uk
Feedback
Каракалпак 24

Каракалпак 24

Відкрити в Telegram

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama

Показати більше
2025 рік у цифрахsnowflakes fon
card fon
101 240
Підписники
-8024 години
-3127 днів
-1 94130 день
Архів дописів
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Bayram oldidan yo'tal bezovta qildimi? Бронхипрет® - yo'talga javobimiz! U yo'tal va yallig'lanishni kamaytirish va shilimshiqni olib tashlashni osonlashtiradigan o'simlik ekstraktlari majmuasini o'z ichiga oladi. Бронхипрет® quruq va nam yo'talda yordam beradi 🌿 Бронхипрет® tabletkalar, tomchilar va sirop shaklida mavjud. Siropni 1 yoshdan katta bolalarga berish mumkin. Бронхипрет®ni eng yaqin dorixonalardan so'rang yoki 👉onlayn buyurtma bering. #реклама
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Телефондан узақ пайдаланыў депрессияға алып келеди – Илимпазлар Кореялы илимпазлар тәрепинен алып барылған изертлеўлер соны көрсетти, телефонда күнине төрт сааттан артық ўақыт өткериў өспиримлерде стрессти күшейтиўи ҳәттеки өз жанына қастыянлық етиў пикирин келтирип шығарыўы мүмкин. Сондай-ақ, смартфонлардан тез-тез пайдаланатуғын балаларда уйқы бузылыўы ҳәм депрессив белгилер бақланған. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
❗️Ҳүкиметтиң тийисли қарарына бола мәмлекетлик уйымларға бюджет есабынан Жаңа жыл корпоративлерин өткериў қадаған етилди
Оған бола, министрликлер, уйымлар, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине және мәмлекетлик үлеси 50 проценттен кем болмаған хожалық бирлеспелерине бюджет ҳәм сыртқы қаржылар есабынан Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен корпоратив илажлар ҳәм байрам дастурханын жайыў қадаған етиледи. Бул қадаған етиў әйне бюджет қаржылары ҳәм оннан тысқары қаржыларды жумсамаўға қаратылған болып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери өз айлық мийнет ҳақылары және хошаметлеў пуллары есабынан жумыстан тысқары ўақытларда Жаңа жыл байрамы илажларын шөлкемлестириўи мүмкин.
Мәмлекетке қараслы болмаған коммерциялық шөлкемлер, жеке меншик фирмалар ҳәм компаниялар буған кирмейди. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
❗️️2026-жыл 1-январьдан баслап мәжбүрий автосуғурта тарифлери асадыЖенил автомобиллер: ➖ Аймақларда: 160 000 сўм; ➖ Ташкент қаласы ҳәм ўәлаяты: 192 000 сум; ➖ ️Сырт ел номерли (ўақтынша киргизилген): 320 000 сум. ✅ Жүк автомобиллери: ➖ Аймақларда: 280 000 сум (48 000 → 280 000); ➖ Ташкент қаласы/ўәлаяты: 336 000 сум (67 200 → 336 000); ➖ ️Шет ел номери: 560 000 сўм. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
❗️Метан заправкалар бүгин 10:00 ден 16:00ге шекем ислейди Бүгин, 22-декабрь, саат 10:00 ден 16:00 ге шекем Республика бойынша барлық "метан заправкалар" әдеттеги режимде жумыс алып барады, - Энергетика министрлиги. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
️Бүгин 22-декабрь — Энергетиклер күни Барлық тараў ўәкиллерин бүгинги кәсиплик байрам менен қутлықлаймыз. Энергетика тараўында ҳүжданлы түрде халық ушын күни-түни мийнет етип атырған инсанлар жүдә көп. Ҳәзирги машақатлы ҳәм аўыр ўақытларда бәршеңизге күш-қуўат ҳәм денсаўлық-саламатлық тилеймиз. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
🏥GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы Жаңа жыл мүнәсебети менен 18-28 декабрь аралығында   "Таза жылға тазаланған организм менен" Акциясын  жариялайды.  🎁Акцияда организмди қуртлардан тазалаў ҳәм Гидроколонотерапия процедурасына 25% шегирме жариялайды. 📄Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
✔️Иши тез-тез аўырыўы; ✔️Теридеги ақ дағлар; ✔️Колит ҳәм диярея; ✔️Аллергиялық кеселликлер; ✔️Киндик әтирапы аўырыўы; ✔️Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; ✔️Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; ✔️Түнде тисин ғышырлатыў;  ✔️Көзлерди пирпиретиў;✔️Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б
🏥Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы. 📞Телефонлар: +998956013377 яки +998973543377    Instagram | Тelegram | #реклама
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Бүгин, 22-декабрь, саат 10:00 ден 16:00 ге шекем Республика бойынша барлық "метан заправкалар" әдеттеги режимде жумыс алып барады, - Энергетика министрлиги.
Показати все...
«Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» байрамы мүнәсибети менен бир қатар спортшылар ҳәм де халық ойыны жеңимпазлары сыйлықланды 🐎 10 айлаў ат шабысы: 🥇 1-орын ─ «Onix» автомобили 🥈 2-орын ─ 50 млн сум 🥉 3-орын ─ 30 млн сум 🐎 7 айлаў ат шабысы: 🥇 1-орын ─ 30 млн сум 🥈 2-орын ─ 20 млн сум 🥉 3-орын ─ 15 млн сум 🐎 5 айлаў ат шабысы: 🥇 1-орын ─ 20 млн сум 🥈 2-орын ─ 15 млн сум 🥉 3-орын ─ 10 млн сум 🐎 3 айлаў ат шабысы: 🥇 1-орын ─ 10 млн сум 🥈 2-орын ─ 5 млн сум 🥉 3-орын ─ пильесос 🐎 1 айлаў ат шабысы: 🥇 1-орын ─ холодильник 🥈 2-орын ─ телевизор 🥉 3-орын ─ пильесос 🐏 Қошқар урысы: 🥇 1-орын ─ гибрид мотороллер 🥈 2-орын ─ электромотороллер 🏅 Буннан басқа орынлар ─ скутер ҳәм баҳалы саўғалар 🤼 Гүрес (бас байрақ): 🥇 1-орын ─ 40 млн сум 🥈 2-орын ─ 30 млн сум 🥉 3-орын ─ 20 млн сум 🤼 Гүрес (66, 73, 81, 83+ кг): 🎁 Холодилник ҳәм басқа да баҳалы саўғалар Сондай-ақ, «Қыз қуўыў» жуплықлары, «Теңге алыў» бойынша ҳәр бир жеңимпаз, «Көкпар» жарысларының жеңимпазларының ҳәр бири баҳалы саўғалар менен хошаметленди. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Айлардың қарақалпақша атларын билесиз бе? Дәлиў ➖ Январь Ҳүт ➖ Февраль Ҳамал ➖ Март Сәўир ➖ Апрель Жаўза ➖ Май Саратан ➖ Июнь Ҳәсет ➖ Июль Сүмбиле ➖ Август Мийзан ➖ Сентябрь Ақырап ➖ Октябрь Қаўыс ➖ Ноябрь Жедди ➖ Декабрь 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында: 🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 271 000 сўм; 🔹базалық есаплаў муғдары – 412 000 сўм; 🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 471 000 сўм; 🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 918 000 сўм; 🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 1 012 000 сўм; 🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 1 012 000 сўм; 🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (918 000 сўм)нан 1 012 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 1 012 000 сўм. 🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 820 000 сўм; 🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 820 000 сўм. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Өзбекстанда метан заправкаларда газ бар-жоқлығын көрсетиўши қосымша иске түсти Өзбекстанда айдаўшыларға қолайлық жаратыў мақсетинде "Avto24" мобил қосымшасы тест режиминде иске түсти. Пайдаланыўшылар усы платформа жәрдеминде қайсы шақапшада метан газ бар ямаса жоқ екенин, сондай-ақ, бензин ҳәм электромобилларды қуўатлаў станциялары ҳаққындағы мағлыўматларды реал ўақыт режиминде анықлаўы мүмкин. Қосымша арқалы ең жақын шақапшаларды табыў имканияты да жаратылған болып, бул әсиресе қыс мәўсиминде айдаўшылардың ўақтын үнемлеўге хызмет етеди. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
Турақ жай ушын субсидия кимлерге бериледи? Нызамшылыққа муўапық, турақ жай сатып алыў ямаса жеке тәртиптеги турақ жайларды қурыў ҳәм реконструкция қылыў ушын субсидия дараматы жоқары болмаған ҳәм турақ жайын жақсылаўға мүтәж пуқараларға ажыратылыўы белгиленген. Яғный орташа айлық дараматы төмендегише болғанлар дараматы жоқары болмаған пуқара ямаса шаңарақ деп есапланады: Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда белгиленген мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2,7 есесинен 8 есесине шекем (2 млн 835 мың сумнан 8 млн 400 мың сумға шекем); Мағлыўмат ушын: бүгинги күнде мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары 1 млн 50 000 су́м. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
00:58
Відео недоступнеДивитись в Telegram
Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин? ⚡️Зәҳәрли газден жаныўшы материялдың (көмир, тәбийғый гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес. ⚡️Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди: -Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы; -Тәбийғый гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек); -Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы; -Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди. ⚡️Зәҳәрли газден зыянланыў инсан денсаўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшилик жағдайы келип шығыўына алып келеди. ⚡️Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң! 👉 @Karakalpak24
Показати все...
3.40 MB
00:10
Відео недоступнеДивитись в Telegram
CHANGAŃdan super akciya! 2025-jıl 1-dekabrden 31-dekabrge shekem hár bir CHANGAŃ: UNI-V, UNI-T, UNI-K hám CS55 Plus avtomobillerin satıp alıwshılar tuwridan tuwri qımbat bahalı sawǵalar oyınınıń qatnasıwshısına aylanadı. Bas sawǵa: Dubayǵa eki adamlıq jollama! Tolıq maǵlıwmat: changan.uz 📞+998712088855
Показати все...
1080 1080 10 sec 2 kp.mp418.86 MB
Фото недоступнеДивитись в Telegram
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ! Нөкис қаласы ҳәкиминиң 2025-жыл 20-декабрь күнги 233-13-195-Ф/25-санлы бийлиги менен Нөкис қаласында "Президент шыршасы" ҳәм Жаңа жыл байрамы салтанатлы түрде өткерилиўине байланыслы қатнасыўшылардың ҳәм автотранспорт қуралларының ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў, жол-транспорт ҳәдийселериниң алдын алыўда көшелерде автотранспорт қуралларының ҳәрекетин ўақтынша шеклеў мақсетинде қаладағы И.Каримов көшесиниң Т.Қайыпбергенов ҳәм Қарақалпақстан көшелери, Пушкин көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери ҳәм де Ғәрезсизлик көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери аралығы усы жылдың 20-декабрь күнинен баслап 2026-жылдың 10-январь сәнесине шекем 3.1 "Кириў қадаған" жол белгилери менен ўақтынша жабылатуғынлығын хабарлаймыз. Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҚХ ЖҲҚБ Мәлимлеме топары 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
️Мектеп директоры лаўазымына талабанлар менеджерлик курсын питкерген кадрлар арасынан таңлап алынады Бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң 681-санлы қарарына қол қойылған. Қарар менен тастыйықланған Режеге муўапық: 2024-жыл 1-сентябрьден баслап, менеджерлик сертификатына ие болған төмендеги басшы хызметкерлерге усы сертификаттың әмел етиў мүддети даўамында лаўазым мийнет ҳақысына айлық қосымша үстемелер төленеди: ➖ мектеп директорларына - 50%; ➖ мектеп директоры орынбасарларына - 30%. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
❗️️Блоққа түскен пластик картаны банкке бармастан активлестириў жолы ️Буның ушын бәринен бурын "Call"-орайына қоңыраў етиң: 🔹 Халық банки - 1106; 🔹 Өзмиллийбанк - 1344; 🔹 ТБЦ Банк - 1150; 🔹 Асакабанк - 1152; 🔹 ӨзҚБ - 1180; 🔹 Инфинбанк - 1214; 🔹 Агробанк - 1216; 🔹 Туронбанк - 1220; 🔹 Ипотека-банк - 1233; 🔹 Тенге Банк - 1245; 🔹 "Қишлоққурилишбанк" - 1254; 🔹 "Ҳамкорбанк" - 1256; 🔹 "Даврбанк" - 1284; 🔹 МКбанк - 1285; 🔹 Трастбанк - 1287; 🔹 Анорбанк - 1290; 🔹 Зираат Банк - 1293; 🔹 "Жипек жолы" банки - 1296; 🔹 Өзмиллийбанк - 1344. 👉 @Karakalpak24
Показати все...
Фото недоступнеДивитись в Telegram
25-26-27-28-dekabr kúnleri estradamızdıń jarqın juldızı Ilxam Joldasbaevtiń shou konsertine mirat etemiz. Ótkeriliw ornı: Qaraqalpaqstan kórkem-óner sarayı Baslanıw waqtı: 19:00 📞 +99894-869-15-16 +99890-095-95-32 #реклама
Показати все...