fa
Feedback
Каракалпак 24

Каракалпак 24

رفتن به کانال در Telegram

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama

نمایش بیشتر
2025 سال در اعدادsnowflakes fon
card fon
101 259
مشترکین
-8024 ساعت
-3127 روز
-1 94130 روز
آرشیو پست ها
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49
👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Ендигиден былай нақ пулға турақ жай, автомобиль алды-сатты ислей алмайсыз 2026-жыл 1-апрельден төмендегилер ушын төлемлер тек ғана банк карталары ямаса электрон төлем системалары арқалы әмелге асырылады: ➖ мәмлекетлик органлар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер; ➖ электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўынан пайдаланғаны ушын төлемлер; ➖ ️алкогол ҳәм темеки өнимлери; ➖ ️транспортларға жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы халыққа нефт-газ өнимлерин сатыў ҳәм электрде ҳәрекетленетуғын транспортларды зарядлаў бойынша хызметлер; ➖ ️Баҳасы 25 млн сумнан асатуғын товар ҳәм хызметлер; ➖ Көшпес мүлк обектлери, ислеп шығарылғанына 10 жылдан аспаған М, N, О ҳәм G категорияларына киретуғын транспортлар ҳәмде арнаўлы автотранспорт қуралларын сатыў ҳәм сатып алыў. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
01:30
Video unavailableShow in Telegram
Мәмлекетлик емес бақшаларда тәрбияланып атырған айырым категориядағы шаңарақлардың перзентлери ушын төлемлердиң бир бөлеги төлеп бериледи Әдиллик министрлигиниң 2025-жыл 3693-сан менен дизимнен өткерилген режеге муўапық, "Кәмбағал шаңарақлар реестри"ндеги балалар ушын жеке меншик МШБШда тәрбияланыўшылар төлеминиң бир бөлеги мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
ISATAY_1_1.mp440.94 MB
00:58
Video unavailableShow in Telegram
Jigaaar Artel bilan Manchester city hamkorlikni boshlabdi 😂🔥
نمایش همه...
IMG_5460.MOV11.55 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады 2025/2026-оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден (баслаўыш 1-4-классларда 27-декабрь - шемби күнинен) басланады. Дем алыс 2026-жыл 10-январьға шекем (14 календарь күн) даўам етеди. 2026-жыл 11-январь екшемби - дем алыс күнине туўры келиўи себепли, III-шерек сабақлары 2026-жыл 12-январьдан басланады. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Көздиң рак кеселлиги ҳаққында билесиз бе? Қәнийгелердиң пикиринше, ҳәр күни қараңғы бөлмеде ярым саат телефон ислеткен адамның көзлеринде рак кеселлиги келип шығыўы бақланып атыр. Буның нәтийжесинде көз қызарып пердени орап алады, сол пердени алып таслаў имкансызлығы ушын бул дәрт даўасыз болып қалмақта. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
01:08
Video unavailableShow in Telegram
😱240лық катёл набор енди 15 000 000 емес 10 800 000 сум ! 🥳“Жаңа жыл “атлы набор ишине төмендегилер киреди: ✅ 240 кв/м болған Vertex брендине тийисли ең төмен басым 1,3 давлениеде де уйиңизды жылытып береди ✅6 пачка 60 шт биметалл радиятор ✅50 литрлик арестон (суу ысытқыш) ✅100 м тёплый пол трубасы хәм коллектор 🫡Бул котёлларды тек ғана Santech дүканынан таба аласыз! 🥳Айтпақшы, бизде Жаңа жыл қарбаба сауғалары да ойнатылып атыр, үлгерип қаламыз! 📌 Мәнзил: А. Досназаров 60, Багдар Беллиссимо Пицца жанында ☎️Телефон: +998 97 650 07 77
نمایش همه...
IMG_0722.MP412.82 MB
Telegram
Instagram
Telegram admin
01:08
Video unavailableShow in Telegram
😱240лық катёл набор енди 15 000 000 емес 10 800 000 сум ! 🥳“Жаңа жыл “атлы набор ишине төмендегилер киреди: ✅ 240 кв/м болған Vertex брендине тийисли ең төмен басым 1,3 давлениеде де уйиңизды жылытып береди ✅6 пачка 60 шт биметалл радиятор ✅50 литрлик арестон (суу ысытқыш) ✅100 м тёплый пол трубасы хәм коллектор 🫡Бул котёлларды тек ғана Santech дүканынан таба аласыз! 🥳Айтпақшы, бизде Жаңа жыл қарбаба сауғалары да ойнатылып атыр, үлгерип қаламыз! 📌 Мәнзил: А. Досназаров 60, Багдар Беллиссимо Пицца жанында ☎️Телефон: +998 97 650 07 77
نمایش همه...
IMG_0722.MP412.82 MB
Telegram
Instagram
Telegram admin
Photo unavailableShow in Telegram
Дыққат хабарландырыў! 2025-жыл 20-декабрь күни, саат 12:00 де Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имаратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтеди. Сондай-ақ, исбилерменлик тараўына тийисли машқалалар ҳәм усыныслар бойынша арнаўлы ШТАБтың 1088 қысқа номерине мүрәжат еткен исбилерменлер менен бирге олардың мәселелерине орнында шешимин табыў илажлары көриледи. Республикамыздың басқада аймақларының исбилерменлери ушын ушырасыў белгиленген реже-график тийкарында өткериледи. ❗️Еслетпе! 20-декабрь күни болып өтетуғын ушырасыўда тек ғана исбилерменлердиң мәселелери көрип шығылады 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
️Жаңа жылда 4 күнлик дем алыс күни болыўы мүмкин Айтыўларына қарағанда, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳүкиметке жаңа жыл байрамында избе-из 4 күн дем алыc бойынша усыныс киргизген. Ҳәзирги буйрықларда хызметкерлердиң жумысқа шығыў күнлери 31-декабрь, 2 ҳәм 3-январь етип белгиленген. Егер пәрман қабыл етилсе, бул күнлер кейинги биринши жумыс күнине көширилиўи мүмкин. Жаңа қарар жәрияланыўы күтилмекте. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Телеграм каналлар төменинде автоматик түрде шығатуғын кредит рекламаларына исенбең Телеграм тийкаршысы Павел Дуровтың басламасы менен канал админлеринен руқсат сорап отырмастан Телеграм каналларда реклама бериў системасы жолға қойылғанына бираз ўақыт болды. Бирақ бул реклама бериў системасынан пайдаланған алдаўшылар түрли каналларда өзлериниң жалған өнимлери ямаса хызметлерин реклама етпекте. Буған Телеграм компаниясы жол қойып атыр. Бундай рекламаларды каналда көрсетпей қойыўдың мүмкиншилиги жоқ. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
00:34
Video unavailableShow in Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Император Нарухито менен ушрасты. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
reels_imperator_tg_new2.mp465.13 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❓Автомобилди ийесинен басқа шахс басқарғанда жәрийма баллары кимге жазылады?
Усы жылы 1-апрельден радарлар да жәрийма балларын жаза баслайды. Онда, өзине тийисли автомобилди басқарыў ушын басқа шахсқа берген мүлк ийелери онлайн тәризде жеке кабинет ашып, автомобилди кимге тапсырып атырғанын көрсетиўи, сол шахс болса автомобилди басқарыў ушын қабыл етип алғанын тастыйықлаўы керек.
➖ Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, жәрийма баллары транспорт қуралының ийеси есабына жазылады (оның айдаўшылық гүўалығы болған жағдайда). ➖ Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, сондай-ақ, транспорт қуралының ийесинде айдаўшылық гүўалығы болмаса, бундай транспорт қуралларында исленген қағыйдабузарлықлар ушын есапланатуғын жәрийма балларының жыйындысы 12 баллдан артқанда, жәрийма майданшасына жайластырыў арқалы ўақтынша иркип турылады. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Алдаўшылар алған онлайн-кредитлерди енди пуқара төлемейди Президент қатнасыўында киберқәўипсизлик бойынша мәжилис болып өтти. Соңғы 5 жылда кибержынаятлар 68 есеге өскени, быйылғы зыян 1,2 трлн сумнан асқаны мәлим етилди. Енди онлайн-микроқаржы бериўде алдаўшылыққа қарсы жаңа қорғаў системалары енгизиледи. Ең әҳмийетлиси, алдаўшылық нәтийжесинде жәбирлениўши атына алынған микроқаржыны оннан өндирип алмаў әмелияты жолға қойылады. Сондай-ақ, гүманлы банк есапларын 24/7 блоклаў әмелияты енгизилетуғын болды. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
00:55
Video unavailableShow in Telegram
❗️Морыларыңызды тазалатыў ушын төмендеги номерлерге хабарласың: ☎️ Нөкис қ. 993185222, 993185206, 334258181 ☎️ Төрткүл р. 956051000, 937151000, 953529100 ☎️ Әмиўдәря р. 973552025, 956051000, 937132101 ☎️ Елликқала р. 956051000, 937151000, 931938524 ☎️ Беруний р. 956051000, 937151000, 885600081, 953529100 ☎️ Кегейли р. 993368737, 933673326 ☎️ Шымбай р. 614443303 ☎️ Қараөзек р. 614654369 ☎️ Тахтакөпир р. 936110915, 996110915 ☎️ Бозатаў р. 614153613 ☎️ Нөкис р. 993368737, 991020147, 997036675 ☎️ Хожели р. 993368737, 991020147, 905751200 ☎️ Тақыятас р. 993368737, 991020147, 995243366 ☎️ Шоманай р. 910977171, 993368737, 999548913 ☎️ Қанлыкөл р. 910977171, 993368737 ☎️ Қоңырат р. 910977171, 956051000, 913008235 ☎️ Мойнақ р. 910977171 Қарақалпақстан Республикасы Айырықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
DOtQ0taCN0l_0.mp45.62 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Енди емлеўханаларда коррупцияны жоқ етиўге қатаң гүресиледи Өзбекстанда МЕДИЦИНА мәкемелеринде ҳәр қандай коррупцияны сапластырыўға жәрдем беретуғын жаңа система иске қосылмақта. Емлеўханалар, клиникалар ҳәм туўыў үйлеринде жасырын наўқаслар - әпиўайы келиўшилер сыпатында өзин көрсетип, алдаўшылық, турпайы мүнәсибет ҳәм басқа да нызамбузыўшылықларды тексеретуғын арнаўлы оқытылған шахслар ислейди. Анықланған барлық жағдайлар дизимге алынады ҳәм әдеп-икрамлылық комиссиясына, үлкен нызамбузыўшылықлар болса, ҳуқық қорғаў уйымларына жибериледи.
Шағымлар 1203 номерине қоңыраў етиў ҳәм @ssvantikor_bot боты арқалы қабыл етилмекте. Анонимлик кепилленеди.
👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
Балық майының пайдалары Жүрек искерлигин жақсылайды. Адам балықты қаншелли тез-тез жеп турса, жүрек кеселлениў қәўипи соншелли азаяды. Психик саламатлықты тәмийинлейди. Мий 60% майдан ибарат, оның көп бөлеги омега-3 тен қуралған. Усының себебинен, илимпазлар омега-3 кислоталары күлрең заттың (мий бөлими) нормал ислеўи ушын зәрүр екенлигин айтып өтеди. Азыўға жәрдем береди. Балық майы қосымшалары ҳәптеде үш рет 45 минут даўамында шынығыў ислеў менен тең ҳәм ол азыўға жәрдем береди. Тери жағдайын жақсылайды. Омега-3 май кислоталары епидермистиң затлар алмасыўында актив қатнасады. Организмде жеткиликли болмаса, териниң ызғаллығы жоғалады, тазаланады, тынышсызланыў ҳәм микробларды жуқтырыўға бейим болады. 👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
Photo unavailableShow in Telegram
⁉️️Кредитти алған адам кредитин төлемей атыр. Мен кепилмен.. ❓️Сораў: Мен бир танысыма кепил болған едим. Ол алған кредитин төлемей атыр. Банктеги адамлар меннен қарызды талап етпекте. Қандай етип бул жағдайдан қутылыўым мүмкин? ❗️️Жуўап: Пуқаралық кодексиниң 292-статьясына тийкарланып, кепиллик шәртнамасы бойынша кепиллик басқа шахс (Кредит алған шахс) өз миннетлемесин толық ямаса бир бөлегин орынлаўы ушын оның кредиторы (Кредит берген банк) алдында жуўап бериўди өз мойнына алады. ➖ Яғный, кредит алынып атырғанда өзиңиз онша түсинбеген болсаңыз да, кредит алған адам соль кредитти қайтармаса, мен төлеў миннетлемесин өз мойныма аламыз деген ҳүжжетке қол қойып бергенсиз 🔹Жоқарыдағы кодекстиң 293-статьясына тийкарланып, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған ямаса тийисли дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында сольидар (Биргеликте) жуўап береди деп көрсетилген. ️🔹Яғный, кредит алған адам кредитти қайтармай атырған болса, демек кредитти қайтарыў миннетлемеси Сизге де жүклениўи мүмкин ҳәм бул нызамсыз жағдай емес. ‼️ Енди сораўынызды қандай етип бул жағдайдан қутылыўы мүмкин деген жерине келсек. Кредит толық төленип болмаганша бул жагдайдан қутыла алмайсыз, бирақ, кредит жабылганнан кейин Сиз кредит алған адамның кредити ушын қанша пул төлеген болсаңыз соль пулларынызды банк есабы бойынша процентлери менен және оннан көрген басқа да зыянларыңызды РЕГРЕСС (қарсы) тәртибинде судқа мүрәжат етип оннан өндирип алыўыныз мүмкин. Сизиң бул ҳуқықыңыз бар екенлиги жоқарыда көрсетилген кодекстиң 295-статьясында келтирилген. Дерек: Нызамшылық ️👉 @Karakalpak24
نمایش همه...
00:52
Video unavailableShow in Telegram
❄️ Қыс маўсиминде газ басымының төменлеп кетиўи — ең үлкен машқала 💡 Енди ондай машқалаға ушырамайсыз: – 1,3 газ басымында ислейтуғын катёл – Газ басымы 2-ден төмен түссе де өшпейди – Үйди турақлы жылытады 🏆 Vertex | Buyuk 🛠 3 жыллық кепиллик + рәсмий сервис 🫡Бул катёлларды тек ғана Santech дүканынан таба аласыз! 🥳Айтпақшы, бизде Жаңа жыл қарбаба сауғалары да ойнатылып атыр, үлгерип қаламыз! 📌 Мәнзил: А. Досназаров 60, Багдар Беллиссимо Пизза жанында ☎️Телефон: +998 97 650 07 77
نمایش همه...
IMG_9883.MP49.80 MB
Telegram
Instagram
Telegram admin
Photo unavailableShow in Telegram
Бала ҳәдден тыс шоқ болса, не ислеў керек? Балалардың ҳәдден тыс шоқ, гиперактив болыўы бул кеселлик емес, ал минез-қулық қәсийети болып есапланады. Себеби балалар жаслығында жүдә қызығыўшаң, ҳәрекешең ҳәм белсенди болады. Бундай ўақытта ата-аналар, тәрбияшылар ҳәм оқытыўшылар олардың тәрбиясына дурыс қатнас жасаўы керек. Бундай балалар бир ўақыттың өзинде түрли шынығыўларды орынлайды: топ ойнайды, орынлап атырған жумысыңызға кесент береди, арман-берман жуўырады, бирақ ҳеш қашан бир орында ҳәрекетсиз турмайды. ️Бундай балалар тәлим процесине кесент бермейди. Тек ғана аудитория орталығына тәсир өткериўи мүмкин. Аса ҳәрекетшеңликти халық медицинасы менен емлеп болмайды. Бундай ўақытта ҳәр бир баланың индивидуал өзгешелигинен келип шығып, психолог мәсләҳәтлери тийкарында түрли илажлар қолланыў мүмкин. ️👉 @Karakalpak24
نمایش همه...