uz
Feedback
Каракалпак 24

Каракалпак 24

Kanalga Telegram’da o‘tish

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama

Ko'proq ko'rsatish
2025 yil raqamlardasnowflakes fon
card fon
101 240
Obunachilar
-8024 soatlar
-3127 kunlar
-1 94130 kunlar
Postlar arxiv
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Нызамшылықта медицина хызметкерлерине берилген айырым жеңилликлер: 🔹 Медицина хызметкерлери ушын жумыс ўақтының ҳәптесине 36 сааттан артық болмаған қысқартылған даўамлылығы белгиленген; 🔹 Жоқары маманлықтағы медицина хызметкерлерине лаўазым мийнет ҳақысының 100 процентине шекем үстеме төленеди; 🔹 Потенциаллы жас шыпакерлерге 1 миллион сумға шекемги үстеме төленеди; 🔹 Илимий дәрежеге ийе емлеў-профильактика мәкемелериниң хызметкерлерине лаўазым мийнет ҳақысының 60 процентине шекем ҳәр айлық қосымша ҳақы төленеди; 🔹 Қарақалпақстанның айырым районларына барып ислейтуғын шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақысына 200 процентке шекем қосымша ҳәр айлық үстеме төленеди; 🔹 Алыс ҳәм шетки аймақларда үзликсиз 3 жыл ислеген шыпакерлер клиникалық ординатураға тест сынақларысыз қабыл етиледи. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
00:49
Video unavailableShow in Telegram
❓❄️ Не ушын қыста бас кийим кийиў шәрт? Қыс мәўсими тек ғана бет ҳәм дене териси ушын емес, ал бас ушын да күшли стресс болып есапланады. 🧢 Мәлим болыўынша, денедеги ең көп ыссылық бас арқалы жоғалтылады. Бас кийим болса усы ыссылықты сақлап қалыўға жәрдем береди. 🌡 Сондай-ақ, бас кийим самалдан тосық пайда етип, дене темперетурасы төменлеўиниң алдын алады ҳәм қолайлылықты тәмийинлейди. 🤧 Изертлеўлерге қарағанда, бас кийим кийиу аязлаўдың да алдын алады. Видеоны бас кийимсиз жүретуғын досларыңызға жиберип қойың. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Bas kiyim 1.mp424.52 MB
Repost from TgId: 1787387867
00:38
Video unavailableShow in Telegram
TECNO'dan mega konkurs! 🎉 🎁 100 ga yaqin qimmabaho sovgʻalardan birini yutib oling - PlayStation 5 Slim - 1 ta - ASUS Vivobook - 5 ta - TECNO CAMON 40 Pro - 10 ta - JBL quloqchinlar - 30 ta - TECNO ryukzaklari - 50 ta Konkursda qatnashish juda oson: 1. @TecnoUzbekistan telegram kanaliga obuna boʻling; 2. “Ishtirok etish” tugmasini bosing Gʻoliblar 10-yanvar, soat 14:00 da Random tarzda aniqlanadi Konkursga oid qoida va tafsilotlar #TecnoUzbekistan
Hammasini ko'rsatish...
IMG_8408.MP413.83 MB
Ishtirok etish (456)
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49
👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Ендигиден былай нақ пулға турақ жай, автомобиль алды-сатты ислей алмайсыз 2026-жыл 1-апрельден төмендегилер ушын төлемлер тек ғана банк карталары ямаса электрон төлем системалары арқалы әмелге асырылады: ➖ мәмлекетлик органлар тәрепинен көрсетилетуғын хызметлер; ➖ электр энергиясы, тәбийий газ, ишимлик суўынан пайдаланғаны ушын төлемлер; ➖ ️алкогол ҳәм темеки өнимлери; ➖ ️транспортларға жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы халыққа нефт-газ өнимлерин сатыў ҳәм электрде ҳәрекетленетуғын транспортларды зарядлаў бойынша хызметлер; ➖ ️Баҳасы 25 млн сумнан асатуғын товар ҳәм хызметлер; ➖ Көшпес мүлк обектлери, ислеп шығарылғанына 10 жылдан аспаған М, N, О ҳәм G категорияларына киретуғын транспортлар ҳәмде арнаўлы автотранспорт қуралларын сатыў ҳәм сатып алыў. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
01:30
Video unavailableShow in Telegram
Мәмлекетлик емес бақшаларда тәрбияланып атырған айырым категориядағы шаңарақлардың перзентлери ушын төлемлердиң бир бөлеги төлеп бериледи Әдиллик министрлигиниң 2025-жыл 3693-сан менен дизимнен өткерилген режеге муўапық, "Кәмбағал шаңарақлар реестри"ндеги балалар ушын жеке меншик МШБШда тәрбияланыўшылар төлеминиң бир бөлеги мәмлекетлик бюджет есабынан қаплап бериледи. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
ISATAY_1_1.mp440.94 MB
00:58
Video unavailableShow in Telegram
Jigaaar Artel bilan Manchester city hamkorlikni boshlabdi 😂🔥
Hammasini ko'rsatish...
IMG_5460.MOV11.55 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Мектеплерде қысқы дем алыс 28-декабрьден басланады 2025/2026-оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 28-декабрьден (баслаўыш 1-4-классларда 27-декабрь - шемби күнинен) басланады. Дем алыс 2026-жыл 10-январьға шекем (14 календарь күн) даўам етеди. 2026-жыл 11-январь екшемби - дем алыс күнине туўры келиўи себепли, III-шерек сабақлары 2026-жыл 12-январьдан басланады. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
Көздиң рак кеселлиги ҳаққында билесиз бе? Қәнийгелердиң пикиринше, ҳәр күни қараңғы бөлмеде ярым саат телефон ислеткен адамның көзлеринде рак кеселлиги келип шығыўы бақланып атыр. Буның нәтийжесинде көз қызарып пердени орап алады, сол пердени алып таслаў имкансызлығы ушын бул дәрт даўасыз болып қалмақта. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
01:08
Video unavailableShow in Telegram
😱240лық катёл набор енди 15 000 000 емес 10 800 000 сум ! 🥳“Жаңа жыл “атлы набор ишине төмендегилер киреди: ✅ 240 кв/м болған Vertex брендине тийисли ең төмен басым 1,3 давлениеде де уйиңизды жылытып береди ✅6 пачка 60 шт биметалл радиятор ✅50 литрлик арестон (суу ысытқыш) ✅100 м тёплый пол трубасы хәм коллектор 🫡Бул котёлларды тек ғана Santech дүканынан таба аласыз! 🥳Айтпақшы, бизде Жаңа жыл қарбаба сауғалары да ойнатылып атыр, үлгерип қаламыз! 📌 Мәнзил: А. Досназаров 60, Багдар Беллиссимо Пицца жанында ☎️Телефон: +998 97 650 07 77
Hammasini ko'rsatish...
IMG_0722.MP412.82 MB
Telegram
Instagram
Telegram admin
01:08
Video unavailableShow in Telegram
😱240лық катёл набор енди 15 000 000 емес 10 800 000 сум ! 🥳“Жаңа жыл “атлы набор ишине төмендегилер киреди: ✅ 240 кв/м болған Vertex брендине тийисли ең төмен басым 1,3 давлениеде де уйиңизды жылытып береди ✅6 пачка 60 шт биметалл радиятор ✅50 литрлик арестон (суу ысытқыш) ✅100 м тёплый пол трубасы хәм коллектор 🫡Бул котёлларды тек ғана Santech дүканынан таба аласыз! 🥳Айтпақшы, бизде Жаңа жыл қарбаба сауғалары да ойнатылып атыр, үлгерип қаламыз! 📌 Мәнзил: А. Досназаров 60, Багдар Беллиссимо Пицца жанында ☎️Телефон: +998 97 650 07 77
Hammasini ko'rsatish...
IMG_0722.MP412.82 MB
Telegram
Instagram
Telegram admin
Photo unavailableShow in Telegram
Дыққат хабарландырыў! 2025-жыл 20-декабрь күни, саат 12:00 де Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы имаратында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының исбилерменлер менен ушырасыўы болып өтеди. Сондай-ақ, исбилерменлик тараўына тийисли машқалалар ҳәм усыныслар бойынша арнаўлы ШТАБтың 1088 қысқа номерине мүрәжат еткен исбилерменлер менен бирге олардың мәселелерине орнында шешимин табыў илажлары көриледи. Республикамыздың басқада аймақларының исбилерменлери ушын ушырасыў белгиленген реже-график тийкарында өткериледи. ❗️Еслетпе! 20-декабрь күни болып өтетуғын ушырасыўда тек ғана исбилерменлердиң мәселелери көрип шығылады 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
️Жаңа жылда 4 күнлик дем алыс күни болыўы мүмкин Айтыўларына қарағанда, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳүкиметке жаңа жыл байрамында избе-из 4 күн дем алыc бойынша усыныс киргизген. Ҳәзирги буйрықларда хызметкерлердиң жумысқа шығыў күнлери 31-декабрь, 2 ҳәм 3-январь етип белгиленген. Егер пәрман қабыл етилсе, бул күнлер кейинги биринши жумыс күнине көширилиўи мүмкин. Жаңа қарар жәрияланыўы күтилмекте. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
Телеграм каналлар төменинде автоматик түрде шығатуғын кредит рекламаларына исенбең Телеграм тийкаршысы Павел Дуровтың басламасы менен канал админлеринен руқсат сорап отырмастан Телеграм каналларда реклама бериў системасы жолға қойылғанына бираз ўақыт болды. Бирақ бул реклама бериў системасынан пайдаланған алдаўшылар түрли каналларда өзлериниң жалған өнимлери ямаса хызметлерин реклама етпекте. Буған Телеграм компаниясы жол қойып атыр. Бундай рекламаларды каналда көрсетпей қойыўдың мүмкиншилиги жоқ. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
00:34
Video unavailableShow in Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Император Нарухито менен ушрасты. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
reels_imperator_tg_new2.mp465.13 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❓Автомобилди ийесинен басқа шахс басқарғанда жәрийма баллары кимге жазылады?
Усы жылы 1-апрельден радарлар да жәрийма балларын жаза баслайды. Онда, өзине тийисли автомобилди басқарыў ушын басқа шахсқа берген мүлк ийелери онлайн тәризде жеке кабинет ашып, автомобилди кимге тапсырып атырғанын көрсетиўи, сол шахс болса автомобилди басқарыў ушын қабыл етип алғанын тастыйықлаўы керек.
➖ Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, жәрийма баллары транспорт қуралының ийеси есабына жазылады (оның айдаўшылық гүўалығы болған жағдайда). ➖ Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, сондай-ақ, транспорт қуралының ийесинде айдаўшылық гүўалығы болмаса, бундай транспорт қуралларында исленген қағыйдабузарлықлар ушын есапланатуғын жәрийма балларының жыйындысы 12 баллдан артқанда, жәрийма майданшасына жайластырыў арқалы ўақтынша иркип турылады. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Алдаўшылар алған онлайн-кредитлерди енди пуқара төлемейди Президент қатнасыўында киберқәўипсизлик бойынша мәжилис болып өтти. Соңғы 5 жылда кибержынаятлар 68 есеге өскени, быйылғы зыян 1,2 трлн сумнан асқаны мәлим етилди. Енди онлайн-микроқаржы бериўде алдаўшылыққа қарсы жаңа қорғаў системалары енгизиледи. Ең әҳмийетлиси, алдаўшылық нәтийжесинде жәбирлениўши атына алынған микроқаржыны оннан өндирип алмаў әмелияты жолға қойылады. Сондай-ақ, гүманлы банк есапларын 24/7 блоклаў әмелияты енгизилетуғын болды. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
00:55
Video unavailableShow in Telegram
❗️Морыларыңызды тазалатыў ушын төмендеги номерлерге хабарласың: ☎️ Нөкис қ. 993185222, 993185206, 334258181 ☎️ Төрткүл р. 956051000, 937151000, 953529100 ☎️ Әмиўдәря р. 973552025, 956051000, 937132101 ☎️ Елликқала р. 956051000, 937151000, 931938524 ☎️ Беруний р. 956051000, 937151000, 885600081, 953529100 ☎️ Кегейли р. 993368737, 933673326 ☎️ Шымбай р. 614443303 ☎️ Қараөзек р. 614654369 ☎️ Тахтакөпир р. 936110915, 996110915 ☎️ Бозатаў р. 614153613 ☎️ Нөкис р. 993368737, 991020147, 997036675 ☎️ Хожели р. 993368737, 991020147, 905751200 ☎️ Тақыятас р. 993368737, 991020147, 995243366 ☎️ Шоманай р. 910977171, 993368737, 999548913 ☎️ Қанлыкөл р. 910977171, 993368737 ☎️ Қоңырат р. 910977171, 956051000, 913008235 ☎️ Мойнақ р. 910977171 Қарақалпақстан Республикасы Айырықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
DOtQ0taCN0l_0.mp45.62 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Енди емлеўханаларда коррупцияны жоқ етиўге қатаң гүресиледи Өзбекстанда МЕДИЦИНА мәкемелеринде ҳәр қандай коррупцияны сапластырыўға жәрдем беретуғын жаңа система иске қосылмақта. Емлеўханалар, клиникалар ҳәм туўыў үйлеринде жасырын наўқаслар - әпиўайы келиўшилер сыпатында өзин көрсетип, алдаўшылық, турпайы мүнәсибет ҳәм басқа да нызамбузыўшылықларды тексеретуғын арнаўлы оқытылған шахслар ислейди. Анықланған барлық жағдайлар дизимге алынады ҳәм әдеп-икрамлылық комиссиясына, үлкен нызамбузыўшылықлар болса, ҳуқық қорғаў уйымларына жибериледи.
Шағымлар 1203 номерине қоңыраў етиў ҳәм @ssvantikor_bot боты арқалы қабыл етилмекте. Анонимлик кепилленеди.
👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...
Photo unavailableShow in Telegram
Балық майының пайдалары Жүрек искерлигин жақсылайды. Адам балықты қаншелли тез-тез жеп турса, жүрек кеселлениў қәўипи соншелли азаяды. Психик саламатлықты тәмийинлейди. Мий 60% майдан ибарат, оның көп бөлеги омега-3 тен қуралған. Усының себебинен, илимпазлар омега-3 кислоталары күлрең заттың (мий бөлими) нормал ислеўи ушын зәрүр екенлигин айтып өтеди. Азыўға жәрдем береди. Балық майы қосымшалары ҳәптеде үш рет 45 минут даўамында шынығыў ислеў менен тең ҳәм ол азыўға жәрдем береди. Тери жағдайын жақсылайды. Омега-3 май кислоталары епидермистиң затлар алмасыўында актив қатнасады. Организмде жеткиликли болмаса, териниң ызғаллығы жоғалады, тазаланады, тынышсызланыў ҳәм микробларды жуқтырыўға бейим болады. 👉 @Karakalpak24
Hammasini ko'rsatish...