Каракалпак 24
الذهاب إلى القناة على Telegram
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
إظهار المزيد2025 عام في الأرقام

101 240
المشتركون
-8024 ساعات
-3127 أيام
-1 94130 أيام
أرشيف المشاركات
Photo unavailableShow in Telegram
Ғалаба хабар қуралларды дизимге алыўшы шөлкемниң жумысы тастыйықланды
"Мәлимлеме ҳәм санлы технологиялар тараўларында мәмлекетлик қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-371-санлы, 11.12.2025 ж.) қабыл етилди.Қарарға бола, Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясы төмендеги тараўларда арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип белгиленди: 🔹 информацияластырыў, телекоммуникациялар, почта байланысы, санлы технологиялар тараўларында мәмлекетлик қадағалаўды әмелге асырыў; 🔹 ғалаба хабар қуралларын дизимге алыў ҳәм олар тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўин мониторинг ҳәм қадағалаў; 🔹 балаларды олардың денсаўлығына зыян келтиретуғын мәлимлемеден қорғаў. ✅ 2027-жыл 1-январьға шекем төмендеги имканиятларға ие "Санлы қадағалаў" платформасы иске түсириледи: 🔸 халық жасап атырған, соның ишинде, алыс ҳәм шетки аймақлардағы санлы технологиялар ҳәм телекоммуникациялар тараўларында көрсетилип атырған хызметлерди мониторинг етиў; 🔸 мәлимлеме системалары, ресурслары, программалық өнимлер ҳәм мағлыўматлар базаларында жүзеге келген үзилис ямаса тоқтаў жағдайы бойынша тийисли шаралар көриў; 🔸 физикалық ҳәм юридикалық шахслардан келип түскен мүрәжатлардың оператив көрип шығылыўын шөлкемлестириў. 👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Foyda to‘lqini hamon shu yerda 🙂↕️
Yangi yilga sovg‘alar xarid qilishga ulgurmadingizmi? Buni to‘g‘rilash vaqti keldi! Uzum Marketda hamma narsani topasiz — gadjetlardan tortib bolalar o‘yinchoqlarigacha, yana barchasi 80% gacha chegirmada!
➡️ Xaridlarga ⬅️
Photo unavailableShow in Telegram
Телефондан узақ пайдаланыў депрессияға алып келеди – Илимпазлар
Кореялы илимпазлар тәрепинен алып барылған изертлеўлер соны көрсетти, телефонда күнине төрт сааттан артық ўақыт өткериў өспиримлерде стрессти күшейтиўи ҳәттеки өз жанына қастыянлық етиў пикирин келтирип шығарыўы мүмкин.
Сондай-ақ, смартфонлардан тез-тез пайдаланатуғын балаларда уйқы бузылыўы ҳәм депрессив белгилер бақланған.
👉 @Karakalpak24
Repost from N/a
Photo unavailableShow in Telegram
❗️ЕСЛЕТПЕ
➖ Балаларды үйде жалғыз қалдырмаң.
➖ ️️Шырпы, зажигалка, газ - бул ойыншық емес!
➖ ️️Перзентлериңизди бәрқулла қадағалаң, оларға от пенен ойнамаў кереклиги ҳаққында ескертиң!
➖ ️Бундай жағдайлар үлкен өрт ҳәм апачылықларға себеп болыўы мүмкин.
➖ ️Балаларды бәрқулла бақлап барың.
ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы
👉 @Karakalpak24
00:58
Video unavailableShow in Telegram
Зәҳәрли газден зыянланып атырғанымызды қалайынша билиў мүмкин?
⚡️Зәҳәрли газден жаныўшы материялдың (көмир, тәбийғый гәз, ағаш ҳ.т.б) шала жаныўынан пайда болады. Ол ийиске, дәмге яки көриниске ийе емес.
⚡️Төмендеги жағдайлар зәҳәрли газ пайда болып атырғанынан дерек береди:
-Қазанхана (котёл) морыларының тығылып қалыўы;
-Тәбийғый гәздиң сарғыш реңде жанып турыўы (нормада көк реңде жаныўы керек);
-Ханалардың жоқарғы бөлегиның қараўтып ыс басыўы;
-Ханаға киргенде бастың аўырыўы, кеўилдиң айныўы, ҳәрекетлердиң аўырласып, ериншекликтиң күшейиўи, көз жасланыў, қурғақ жөтел ҳәм денениң көкирек бөлиминде аўырыўдың пайда болыўы зәҳәрли газден зыянланып атырғаннан дерек береди.
⚡️Зәҳәрли газден зыянланыў инсан денсаўлығының бузылыўына (кома жағдайына түсип қалыўы мүмкин), ҳәттеки өлимшилик жағдайы келип шығыўына алып келеди.
⚡️Ҳүрметли пуқаралар, қәўипсизлик қағыйдаларына әмел етиң. Өмириңиз ҳәм ден-саўлығыңызға итибарсыз болмаң!
👉 @Karakalpak24
3.40 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Dekabr — foydali xaridlar va uzoq kutilgan sovg‘alar oyi ⚡️
27-noyabrdan 27-dekabrgacha BYD Bukharada Best Buy Day aksiyasi bo‘lib o‘tadi. Ushbu davrda avtomobil xarid qilgan har bir mijoz avtomatik ravishda sovrinlar o‘yinida ishtirok etadi:
🔥 iPhone 17 Pro
✔️ Va boshqa qimmatbaho sovg‘alar
Foydali xaridlar va yoqimli bonuslar uchun sizni BYD Bukharada kutamiz
📞55-520-40-44
📍Manzil: Buxoro shahri, Mustaqillik ko’chasi 55/1 (mo’ljal: Sitora avtomobil bozori)
Batafsil ma’lumot uchun 👇🏻
🔴 Instagram | Telegram
Yakuniy sovrinlar o‘yini 2025-yil 27-dekabr kuni bo‘lib o‘tadi.
#реклама
00:49
Video unavailableShow in Telegram
❓❄️ Не ушын қыста бас кийим кийиў шәрт?
Қыс мәўсими тек ғана бет ҳәм дене териси ушын емес, ал бас ушын да күшли стресс болып есапланады.
🧢 Мәлим болыўынша, денедеги ең көп ыссылық бас арқалы жоғалтылады. Бас кийим болса усы ыссылықты сақлап қалыўға жәрдем береди.
🌡 Сондай-ақ, бас кийим самалдан тосық пайда етип, дене темперетурасы төменлеўиниң алдын алады ҳәм қолайлылықты тәмийинлейди.
🤧 Изертлеўлерге қарағанда, бас кийим кийиу аязлаўдың да алдын алады.
Видеоны бас кийимсиз жүретуғын досларыңызға жиберип қойың.
👉 @Karakalpak24
Bas kiyim 1.mp424.52 MB
00:10
Video unavailableShow in Telegram
CHANGANdan super aksiya!
2025-yil 1-dekabrdan 31-dekabrgacha CHANGAN avtomobillarining barcha xaridorlari: UNI-V, UNI-T, UNI-K va CS55 Plus – avtomatik ravishda qimmatbaho sovrinlar o‘yini ishtirokchisiga aylanadi.
Bosh sovrin – Dubayga ikki kishilik yo‘llanma!
Batafsil: changan.uz
📞+998712088855
#реклама
41.mp418.84 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Бүгин де барлық метан «заправка»лар ислейди
Бүгин, 24-декабрь күни саат 10:00 ден 16:00 ге шекем республика бойынша барлық метан «заправка»лар әдеттеги режимде жумыс алып барады.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
️2026-жылдан бажыхана жыйымлары азаяды ҳәм жаңа жеңилликлер енгизиледи
Президент пәрманы менен бажыхана ҳәкимшилиги ҳәм сыртқы саўда тәртиплерин әпиўайыластырыў бойынша әҳмийетли өзгерислер белгиленди.
🔹2026-жыл 1-марттан:
➖ дәслепки декларациялаў арқалы "еркин айланысқа шығарыў" режиминде бажыхана жыйымы 20% ке азайтылады;
️➖ бажыхана төлемлерин бөлип-бөлип төлеўде 14 күнге шекем процент есапланбайды.
🔹2026-жыл 1-майдан:
➖ дәўирлик декларациялаўда бажыхана төлемлерин ҳәр бир партия ушын өз алдына төлеў имканияты жаратылады.
Сондай-ақ, қәўип анықланбаған жағдайларда декларацияларды автоматикалық рәсмийлестириў әмелияты кеңейтиледи.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады
2025/2026-оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден (баслаўыш 1-4-классларда 27-декабрь - шемби күнинен) басланады. Дем алыс 2026-жыл 10-январьға шекем (14 календарь күн) даўам етеди.
2026-жыл 11-январь екшемби - дем алыс күнине туўры келиўи себепли, III-шерек сабақлары 2026-жыл 12-январьдан басланады.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
2026-жылда мәмлекетлик бюджеттен медицина тараўына ажыратылатуғын қаржы муғдары арттырылады
Бүгин Сенатта 2026-жыл ушын мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам мақулланды.
✅ Оған бола:
➖ 2026-жылы мәмлекетлик бюджет қәрежетлери 402,6 триллион сумды, дәраматлары болса 368,9 триллион сумды қурамақта;
➖ Мәмлекетлик мақсетли қорларының дәраматлары 78,6 трлн сум, қәрежетлери 74,4 трлн сум муғдарында режелестирилмекте;
➖ Бул нызамда 2026-жылы коньсолидацияласқан бюджет дәраматлары 515,8 триллион сум, қәрежетлер болса 567,6 триллион сум муғдарында қәлиплестирилген. Бунда консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилиги жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен артпаў ўазыйпасы нәзерде тутылған;
➖ ️Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң дерлик 55 проценти ямаса 220,0 трлн сўм социаллық тараўға қаратылмақта. Соннан:
🔹 билимлендириўге: 100 трлн сўм;
🔹 медицинаға: 49 трлн сум (жылға салыстырғанда 11,4 процентке көп).
Нызамға тийкарланып, келеси жылы инфляция дәрежеси 7 процент әтирапында болыўы прогноз етилмекте.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Нөкисте кредит алып бериўди ўәде еткен алдаўшы усланды
Нөкис қаласында өзин банк хызметкери деп таныстырып, пуқараларға жеңиллетилген кредит алып бериўди ўәде еткен шахс усланды.
Ол Ташкенттеги таныслары арқалы еки пуқараға жәми 1,5 миллиард сум кредит ажыратып бериў есесине 48,4 миллион сум ақша алған ўақтында қолға түсти. Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Экостиккер бойынша жәриймалар 2026-жылдан баслап қолланылмайды
Социаллық тармақларда 2026-жылдан "экологиялық аймақ"қа киретуғын қызыл ҳәм сары категориядағы автомобиллер жәриймаға тартылатуғыны ҳаққында надурыс талқыланған хабарлар тарқалды.
Негизинде "Экологиялық транспорт" системасы шеңбериндеги жәриймалар 2028-жылдан баслап енгизиледи.
2026-жыл — бул тек ғана системаны жолға қойыў, айдаўшыларды хабардар етиў ҳәм экологиялық мәдениятты қәлиплестириў дәўири.
👉 @Karakalpak24
01:57
Video unavailableShow in Telegram
️Өзбекстанда адам өлтириў жынаяты азайып, намысқа тийиў жынаяты артпақта — ИИМ
Бул ҳаққында Ишки ислер министрлигиниң жыл жуўмағына бағышланған конференциясында мәлим етилди.
Мәмлекетте жыл даўамында дизимге алынған айырым жынаятлар статистикасы:
➖ ️Адам өлтириў - 31 (2024-жылда 60);
➖ ️Қастан денеге аўыр дене жарақатын жеткериў - 860 (965);
➖ ️Тонаўшылық - 389 (617);
➖ Басқыншылық - 119 (163);
➖ ️Жол-транспорт ҳәдийселери - 8738 (9365);
➖ ️Транспорт қуралларын алып қашыў - 216 (254);
➖ Топарлы жынаятлар - 3480 (4491);
➖ Намысқа тийиў жағдайлары - 381 (359 та, +6%).
👉 @Karakalpak24
ICHKI_ISHLAR_VAZIRLIGI_в_прямом_эфире_online_video_cutter_com.mp416.31 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Жаңа жылда 5 күн дем алыс күни сыпатында белгилениўи мүмкин
Дереклерге бола, Бәнтлик министрлиги 31-декабрьден 4-январьға шекем дем алыс күни деп белгилеў бойынша Президент Администрациясына усыныс киргизген.
Бирақ бул усыныс еле рәсмий тастыйықланбаған.
👉 @Karakalpak24
00:58
Video unavailableShow in Telegram
5 дақиқада дўконингизни хавф-хатарлардан онлайн суғурта қилинг!
"Ўзбекинвест" суғурта компаниясининг веб-сайти орқали дўкон эгалари суғурта полисини тез ва қулай расмийлаштириши мумкин.
Онлайн дўкон суғуртаси қуйидаги ҳодисаларни суғурталайди:
➖олов натижасида келиб чиққан ёнғин;
➖маиший газ портлаши;
➖электр жиҳозларидаги носозликлар;
➖электр симларининг қисқа туташуви;
➖чақмоқ уришидан алангаланиш;
➖ёнғинга сабаб бўлган портлаш.
Веб-сайт орқали дўкон суғуртасини олиш 5 дақиқадан кўп вақтни олмайди.
Веб-сайтга ҳавола: https://insurance.uz/products/my-шоп
Батафсил маълумот учун: +998712076000
#реклама
IMG_7986.MP442.65 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Ертең де метан заправкалар саат 16:00 ге шекем ислейди
22-декабрь саат 10:00 ден 16:00 ге шекем, республика бойынша барлық "метан заправка"лар әдеттеги режимде жумыс ислейди.
👉 @Karakalpak24
