Каракалпак 24
رفتن به کانال در Telegram
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
نمایش بیشتر2025 سال در اعداد

101 259
مشترکین
-8024 ساعت
-3127 روز
-1 94130 روز
آرشیو پست ها
00:49
Video unavailableShow in Telegram
❓❄️ Не ушын қыста бас кийим кийиў шәрт?
Қыс мәўсими тек ғана бет ҳәм дене териси ушын емес, ал бас ушын да күшли стресс болып есапланады.
🧢 Мәлим болыўынша, денедеги ең көп ыссылық бас арқалы жоғалтылады. Бас кийим болса усы ыссылықты сақлап қалыўға жәрдем береди.
🌡 Сондай-ақ, бас кийим самалдан тосық пайда етип, дене темперетурасы төменлеўиниң алдын алады ҳәм қолайлылықты тәмийинлейди.
🤧 Изертлеўлерге қарағанда, бас кийим кийиу аязлаўдың да алдын алады.
Видеоны бас кийимсиз жүретуғын досларыңызға жиберип қойың.
👉 @Karakalpak24
Bas kiyim 1.mp424.52 MB
00:10
Video unavailableShow in Telegram
CHANGANdan super aksiya!
2025-yil 1-dekabrdan 31-dekabrgacha CHANGAN avtomobillarining barcha xaridorlari: UNI-V, UNI-T, UNI-K va CS55 Plus – avtomatik ravishda qimmatbaho sovrinlar o‘yini ishtirokchisiga aylanadi.
Bosh sovrin – Dubayga ikki kishilik yo‘llanma!
Batafsil: changan.uz
📞+998712088855
#реклама
41.mp418.84 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Бүгин де барлық метан «заправка»лар ислейди
Бүгин, 24-декабрь күни саат 10:00 ден 16:00 ге шекем республика бойынша барлық метан «заправка»лар әдеттеги режимде жумыс алып барады.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
️2026-жылдан бажыхана жыйымлары азаяды ҳәм жаңа жеңилликлер енгизиледи
Президент пәрманы менен бажыхана ҳәкимшилиги ҳәм сыртқы саўда тәртиплерин әпиўайыластырыў бойынша әҳмийетли өзгерислер белгиленди.
🔹2026-жыл 1-марттан:
➖ дәслепки декларациялаў арқалы "еркин айланысқа шығарыў" режиминде бажыхана жыйымы 20% ке азайтылады;
️➖ бажыхана төлемлерин бөлип-бөлип төлеўде 14 күнге шекем процент есапланбайды.
🔹2026-жыл 1-майдан:
➖ дәўирлик декларациялаўда бажыхана төлемлерин ҳәр бир партия ушын өз алдына төлеў имканияты жаратылады.
Сондай-ақ, қәўип анықланбаған жағдайларда декларацияларды автоматикалық рәсмийлестириў әмелияты кеңейтиледи.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады
2025/2026-оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден (баслаўыш 1-4-классларда 27-декабрь - шемби күнинен) басланады. Дем алыс 2026-жыл 10-январьға шекем (14 календарь күн) даўам етеди.
2026-жыл 11-январь екшемби - дем алыс күнине туўры келиўи себепли, III-шерек сабақлары 2026-жыл 12-январьдан басланады.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
2026-жылда мәмлекетлик бюджеттен медицина тараўына ажыратылатуғын қаржы муғдары арттырылады
Бүгин Сенатта 2026-жыл ушын мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам мақулланды.
✅ Оған бола:
➖ 2026-жылы мәмлекетлик бюджет қәрежетлери 402,6 триллион сумды, дәраматлары болса 368,9 триллион сумды қурамақта;
➖ Мәмлекетлик мақсетли қорларының дәраматлары 78,6 трлн сум, қәрежетлери 74,4 трлн сум муғдарында режелестирилмекте;
➖ Бул нызамда 2026-жылы коньсолидацияласқан бюджет дәраматлары 515,8 триллион сум, қәрежетлер болса 567,6 триллион сум муғдарында қәлиплестирилген. Бунда консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилиги жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен артпаў ўазыйпасы нәзерде тутылған;
➖ ️Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң дерлик 55 проценти ямаса 220,0 трлн сўм социаллық тараўға қаратылмақта. Соннан:
🔹 билимлендириўге: 100 трлн сўм;
🔹 медицинаға: 49 трлн сум (жылға салыстырғанда 11,4 процентке көп).
Нызамға тийкарланып, келеси жылы инфляция дәрежеси 7 процент әтирапында болыўы прогноз етилмекте.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Нөкисте кредит алып бериўди ўәде еткен алдаўшы усланды
Нөкис қаласында өзин банк хызметкери деп таныстырып, пуқараларға жеңиллетилген кредит алып бериўди ўәде еткен шахс усланды.
Ол Ташкенттеги таныслары арқалы еки пуқараға жәми 1,5 миллиард сум кредит ажыратып бериў есесине 48,4 миллион сум ақша алған ўақтында қолға түсти. Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Экостиккер бойынша жәриймалар 2026-жылдан баслап қолланылмайды
Социаллық тармақларда 2026-жылдан "экологиялық аймақ"қа киретуғын қызыл ҳәм сары категориядағы автомобиллер жәриймаға тартылатуғыны ҳаққында надурыс талқыланған хабарлар тарқалды.
Негизинде "Экологиялық транспорт" системасы шеңбериндеги жәриймалар 2028-жылдан баслап енгизиледи.
2026-жыл — бул тек ғана системаны жолға қойыў, айдаўшыларды хабардар етиў ҳәм экологиялық мәдениятты қәлиплестириў дәўири.
👉 @Karakalpak24
01:57
Video unavailableShow in Telegram
️Өзбекстанда адам өлтириў жынаяты азайып, намысқа тийиў жынаяты артпақта — ИИМ
Бул ҳаққында Ишки ислер министрлигиниң жыл жуўмағына бағышланған конференциясында мәлим етилди.
Мәмлекетте жыл даўамында дизимге алынған айырым жынаятлар статистикасы:
➖ ️Адам өлтириў - 31 (2024-жылда 60);
➖ ️Қастан денеге аўыр дене жарақатын жеткериў - 860 (965);
➖ ️Тонаўшылық - 389 (617);
➖ Басқыншылық - 119 (163);
➖ ️Жол-транспорт ҳәдийселери - 8738 (9365);
➖ ️Транспорт қуралларын алып қашыў - 216 (254);
➖ Топарлы жынаятлар - 3480 (4491);
➖ Намысқа тийиў жағдайлары - 381 (359 та, +6%).
👉 @Karakalpak24
ICHKI_ISHLAR_VAZIRLIGI_в_прямом_эфире_online_video_cutter_com.mp416.31 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Жаңа жылда 5 күн дем алыс күни сыпатында белгилениўи мүмкин
Дереклерге бола, Бәнтлик министрлиги 31-декабрьден 4-январьға шекем дем алыс күни деп белгилеў бойынша Президент Администрациясына усыныс киргизген.
Бирақ бул усыныс еле рәсмий тастыйықланбаған.
👉 @Karakalpak24
00:58
Video unavailableShow in Telegram
5 дақиқада дўконингизни хавф-хатарлардан онлайн суғурта қилинг!
"Ўзбекинвест" суғурта компаниясининг веб-сайти орқали дўкон эгалари суғурта полисини тез ва қулай расмийлаштириши мумкин.
Онлайн дўкон суғуртаси қуйидаги ҳодисаларни суғурталайди:
➖олов натижасида келиб чиққан ёнғин;
➖маиший газ портлаши;
➖электр жиҳозларидаги носозликлар;
➖электр симларининг қисқа туташуви;
➖чақмоқ уришидан алангаланиш;
➖ёнғинга сабаб бўлган портлаш.
Веб-сайт орқали дўкон суғуртасини олиш 5 дақиқадан кўп вақтни олмайди.
Веб-сайтга ҳавола: https://insurance.uz/products/my-шоп
Батафсил маълумот учун: +998712076000
#реклама
IMG_7986.MP442.65 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Ертең де метан заправкалар саат 16:00 ге шекем ислейди
22-декабрь саат 10:00 ден 16:00 ге шекем, республика бойынша барлық "метан заправка"лар әдеттеги режимде жумыс ислейди.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Өзбекстанда жаңа үйлерге газ жалғаў қадаған етилди ─ электр плиталарына өтиў басланды
Өзбекстанда газди тек ғана «жағыў» атап айтқанда, жылытыў ҳәм аўқат писириў ушын пайдаланатуғын тутыныўшылар ушын газ жеткерип бериў бойынша техникалық шәртлер бериў тоқтатылды. Бул ҳаққында энергетика министри Жўрабек Мирзамаҳмудов мәлим етти.
«Тек ғана көп қабатлы жайлар емес. Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкарланып, биз жанылғы сыпатында пайдаланатуғын тутыныўшыларға тәбийғый газ жеткерип бериў бойынша техникалық шәрт бериўди тоқтатқанбыз. Санаат қосымша қун жарататуғын болса, арқайын. Себеби ресурслар бәри бир шекленген», ─ деп атап өтти ол.Бул өзгерислер газге жалғанған имаратларға тәсир етпейтуғынлығын атап өтиў керек. Жаңа көп қабатлы турақ жайлар ҳәм жеке меншик турақ жайлар ушын газ жалғаныўларының техникалық шәртлери бийкар етилди. Бул имаратларға электр плиталары орнатылады, жылытыў тәмийнаты болса орайлық ямаса жергиликли қазанханалар арқалы тәмийинленеди. 👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
️2026-жылдан жеке исбилерменлер ушын жаңа имканиятлар - Президент пәрманы
2026-жыл 1-январьдан баслап жеке тәртиптеги исбилерменлерге өз жумысын фирма аты менен жүргизиўге рухсат бериледи. Бул исбилерменлер ушын брендинг, реклама ҳәм базарда танылыў имканиятларын кеңейтеди.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-марттан лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары тараўында қағыйдалар бузылғаны ушын юридикалық тәреплерге жәрийма қолланылса, компанияның лаўазымлы шахсларын айрықша ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў әмелияты бийкар етиледи.
👉 @Karakalpak24
00:31
Video unavailableShow in Telegram
❗️ЕСЛЕТПЕ!
Қазанхана (котёл) газ қыздырғышларын (горелка) ҳәдден тыс қатты жақпаң
Қазанхана сыртына шығып жанып турған жалын бөлме ишине кирип, зәҳәрли газден зыянланыўға себеп болады.
👉 @Karakalpak24
12.60 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Bayram oldidan yo'tal bezovta qildimi?
Бронхипрет® - yo'talga javobimiz!
U yo'tal va yallig'lanishni kamaytirish va shilimshiqni olib tashlashni osonlashtiradigan o'simlik ekstraktlari majmuasini o'z ichiga oladi. Бронхипрет® quruq va nam yo'talda yordam beradi 🌿
Бронхипрет® tabletkalar, tomchilar va sirop shaklida mavjud. Siropni 1 yoshdan katta bolalarga berish mumkin.
Бронхипрет®ni eng yaqin dorixonalardan so'rang yoki 👉onlayn buyurtma bering.
#реклама
Photo unavailableShow in Telegram
Телефондан узақ пайдаланыў депрессияға алып келеди – Илимпазлар
Кореялы илимпазлар тәрепинен алып барылған изертлеўлер соны көрсетти, телефонда күнине төрт сааттан артық ўақыт өткериў өспиримлерде стрессти күшейтиўи ҳәттеки өз жанына қастыянлық етиў пикирин келтирип шығарыўы мүмкин.
Сондай-ақ, смартфонлардан тез-тез пайдаланатуғын балаларда уйқы бузылыўы ҳәм депрессив белгилер бақланған.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Ҳүкиметтиң тийисли қарарына бола мәмлекетлик уйымларға бюджет есабынан Жаңа жыл корпоративлерин өткериў қадаған етилди ️
Оған бола, министрликлер, уйымлар, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине және мәмлекетлик үлеси 50 проценттен кем болмаған хожалық бирлеспелерине бюджет ҳәм сыртқы қаржылар есабынан Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен корпоратив илажлар ҳәм байрам дастурханын жайыў қадаған етиледи. Бул қадаған етиў әйне бюджет қаржылары ҳәм оннан тысқары қаржыларды жумсамаўға қаратылған болып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң хызметкерлери өз айлық мийнет ҳақылары және хошаметлеў пуллары есабынан жумыстан тысқары ўақытларда Жаңа жыл байрамы илажларын шөлкемлестириўи мүмкин.Мәмлекетке қараслы болмаған коммерциялық шөлкемлер, жеке меншик фирмалар ҳәм компаниялар буған кирмейди. 👉 @Karakalpak24
