Каракалпак 24
Kanalga Telegram’da o‘tish
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
Ko'proq ko'rsatish2025 yil raqamlarda

101 177
Obunachilar
-8524 soatlar
-3487 kunlar
-1 91030 kunlar
Postlar arxiv
Photo unavailableShow in Telegram
️"Мектеп кеңесгөйы" лаўазымларына таңлаў болып өтпекте
Оқыўшылардың басламасын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Мектеп кеңесгөйы лаўазымы шөлкемлестирилди.
Система басқышпа-басқыш жолға қойылады:
➖ 2025-жыл октябрьден - 3400 мектепте;
➖ 2026-жылдан - 6700 мектепте;
Айлық - директор орынбасарына теңлестирилген.
Менеджерлик сертификаты барларға – +30% үстеме.
Ҳәзирги ўақытта бул лаўазымларға таңлаўлар болып өтпекте: http://tanlov.uzedu.uz
👉 @Karakalpak24
01:49
Video unavailableShow in Telegram
❗️Телеграмда қәўипли схема пайда болды: "Даўыс бериў"ди бассаңыз - аккаунтыңызды жоғалтасыз
Тармақларда қәўипли сораўнама тарқалмақта: "Даўыс бериў" түймесин басыўыңыз бенен алдаўшылар сизиң Телеграм аккаунтыңызға кириў имканиятына ийе болады. Дәслеп ҳеш нәрсе сезилмейди, бирақ кейин ала аккаунт пүткиллей алдаўшылар қадағалаўына өтип кетеди.
Өзиңизди қорғаў ушын:
➖ гүманлы силтемелерге кирмең;
➖ актив қурылмаларды турақлы түрде тексерип турың;
➖ еки басқышлы аутентификацияны жағың.
👉 @Karakalpak24
TELEGRAM.mp425.26 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Исбилермен ҳаялларға 100 млн сўмға шекем гиреўсиз кредит бериледи
«Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-103-санлы, 14.03.2025-ж.) қабыл етилди:
Қарарға муўапық, 2025-жылда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:
▪️2 миллион ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў;
▪️250 мың ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў;
▪️250 мың ҳаял-қызларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў;
▪️50 мың мүтәж ҳаял-қызларды санаторийларда саўалландырыў ҳәмде оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестириў.
📜 “HAMROH” исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде 2025-жыл 1-майдан:
🔸Ҳаял-қызларға «жасыл жойбарлар» ҳәм IТ тараўындағы жойбарларды әмелге асырыўына, сондай-ақ, кеминде 5 ҳаял-қыздың исбилерменлигин жолға қойыўға жәрдем берген 1 мың «устаз» исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем грант ажыратыў жолға қойылды.
🔸Унамлы кредит тарийхына ийе болған ҳаял-қызларға 100 млн сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады;
🔸Ҳаял-қызлар тәрепинен кредит есабынан сатып алынып атырған әсбап-үскенелер жеткерип берилгенге шекем «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен кепиллик берилиўи жолға қойылады.
️👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Өзбек-аўған шегарасында пуқаралар ҳәрекети тикленди
Термиз - Ҳайратон көпири арқалы пуқараларды өткериў қайта жолға қойылды. Енди жолаўшылар еки мәмлекет арасында тиккелей ҳәм қәўипсиз ҳәрекетлениўи мүмкин. (Визалық талап өзгермеген).
2021-жылдан берли әмелде болған шеклеўлер себепли исбилерменлер Аўғанстанға барыў ушын узақ айланба жолдан пайдаланыўға мәжбүр еди. Енди бул машқала сапластырылды.
️Шегараның ашылыўы экспортшылар ушын үлкен имканият жаратпақта. Аўғанстанға экспорт көлемин 2026-жылы 2,5 миллиард долларға жеткериў бойынша имканиятлар кеңеймекте.
Исбилерменлер ушын жеңилликлер:
➖ ️Ҳайратон яки Мазори Шарифда қоймахана ашқанларға - қоймахана қәрежетлери 100% қаплап бериледи;
➖ өнимлерди Аўғанстанның 34 ўәлаятында реклама етиў қәрежетлери - толық компенсация етиледи.
👉 @Karakalpak24
00:44
Video unavailableShow in Telegram
🆘 Кѳз қабағының салбыраўы (птоз) кеселликлеринен тез айығып кетиўди қәлейсиз бе?
⏰ 5-ДЕКАБРЬ күни Ташкент қаласынан 15 жыллық ис тәжирийбеге ийе офтальмолог доктор Дилшод Қаюмович клиникамызға келип, кѳз қыйсықлығы ҳәм кѳз қабағының салбыраўы (птоз) кеселликлерин емлеў бойынша операциялар ѳткереди.
📍 Мәнзил: Нѳкис қаласы, А.Досназаров кѳшеси 8А-жай.
Бағдар: Мебель орайы.
Телефон: +998 55-103-03-03
📱Телеграм 📱Инстаграм
#реклама
IMG_5017.MP415.27 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Ендигиден былай бақша тәрбияшылары ҳәм психологлар да кәсиплик сертификаттан өтеди
2026-жылдан баслап мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине биринши мәрте жумысқа қабыл етилип атырған стажёр-тәрбияшылар ҳәм бақша психологлары да мәжбүрий кәсиплик сертификатлаў сынақларынан өтеди.
Бир жыллық жумыс мүддети жуўмақланғаннан соң, тек ғана сертификат алған ямаса аттестацияда жетерли нәтийже көрсеткен педагоглар менен турақлы мийнет шәртнамасы дүзиледи.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
ЖООларда контракт төлеў мүддетлери жаңаланды
Өзбекстанда мәмлекетлик ЖООларда коньтракт төлеў тәртиби жаңаша белгиленди.
✅ Жаңа нызамға бола:
➖ 25% - абитуриентлер ушын 15-сентябрьге шекем, жоқары басқышлар ушын 1-октябрьге шекем;
➖ 50% - 1-январьға шекем;
➖ 75% - 1 мартқа шекем;
️➖ 100% - 1-майға шекем төленеди.
Соның менен бирге, ЖОО ректоры ямаса Мәмлекетлик комиссия бул мүддетлерди созыўы мүмкин.
️👉 @Karakalpak24
02:33
Video unavailableShow in Telegram
❗️Ата-аналар дыққатына!
2010-жылдан кейин туўылған балаларды урмаң, қатты сөйлемең!
Илимпазлардың атап өтиўинше, олар заманагөй технология дәўиринде, оператив гаджетлер ҳәм ақыллы техникалар арасында туўылып өспекте. Оларда еле қундақлық ўақтында-ақ 2-3 исти бирдей ислей алыў қәбилети қәлиплескен.
Үлкен итимал менен цивилизациялық революцияда жас әўладтың роли үлкен болады екен.
👉 @Karakalpak24
2010_жылдан_бері_қарай_туған_баланы_ұруға_болмайды_VCIohgAHX_U_133.mp44.00 MB
Photo unavailableShow in Telegram
️Студентлердиң жумыс ислеўи нызамға қайшы емес
Студентлердиң жумыс ислеўине ҳеш қандай шеклеў жоқ. Қәлесе, толық 1 ставкада да ислеўи мүмкин.
Мәселен, Педагогика бағдары студентлери - 3-курстан баслап улыўма билим бериў мектеплеринде тийкарғы жумыс орны сыпатында сабақ бериў ҳуқықына ийе.
Басқа шөлкемлерде болса студентлер маманлық талап етилмейтуғын жумыслар ямаса өз бағдары бойынша муўапық жумысларда жумыс алып барыўы мүмкин.
Қысқаша айтқанда студенттиң ислеўи нызамлы, тек ғана мийнет шәртнамасы дурыс рәсмийлестирилген болыўы керек.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Бүгин, 2-декабрь күни оңлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы айырым жерлерде газ тәмийнаты ўақытша тоқтатылады
➖ Тахтакөпир районы (09:00 - 18:00)
“Тахтакөпир” ППЖ, “Ғарезсизлик”, “Айдын жол”, “Дәўир” МПЖ ҳәм “Атакөл”, “А.Адилов”, “Мүлик” АПЖ аймақлары➖ Қараөзек районы (10:00 - 18:00)
“Ата-макан” МПЖ ҳәм “Қараөзек”, “Есимөзек”, “Бердақ” АПЖ аймағы➖ Тақыятас районы (14:00 - 18:00)
"Найманкөл" ҳәм "Янги макон" АПЖ аймақлары👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Kommunal to‘lovlar — yanada ko‘proq foyda bilan
Izg‘irin yaqin, u bilan birga yaxshi yangiliklar ham.
Endilikda payme ilovasi orqali kommunal xizmatlar — gaz, isitish va elektr energiyasi uchun to‘langanda 3% oshirilgan keshbek olish imkoniyati bor.
*Aksiya payme plus “Hammasi ichida” obunasi doirasida gaz, elektr va isitish to‘lovlariga amal qiladi. Batafsil — havolada.
#реклама
Photo unavailableShow in Telegram
Ендигиден былай Ташкенттиң орайына тек ғана электромобиллер кире алады
Ташкентте эко-стикерлер енгизиледи. Қаланың қақ ортасына тек электромобиллер кире алды.
2026-жыл 1-апрельден баслап Ташкент қаласында ҳәрекетлениўши автомобильлер ушын қызыл, сары, жасыл стикерлер енгизиледи. Қала орайына жасыл рең менен ажыратылған орайына тек ғана ислеп шығарылғанына 3 жылдан аспаған электромобиллерге ҳеш қандай қосымша техникалық тексериўлерсиз кириўге рухсат бериледи.
Сары стикери бар автомобильлер тек сары аймаққа шекем кириўи мүмкин болады. Қызыл стикерли автомобильлер болса қаланың шетинде ҳәрекетленеди ҳәм Киши айланба жолдан ишке кире алмайды.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Мәмлекетлик хызметкерлерге мийнет ҳақы төлеў тәртиби жаңаланады
2026-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик хызметкерлердиң айлығы бирден-бир, анық ҳәм ашық-айдын принциплер тийкарында қәлиплестириледи.
Жаңа тәртипке бола, лаўазымлық мийнет ҳақы төмендеги нормальар тийкарында белгиленеди:
• жумис тәжирийбеси;
• илимий дәреже ҳәм қәнигелиги;
• хизмет нәтийжелилиги;
• кәсиплик көнликпелер ҳәм басқа көрсеткишлер.
Бул жаңалық мәмлекетлик хызметти нәтийжели, бәсекиге шыдамлы ҳәм ашық-айдын системаға айландырыўға қаратылған.
👉 @Karakalpak24
00:27
Video unavailableShow in Telegram
📣 Бизде ЖАҢАЛЫҚ!
⚠️ Тек ғана Ноябрь-Декабрь айларында
«ИМКАНИЯТ» санаториясында төлемлерди процентсиз
1 жыл даўамында бөлип төлей аласыз.
✅ «ИМКАНИЯТ»тан әжайып имканият.
🏥 Мәнзил: Нөкис қаласы, «Гербиш завод» посёлкасы.
25-маршруттың соңғы бәндиргиси.
☎️ тел: +998551030303
📱Телеграм 📱Инстаграм
#реклама
IMG_5097.MP44.58 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Түркменстан Орайлық Азияда биринши болып пластик пулды айланысқа киргизди
Полимер (пластик) банкнот жуқа, беккем плёнкадан таярланады, бул оны жемирилиўге ҳәм ығаллыққа шыдамлырақ етеди.
Полимер қурамалы қорғаў елементлерин енгизиў имканиятын береди ҳәм қағаз банкнотқа салыстырғанда 2-3 есе көп хызмет етеди.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
2026-жылдан магистр оқытыўшыларға тиккелей 1-илимий тәжирийбе категориясы бериледи
Жаңа оқыў жылынан баслап муғаллимлер ушын әҳмийетли жаңалық әмелге асырылады:
➖ магистратураны питкергенлер мектепке жумысқа кириўи менен - 1-көнликпе категориясына ие болады;
➖ бакалаврди жеңилликли (қызыл) диплом менен питкергенлер болса автоматикалық түрде 2-кәнигелик категориясын алады;
️➖ оқытыўшылар ушын Мәмлекетлик хызметлер төлеми 2 есеге азайтылады.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!
Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ-жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының тапсырмасы менен Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилди.
Ҳүрметли, пуқаралар!
Егер сизде усыған байланыслы сораўларыңыз ҳәм мүрәжатларыңыз бар болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын 61 222 45 25, 61 222 91 87 телефон номерлерине азанғы саат 09:00 ден кешки 19:00 ге шекем қоңыраў етиўиңиз мүмкин.
👉 @Karakalpak24
00:58
Video unavailableShow in Telegram
Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин?
⚡️Зәҳәрли газден жаныўшы материялдың (көмир, тәбийғый гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.
⚡️Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди:
-Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы;
-Тәбийғый гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек);
-Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы;
-Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди.
⚡️Зәҳәрли газден зыянланыў инсан денсаўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшилик жағдайы келип шығыўына алып келеди.
⚡️Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң!
👉 @Karakalpak24
3.40 MB
00:44
Video unavailableShow in Telegram
🆘 Кѳз қабағының салбыраўы (птоз) кеселликлеринен тез айығып кетиўди қәлейсиз бе?
⏰ 5-ДЕКАБРЬ күни Ташкент қаласынан 15 жыллық ис тәжирийбеге ийе офтальмолог доктор Дилшод Қаюмович клиникамызға келип, кѳз қыйсықлығы ҳәм кѳз қабағының салбыраўы (птоз) кеселликлерин емлеў бойынша операциялар ѳткереди.
📍 Мәнзил: Нѳкис қаласы, А.Досназаров кѳшеси 8А-жай.
Бағдар: Мебель орайы.
Телефон: +998 55-103-03-03
📱Телеграм 📱Инстаграм
#реклама
IMG_5017.MP415.27 MB
00:42
Video unavailableShow in Telegram
❗️🚧 Қоңыраттағы «бийик көпир» белгисиз мүддетке шекем жабылды
Президенттиң 132-санлы қарарына тийкар, 4Р-173 «Қоңырат-Мойнақ» автомобиль жолының 0.4-километринде жайласқан көпирде (Қоңырат дийқан базары жанында) реконструкция жумыслары әмелге асырылыўына байланыслы жол өткизгиш белгисиз мүддетке шекем жабылды.
👉 @Karakalpak24
AQNWp_P84MVgbGmLKTDoLD3tqIsd9cFYdip_QRceMbGoEmifZCHiazH9YI8_gk7.mp49.53 MB
