қарызды талап етпекте. Қандай етип бул жағдайдан қутылыўым мүмкин?
❗️️Жуўап:
Пуқаралық кодексиниң 292-статьясына тийкарланып, кепиллик шәртнамасы бойынша кепиллик басқа шахс (Кредит алған шахс) өз миннетлемесин толық ямаса бир бөлегин орынлаўы ушын оның кредиторы (Кредит берген банк) алдында жуўап бериўди өз мойнына алады.
➖ Яғный, кредит алынып атырғанда өзиңиз онша түсинбеген болсаңыз да, кредит алған адам соль кредитти қайтармаса, мен төлеў миннетлемесин өз мойныма аламыз деген ҳүжжетке қол қойып бергенсиз
🔹Жоқарыдағы кодекстиң 293-статьясына тийкарланып, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған ямаса тийисли дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында сольидар (Биргеликте) жуўап береди деп көрсетилген.
️🔹Яғный, кредит алған адам кредитти қайтармай атырған болса, демек кредитти қайтарыў миннетлемеси Сизге де жүклениўи мүмкин ҳәм бул нызамсыз жағдай емес.
‼️ Енди сораўынызды қандай етип бул жағдайдан қутылыўы мүмкин деген жерине келсек. Кредит толық төленип болмаганша бул жагдайдан қутыла алмайсыз, бирақ, кредит жабылганнан кейин Сиз кредит алған адамның кредити ушын қанша пул төлеген болсаңыз соль пулларынызды банк есабы бойынша процентлери менен және оннан көрген басқа да зыянларыңызды РЕГРЕСС (қарсы) тәртибинде судқа мүрәжат етип оннан өндирип алыўыныз мүмкин. Сизиң бул ҳуқықыңыз бар екенлиги жоқарыда көрсетилген кодекстиң 295-статьясында келтирилген.
Дерек: Нызамшылық
️👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
❓Турақ жай ушын субсидия кимлерге бериледи?
Нызамшылыққа муўапық, турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкция қылыў ушын субсидия дараматы жоқары болмаған ҳәм турақ жайын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ажыратылыўы белгиленген.
Яғный орташа айлық дараматы төмендегише болғанлар дараматы жоқары болмаған пуқара ямаса шаңарақ деп есапланады:
Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (2 млн 835 мың сумнан 8 млн 400 мың сумға шекем);
Мағлыўмат ушын: бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 50 000 су́м.
👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️МOБ: пуқараларымыз социаллық тармақлар арқалы келип атырған хабарлардан хабардар болыўы керек!
Социаллық тармақлар арқалы айырым пуқараларымызға (аты-фамилиясы ҳәм ҳәттеки паспорт номерлери менен) "Мәжбүрий орынлаў бюросы атынан орынлаў ҳүжжети ямаса қарыздарлық ҳаққында жиберилип атырған хабарлар фейк есапланады.
Бул хабар ҳәм "apk" қосымшалары тийкарында алдаўшылардың алдаў жолы болып, қосымшаны жүклеп алғанда, сизге тийисли пластик карта мағлыўматлары ҳәм пул қаржылары қолға киргизилиўи де мүмкин.
Умытпаң! Мәжбүрий орынлаў бюросы атынан орынлаў ҳүжжетлери ҳәм қарыздарлықлар бойынша хабарлар пуқараларымызға мобил SMS көринисинде ҳәмде өз алдына "МOБ" инфо номери жәрдеминде бериледи.
Абайлы болың, шахсыңызға тийисли мағлыўматларды бийгана шахслардан абайлаң!
👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️Пара алыў ҳәм бериў жынайы жуўапкершиликке алып келеди
➖ 2024-жылы Жынаят кодексиниң 210-статьясы (пара алыў) менен 196 шахс судланып, олардың 135 не еркинен айырыў, 61 не болса еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар (жарима, тәрбия жумыслары, еркин шеклеў ҳәм шәртли ҳүким) тайынланған.
Усы жылдың 11 айы даўамында усы статьяда нәзерде тутылған жынаятты ислеген 184 шахс судланып, олардың 114 еркинен айырылған ҳәм 70 не еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар тайынланған.
➖ 2024-жылы Жынаят кодексиниң 211-статьясы (пара бериў) менен 1 991 шахс судланып, олардың 651не еркинен айырыў, 1 340 на болса еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар (жарима, тәрбия жумыслары, еркин шеклеў ҳәм шәртли ҳүким) тайынланған.
Усы жылдың 11 айы даўамында усы статьяда нәзерде тутылған жынаятты ислеген 1 801 шахс судланып, олардың 465 еркинен айырылған ҳәм 1 336 сына еркинен айырыў менен байланыслы болмаған жазалар тайынланған.
👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
Hozir oling — to‘lovni keyingi yilda qiling ⚡️
Uzum Marketda 12 oylik nasiya. Faqat 15-dekabrgacha — ikki karra arzon!
Yangi yilga sovg‘alar tanlash, ehtimol, texnikani yoki garderobni yangilamoqchidirsiz? Istalgan tovarni byudjetga zarar yetkazmasdan buyurtma qiling.
➡️ Xaridlarga ⬅️
Фото недоступноПоказать в Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сегизинши сессиясының ашылыўы ҳаққында
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң сегизинши сессиясы 2025-жыл 12-декабрь күни саат 10:30 да Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәжилислер залында ашылады.
Сессия «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы тиккелей эфирге бериледи.
👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️"Метан заправка"лар реже-график тийкарында жумыс баслайды
Енергетика министрлигине бола, қоңсы мәмлекеттеги газ тармағында бақланған техникалық насазлық себепли импорт етилип атырған тәбийғый газ қысқарғаны себепли жумысына ўақтынша шеклеў киргизилмекте.
Бул жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген реже-графиклерге тийкарланып жолға қойылатуғыны билдирилген.
👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
Өзбекстанда 2026-жылы қайсы мәмлекетлик уйым бюджеттен қанша пул алыўы мәлим етилди
1. Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги ─ 63,69 трлн сум (59,5 трлн) 2. Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ─ 6,36 трлн (6,6 трлн) 3. Денсаўлықты сақлаў министрлиги ─ 6,80 трлн (5,1 трлн) 4. Мәденият министрлиги ─ 1,28 трлн (1,172 трлн) 5. Спорт министрлиги ─ 1,22 трлн (1,135 трлн); 6. Қурылыс министрлиги ─ 2,23 трлн (1,992 трлн) 7. Аўыл хожалығы министрлиги ─ 2,27 трлн (1,794 трлн) 8. Суў хожалығы министрлиги ─ 10,36 трлн (10,4 трлн) 9. Энергетика министрлиги ─ 110 млрд (123 млрд) 10. Транспорт министрлиги ─ 7,30 трлн (6,7 трлн) 11. Экология министрлиги ─ 1,10 трлн (927 млрд); 12. Геология министрлиги ─ 838 млрд (1 трлн) 13. Бәсеки комитети ─ 13,54 млрд (12,6 млрд) 14. Мәмлекетлик актив агентлиги ─ 13,12 млрд (12,1 млрд); 15. Бәнтлик министрлиги ─ 582,8 млрд (733 млрд); 16. Миллий статистика комитети ─ 346,4 млрд (238,8 млрд) 17. Сыртқы ислер министрлиги ─ 1,117 трлн (1 трлн) 18. Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ─ 1,62 трлн (1,116 трлн) 19. Санлы технологиялар министрлиги ─ 528 млрд (532 млрд) 20. Әдиллик министрлиги ─ 350 млрд (322 млрд) 21. Экономика ҳәм финанс министрлиги ─ 105,9 трлн (95,9 трлн). 22. Салық комитети ─ 176,7 млрд (169,4 млрд) 23. Министрлер Кабинети ─ 2,59 трлн (2,184 трлн); 24. Президент администрациясы ─ 3,05 трлн (1,673 трлн) 25. Сенат ─ 128,18 млрд (127 млрд); 26. Нызамшылық палатасы ─ 229,3 млрд (178,9 млрд) 27. Омбудсман ─ 24,56 млрд (18,6 млрд) 28. Бас прокуратура ─ 3,008 трлн (2,732 трлн). 29. Жоқары суд ─ 1,99 трлн (1,804 трлн) 30. Конституциялық суд ─ 13,19 млрд (12,9 млрд) 31. Судьялар жоқары кеңеси ─ 58,7 млрд (53,7 млрд) 32. Орайлық сайлаў комиссиясы ─ 31,98 млрд (29,4 млрд) 33. МТРК ─ 887,6 млрд (881,4 млрд). 34. ӨзА ─ 44 млрд (40,7 млрд); 35. Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ─ 78,25 млрд (75,4 млрд) 36. Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орай ─ 17,45 млрд (16,1 млрд) 37. Кәсиплик аўқамлары федерациясы ─ 400 млрд (350 млрд) 38. Илимлер академиясы ─ 534,36 млрд (446,8 млрд). 39. Көркем өнер академиясы ─ 249,8 млрд (160,4 млрд); 40. Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги ─ 35,69 млрд (33,2 млрд) 41. Есап палатасы ─ 136,99 млрд (116 млрд); 42. Басқарыў нәтийжелилиги агентлиги ─ 93,18 млрд (53,7 млрд) 43. Стратегиялық реформалар агентлиги ─ 27,12 млрд (20,3 млрд); 44. Балалар омбудсманы ─ 3,57 млрд (3,5 млрд); 45. "Соғлом авлод учун" қоры ─ 910 млн (910 млн); 46. Балалар социаллық бейимлесиў орайы ─ 11,7 млрд. 47. Миллий антидопинг агентлиги ─ 9,27 млрд. 48. Дин ислери комитети ─ 172,65 млрд (163,7 млрд) 49. Мәдений мийрас агентлиги ─ 251,36 млрд (177,3 млрд). 50. Социаллық қорғаў миллий агентлиги ─ 22,42 трлн (21,139 трлн). 51. Пуқаралық жәмийетин қоллап-қуўатлаў қоры ─ 1,441 трлн. 52. Жаслар ислери агентлиги ─ 507,66 млрд (456 млрд) 53. Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ─ 166,69 млрд (105,7 млрд) 54. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети ─ 64,34 млрд (95,7 млрд) 55. Санаат қәўипсизлиги комитети ─ 57,22 млрд. 56. Атом энергиясы агентлиги ─ 46,38 млрд. 57. Энергетика базары агентлиги ─ 3,03 млрд. 58. Өзэнергоинспекция ─ 28,92 млрд. 59. Агроинспекция ─ 8,72 млрд (9,3 млрд); 60. Миграция агентлиги ─ 50 млрд. 61. Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясы ─ 10,08 млрд. 62. Энергия нәтийжелилиги агентлиги ─ 709,86 млрд. 63. Телекоммуникацияларын тәртипке салыў агентлиги ─ 7,23 млрд. 64. Жеңил санаат агентлиги ─ 47 млрд. 65. Миллетлераралық қатнасықлар комитети ─ 16,33 млрд. 66. Басқа шөлкемлер ─ 74,12 трлн (49,989 трлн)👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️Келеси жыл айлық, пенсия ҳәм стипендиялар кеминде 6-7% ке асырылыўы күтилмекте
2026-жылы мәмлекетлик хызметкерлердиң мийнет ҳақысы, стипендия, пенсия ҳәм напақаларды арттырыўға 6 триллион сум ажыратылады.
Бул ҳаққында Экономика ҳәм финанс министрлигиниң 2026-жыл ушын мәмлекетлик бюджетке байланыслы нызам жойбарында белгилеп берилген.
👉 @Karakalpak24
Фото недоступноПоказать в Telegram
🚘 KIA SONET 0 % dan boshlab kreditga — mo‘jizalar vaqti aynan hozir boshlanadi!
❤️ Hamkorbank mijozlarini yangi KIA Sonet xarid qilish uchun 0 % dan boshlanadigan avtokredit bilan quvontirmoqchi.
✨ Agar siz anchadan beri yangi avtomobil orzusida yurgan bo‘lsangiz — buni bir belgi deb biling. Yangi yilni zamonaviy va ishonchli krossover rulida kutib olish vaqti keldi.
Avtokredit shartlari:
🟢 Miqdori— 600 mln so‘mgacha;
🟢 Muddati — 5 yilgacha;
🟢 Dastlabki to‘lov — 25 % dan.
✨ Hamkorbank bilan orzular har qachongidan ham yaqinroq.
🌍 Hamkorbank saytida ariza qoldiring.
🌐 Instagram 🌐 Facebook 📺 YouTube
#реклама
Фото недоступноПоказать в Telegram
❗️Мектеплерде қысқы дем алыс күнлери мәлим болды
2025/2026-оқыў жылында улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде қысқы дем алыс:
➖ баслаўыш класларда — 27-декабрьден;
➖ улыўмалық тәртиптеги класларда — 28-декабрьден басланады.
➖ Дем алыс 10-январьға шекем даўам етеди.
➖ III-шерек сабақлары 12-январьдан басланады.
👉 @Karakalpak24
