Каракалпак 24
Kanalga Telegram’da o‘tish
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
Ko'proq ko'rsatish2025 yil raqamlarda

101 207
Obunachilar
-8024 soatlar
-3127 kunlar
-1 94130 kunlar
Postlar arxiv
Photo unavailableShow in Telegram
🎄 Uzum Marketda archalarga Foyda to‘lqini
Bayramning asosiy sababchisini didingizga mos tarzda hamda 80% gacha chegirmalar bilan tanlang.
➡️ To‘plamga o‘tish ⬅️
Photo unavailableShow in Telegram
Академиялық лицей ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелери педагоглары ушын аттестация 16-декабрь күни тест түринде болып өтеди.
Тест сынақлары testadmin.uzedu.uz платформасы арқалы орайласқан ҳалда белгиленген 14 аймақтағы имаратларда (сүўретте дизим) реал ўақыт режиминде (онлайн) өткериледи.
️Тест сынақлары үш сменада шөлкемлестириледи:
1️-смена - саат 09:00
2️-смена - саат 11:30
3️-смена - саат 14:00 де басланады.
️Педагоглар тест сынақларына төмендеги ҳүжжетлер менен келиўи зәрүр:
- паспорт ямаса ID-карта;
- педагог руқсатнамасы (pedagog.uzedu.uz платформасы арқалы жүклеп алынады).
Аттестация нәтийжелеринен наразы болған педагоглар нәтийжелер жәрияланған күннен баслап 10 күн ишинде саат 09:00 ден 18:00 ге шекем апелляция комиссиясына ямаса министрликтиң рәсмий электрон почтасы (pedapellatsiya@edu.uz) арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.
Педагоглардан белгиленген ўақытқа қатаң әмел етиў ҳәм тест сынақлары басланыўынан кеминде 30 минут алдын жетип келиўи соралады.
Тест өткерилетуғын имаратлардың жайласыўы:
️Қарақалпақстан Республикасы
👉 @Karakalpak24
01:49
Video unavailableShow in Telegram
❗️Телеграмда қәўипли схема пайда болды: "Даўыс бериў"ди бассаңыз - аккаунтыңызды жоғалтасыз
Тармақларда қәўипли сораўнама тарқалмақта: "Даўыс бериў" түймесин басыўыңыз бенен алдаўшылар сизиң Телеграм аккаунтыңызға кириў имканиятына ийе болады. Дәслеп ҳеш нәрсе сезилмейди, бирақ кейин ала аккаунт пүткиллей алдаўшылар қадағалаўына өтип кетеди.
Өзиңизди қорғаў ушын:
➖ гүманлы силтемелерге кирмең;
➖ актив қурылмаларды турақлы түрде тексерип турың;
➖ еки басқышлы аутентификацияны жағың.
👉 @Karakalpak24
TELEGRAM.mp425.26 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❓🩺 Қайсы шыпакер нени емлейди билесиз бе?
▪️Шаш кеселликлери шыпакери – Трихолог
▪️Тери кеселликлери – Дерматолог
▪️Жүрек шыпакери – Кардиолог
▪️Көз шыпакери – Офталмолог
▪️Баўыр шыпакери – Гепатолог
▪️Нерв шыпакери – Невролог
▪️Асқазан шыпакери – гастроэнтеролог
▪️Сүйек жарақатлары шыпакери– Травматолог
▪️Геморрой шыпакери – Проктолог
▪️Буўын кеселликлери – Ревматолог
▪️Өспе кеселликлери шыпакери – Онколог
▪️Бүйрек шыпакери – Нефролог
▪️Тамақ, мурын, қулақ шыпакери – отоларинголог (ЛОР)
▪️Жынысый система шыпакери – Уролог, Гинеколог
▪️Дем алыў органлары шыпакери – Пульмонолог
Дерек
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Ендигиден былай нақ пулға турақ жай, автомобиль алды-сатты ислей алмайсыз
2026-жыл 1-апрельден төмендегилер ушын төлемлер тек ғана банк карталары ямаса электрон төлем системалары арқалы әмелге асырылады:
➖ мәмлекетлик органлар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер;
➖ электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўынан пайдаланғаны ушын төлемлер;
➖ ️алкогол ҳәм темеки өнимлери;
➖ ️транспортларға жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы халыққа нефт-газ өнимлерин сатыў ҳәм электрде ҳәрекетленетуғын транспортларды зарядлаў бойынша хызметлер;
➖ ️Баҳасы 25 млн сумнан асатуғын товар ҳәм хызметлер;
➖ Көшпес мүлк обектлери, ислеп шығарылғанына 10 жылдан аспаған М, N, О ҳәм G категорияларына киретуғын транспортлар ҳәмде арнаўлы автотранспорт қуралларын сатыў ҳәм сатып алыў.
👉 @Karakalpak24
🎉 DIQQAT! 25 DEKABR KUNI IKKI KVARTIRA VA LIXIAN L9 AVTOMOBILINING AKSIYA O’YINI BO’LIB O’TADI!
Yangi Mahalla turar-joy majmuasi xaridorlari orasida ulkan aksiya o‘tkaziladi — har bir ishtirokchi shinam va zamonaviy uy sohibiga aylanish imkoniyatiga ega! 🏡
✨ Majmuaning asosiy afzalliklari:
🏙️ Zamonaviy, qulay va keng xonadon rejalari
🌿 Yashil hudud va xavfsiz bolalar maydonchalari
🅿️ Avtoturar joy va doimiy qo‘riqlanadigan hudud
🎒 Yaqin atrofda maktablar va bolalar bog‘chalari
📍 Toshkentning qulay va rivojlangan hududida joylashgan
💰 Xarid shartlari:
• Boshlang‘ich to‘lov — 49 mln so‘mdan
• Oylik to‘lov — 4,9 mln so‘mdan
• 100% to‘lovda — 1 m² narxi 7 mln so‘m
🔥 Qulay narxlarda kvartira xarid qilib, qimmatbaho sovrinlar o‘yinida ishtirok etish imkoniyatini boy bermang!
📞 200111111
📍 Toshkent, Yangihayot tumani
#реклама
Photo unavailableShow in Telegram
️Жаңа жылда 4 күнлик дем алыс күни болыўы мүмкин
Айтыўларына қарағанда, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳүкиметке жаңа жыл байрамында избе-из 4 күн дем алыc бойынша усыныс киргизген.
Ҳәзирги буйрықларда хызметкерлердиң жумысқа шығыў күнлери 31-декабрь, 2 ҳәм 3-январь етип белгиленген.
Егер пәрман қабыл етилсе, бул күнлер кейинги биринши жумыс күнине көширилиўи мүмкин.
Жаңа қарар жәрияланыўы күтилмекте.
👉 @Karakalpak24
00:45
Video unavailableShow in Telegram
❗️ Бул видеоны барлық пенсионерлер көриўи керек.
👉 @Karakalpak24
50%aaa.mp423.96 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Yangi yilga tayyorgarlik avjida 🥳
Uylarni bezash, kiyim tanlash, yaqinlar va do‘stlar uchun sovg‘alar tayyorlash, bayram menyusini tuzish…
Ishlar ro‘yxati katta — ularni tezroq bajarishga esa Uzum Market yordam beradi. Ilovada allaqachon bayramona tovarlarga 80% gacha chegirma bilan foyda to‘lqini boshlangan.
➡️ Xaridlarga o‘tish ⬅️
Photo unavailableShow in Telegram
ХАБАР
2025-жылдың 13-декабрь күни Хожели районы "Саманкөл" мәҳәллесиндеги "Фахрийлар" көшесинде жасаўшы шаңарақта аўыр ақыбетли бахытсыз ҳәдийсе жүз берди.
Ҳәдийсе орнына тергеў-оператив топар ағзалары, Қ.Р. Ишки ислер министри Б.Торебеков, Айрықша жағдайлар басқармасы баслығы А.Даулетов, район ҳәкими Ж.Ермашев, прокуроры А.Халимов, ИИБ, Айрықша жағдайлар бөлими ҳәм Газ тәмийнлеў кәрханасы хызметкерлеринен дүзилген исши топар ағзалары тез арада жетип барып, жүз берген жағдайлар бойынша үйрениў ҳәм көзден өткериў жумысларын әмелге асырды.
Анықланыўынша, 2025-жыл 13-декабрь күни Саманкөл АПЖ Камысшалы елатлы пункти Фахрийлар көшеси 24-үйди ижараға алып 2 ақлығы менен бирге жасап атырған пуқара А.Ж. үйин жылытыў мақсетинде қолбала ысытыў печьти өзбасымшалық пенен морысын кесип алып, усы печьти басқа ханаға көширген ҳәм оны морысыз ҳалында газ тармағына нызамсыз рәўиште жалғаған. Буның ақыбетинде шаңарақ ағзалары газдиң жанған түтининен, яғный ийс газинен күшли зәҳарленип, пуқара А.Ж. ҳәм оның ақлықлары 2011-жылғы А.С. (8-класс) ҳәм 2015-жылғы А.Қ. (4-класс) лар өзлерине келместен ўақыя орнында қайтыс болған. Хожели районы ҳәкимлиги тәрепинен марқумның шаңарағына социаллық жәрдемлер көрсетилмекте.
Ҳәзирги ўақытта бул ҳәдийсе бойынша тийисли ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен тергеў алды тексериў жумыслары алып барылмақта.
Тийисли жуўапкер шахслардың қарсыларына бир қанша хызмет тексериўлери баслап жиберилди. Алып барылған жумыслардың барысы ҳаққында ҒХҚ арқалы мағлыўмат берип барылады.
Хожели районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Ғалаба хабар қуралларды дизимге алыўшы шөлкемниң жумысы тастыйықланды
"Мәлимлеме ҳәм санлы технологиялар тараўларында мәмлекетлик қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-371-санлы, 11.12.2025 ж.) қабыл етилди.Қарарға бола, Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясы төмендеги тараўларда арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди: 🔹 информацияластырыў, телекоммуникациялар, почта байланысы, санлы технологиялар тараўларында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; 🔹 ғалаба хабар қуралларын дизимге алыў ҳәм олар тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўин мониторинг ҳәм қадағалаў; 🔹 балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў. ✅ 2027-жыл 1-январьға шекем төмендеги имканиятларға ие "Санлы қадағалаў" платформасы иске түсириледи: 🔸 халық жасап атырған, соның ишинде, алыс ҳәм шетки аймақлардағы санлы технологиялар ҳәм телекоммуникациялар тараўларында көрсетилип атырған хызметлерди мониторинг етиў; 🔸 мәлимлеме системалары, ресурслары, программалық өнимлер ҳәм мағлыўматлар базаларында жүзеге келген үзилис ямаса тоқтаў жағдайы бойынша тийисли шаралар көриў; 🔸 физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлардың оператив көрип шығылыўын шөлкемлестириў. 👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 33 жыл
1992-жыл 14-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққындағы нызам қабыл етилди. Бүгин бул сәнеге 33 жыл толды.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
️Қазақстан-Өзбекстан шегарасындағы "Казигурт" пункти ашылды
Автомобиллер ушын жаңаланған шегара өткериў пункти мәмлекетлик шегараны өтиў ўақтын 30 минутқа шекем қысқартты ҳәм автомобильлер санын күнине 1000 ға шекем көбейтти.
Жаңа шегара пунктинде пиядалар, жеңил ҳәм жүк автомобиллери ушын ҳәрекетлер анық ажыратылған.
Жүк машиналары ушын болса автоматикалық система арқалы техникалық тексериўди тоқтатпастан өтиў имканиятын беретуғын жоллар шөлкемлестирилген.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️ЕСЛЕТПЕ
➖ Балаларды үйде жалғыз қалдырмаң.
➖ ️️Шырпы, зажигалка, газ - бул ойыншық емес!
➖ ️️Перзентлериңизди бәрқулла қадағалаң, оларға от пенен ойнамаў кереклиги ҳаққында ескертиң!
➖ ️Бундай жағдайлар үлкен өрт ҳәм апачылықларға себеп болыўы мүмкин.
➖ ️Балаларды бәрқулла бақлап барың.
ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Қарақалпақстандағы 124 метан заправкалардың жумысы азанғы саат 06:00 ден кешки 18:00 ге шекем етип белгиленди.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Сессиялар 12-январьдан басланады
Жоқары билимлендириў министриниң буйрығына бола, 2025/2026-оқыў жылы гүзги семестри оқыў процеси ҳәм пәнлерден өткерилетуғын қадағалаўлар белгиленген график тийкарында 2026-жыл 12-январьдан баслап шөлкемлестириледи.
Студентлерге гүзги семестр жуўмағы бойынша өткерилетуғын жуўмақлаўшы қадағалаў жумысларына байланыслы барлық мағлыўматлар жеткериледи.
Имтиханларды талап дәрежесинде шөлкемлестириў ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеўге байланыслы илажлар әмелге асырылады.
Қысқы дем алыс болса 10-январьға шекем даўам етеди.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️МOБ: пуқараларымыз социаллық тармақлар арқалы келип атырған хабарлардан хабардар болыўы керек!
Социаллық тармақлар арқалы айырым пуқараларымызға (аты-фамилиясы ҳәм ҳәттеки паспорт номерлери менен) "Мәжбүрий орынлаў бюросы атынан орынлаў ҳүжжети ямаса қарыздарлық ҳаққында жиберилип атырған хабарлар фейк есапланады.
Бул хабар ҳәм "apk" қосымшалары тийкарында алдаўшылардың алдаў жолы болып, қосымшаны жүклеп алғанда, сизге тийисли пластик карта мағлыўматлары ҳәм пул қаржылары қолға киргизилиўи де мүмкин.
Умытпаң! Мәжбүрий орынлаў бюросы атынан орынлаў ҳүжжетлери ҳәм қарыздарлықлар бойынша хабарлар пуқараларымызға мобил SMS көринисинде ҳәмде өз алдына "МOБ" инфо номери жәрдеминде бериледи.
Абайлы болың, шахсыңызға тийисли мағлыўматларды бийгана шахслардан абайлаң!
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
🤧 Kuz mavsumida bolangiz tez-tez shamollab qolyaptimi? — vaqt sinovidan o‘tgan eng jajjilarni himoyalash uchun preparart yordamga keladi.
Bolalar Anaferoni — bolalarda O‘RVI va grippning oldini olish hamda davolash uchun samarali vosita:
✔️infeksiyaga qarshi kurashishga yordam beradi
✔️immunitetni kuchaytiradi
✔️1 oylikdan katta bolalar uchun mo‘ljallangan
So‘rish uchun tabletka shaklida chiqariladi — uyda qabul qilish va o‘zi bilan olib yurish uchun qulay. Tomchilar esa eng kichkintoylar uchun mos keladi
ℹ️Batafsil saytda: https://www.anaferon.com/uz-ru/
Qarshi ko‘rsatmalar mavjud. Qo‘llashdan oldin yo‘riqnoma bilan tanishing yoki shifokor bilan maslahatlashing
#реклама
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады
2025/2026-оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден (баслаўыш 1-4-классларда 27-декабрь - шемби күнинен) басланады. Дем алыс 2026-жыл 10-январьға шекем (14 календарь күн) даўам етеди.
2026-жыл 11-январь екшемби - дем алыс күнине туўры келиўи себепли, III-шерек сабақлары 2026-жыл 12-январьдан басланады.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
️Жаңа жылда 4 күнлик дем алыс күни болыўы мүмкин
Айтыўларына қарағанда, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳүкиметке жаңа жыл байрамында избе-из 4 күн дем алыc бойынша усыныс киргизген.
Ҳәзирги буйрықларда хызметкерлердиң жумысқа шығыў күнлери 31-декабрь, 2 ҳәм 3-январь етип белгиленген.
Егер пәрман қабыл етилсе, бул күнлер кейинги биринши жумыс күнине көширилиўи мүмкин.
Жаңа қарар жәрияланыўы күтилмекте.
👉 @Karakalpak24
