Каракалпак 24
رفتن به کانال در Telegram
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
نمایش بیشتر2025 سال در اعداد

101 240
مشترکین
-8024 ساعت
-3127 روز
-1 94130 روز
آرشیو پست ها
Photo unavailableShow in Telegram
⁉️️Кредитти алған адам кредитин төлемей атыр. Мен кепилмен..
❓️Сораў:
Мен бир танысыма кепил болған едим. Ол алған кредитин төлемей атыр. Банктеги адамлар меннен қарызды талап етпекте. Қандай етип бул жағдайдан қутылыўым мүмкин?
❗️️Жуўап:
Пуқаралық кодексиниң 292-статьясына тийкарланып, кепиллик шәртнамасы бойынша кепиллик басқа шахс (Кредит алған шахс) өз миннетлемесин толық ямаса бир бөлегин орынлаўы ушын оның кредиторы (Кредит берген банк) алдында жуўап бериўди өз мойнына алады.
➖ Яғный, кредит алынып атырғанда өзиңиз онша түсинбеген болсаңыз да, кредит алған адам соль кредитти қайтармаса, мен төлеў миннетлемесин өз мойныма аламыз деген ҳүжжетке қол қойып бергенсиз
🔹Жоқарыдағы кодекстиң 293-статьясына тийкарланып, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған ямаса тийисли дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында сольидар (Биргеликте) жуўап береди деп көрсетилген.
️🔹Яғный, кредит алған адам кредитти қайтармай атырған болса, демек кредитти қайтарыў миннетлемеси Сизге де жүклениўи мүмкин ҳәм бул нызамсыз жағдай емес.
‼️ Енди сораўынызды қандай етип бул жағдайдан қутылыўы мүмкин деген жерине келсек. Кредит толық төленип болмаганша бул жагдайдан қутыла алмайсыз, бирақ, кредит жабылганнан кейин Сиз кредит алған адамның кредити ушын қанша пул төлеген болсаңыз соль пулларынызды банк есабы бойынша процентлери менен және оннан көрген басқа да зыянларыңызды РЕГРЕСС (қарсы) тәртибинде судқа мүрәжат етип оннан өндирип алыўыныз мүмкин. Сизиң бул ҳуқықыңыз бар екенлиги жоқарыда көрсетилген кодекстиң 295-статьясында келтирилген.
Дерек: Нызамшылық
️👉 @Karakalpak24
00:52
Video unavailableShow in Telegram
❄️ Қыс маўсиминде газ басымының төменлеп кетиўи — ең үлкен машқала
💡 Енди ондай машқалаға ушырамайсыз:
– 1,3 газ басымында ислейтуғын катёл
– Газ басымы 2-ден төмен түссе де өшпейди
– Үйди турақлы жылытады
🏆 Vertex | Buyuk
🛠 3 жыллық кепиллик + рәсмий сервис
🫡Бул катёлларды тек ғана Santech дүканынан таба аласыз!
🥳Айтпақшы, бизде Жаңа жыл қарбаба сауғалары да ойнатылып атыр, үлгерип қаламыз!
📌 Мәнзил: А. Досназаров 60, Багдар Беллиссимо Пизза жанында
☎️Телефон: +998 97 650 07 77
IMG_9883.MP49.80 MB
Telegram
Instagram
Telegram admin
Photo unavailableShow in Telegram
❓Бала ҳәдден тыс шоқ болса, не ислеў керек?
Балалардың ҳәдден тыс шоқ, гиперактив болыўы бул кеселлик емес, ал минез-қулық қәсийети болып есапланады. Себеби балалар жаслығында жүдә қызығыўшаң, ҳәрекешең ҳәм белсенди болады.
Бундай ўақытта ата-аналар, тәрбияшылар ҳәм оқытыўшылар олардың тәрбиясына дурыс қатнас жасаўы керек. Бундай балалар бир ўақыттың өзинде түрли шынығыўларды орынлайды: топ ойнайды, орынлап атырған жумысыңызға кесент береди, арман-берман жуўырады, бирақ ҳеш қашан бир орында ҳәрекетсиз турмайды.
️Бундай балалар тәлим процесине кесент бермейди. Тек ғана аудитория орталығына тәсир өткериўи мүмкин.
Аса ҳәрекетшеңликти халық медицинасы менен емлеп болмайды. Бундай ўақытта ҳәр бир баланың индивидуал өзгешелигинен келип шығып, психолог мәсләҳәтлери тийкарында түрли илажлар қолланыў мүмкин.
️👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Жага жыл - нук тасыушылары байрамы болады десек исенеберин!
🪅 Себеби байрам мунасибети менен CHINA MOTORS та JAC X200 лер ушын 16 800 000 сумлык шегирме жарияланды 🎉
🪄 Буннан баскада моделлеримизди баслангыш 30% толем менен сатып алыуыныз мумкин.
Еледе толык маглыумат ушын байланысын
Шекленген имканияттан пайдаланып калыуга асыгын!
Муражаат ушын:
📞 +998(61)200-55-00
📱 @ChinaMotors_Nukus
#реклама
Photo unavailableShow in Telegram
🏥GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы Жаңа жыл мүнәсебети менен 18-28 декабрь аралығында "Таза жылға тазаланған организм менен" Акциясын жариялайды.
🎁Акцияда организмди қуртлардан тазалаў ҳәм Гидроколонотерапия процедурасына 25% шегирме жариялайды.
📄Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
✔️Иши тез-тез аўырыўы; ✔️Теридеги ақ дағлар; ✔️Колит ҳәм диярея; ✔️Аллергиялық кеселликлер; ✔️Киндик әтирапы аўырыўы; ✔️Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; ✔️Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; ✔️Түнде тисин ғышырлатыў; ✔️Көзлерди пирпиретиў;✔️Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б🏥Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы. 📞Телефонлар: +998956013377 яки +998973543377 Instagram | Тelegram | #реклама
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Сессиялар 12-январьдан басланады
Жоқары билимлендириў министриниң буйрығына бола, 2025/2026-оқыў жылы гүзги семестри оқыў процеси ҳәм пәнлерден өткерилетуғын қадағалаўлар белгиленген график тийкарында 2026-жыл 12-январьдан баслап шөлкемлестириледи.
Студентлерге гүзги семестр жуўмағы бойынша өткерилетуғын жуўмақлаўшы қадағалаў жумысларына байланыслы барлық мағлыўматлар жеткериледи.
Имтиханларды талап дәрежесинде шөлкемлестириў ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеўге байланыслы илажлар әмелге асырылады.
Қысқы дем алыс болса 10-январьға шекем даўам етеди.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❌ Қарақалпақстандағы хожалықларға берилетуғын бир мәртелик жәдем пулы бийкар етилген
Президенттиң 30.01.2025-жылдағы ПП-17-санлы Пәрманы менен 2025-жыл 1-июлдан баслап мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем түри бийкар етилип, оның орнына усы аймақларда жасайтуғын Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға үйинде артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби енгизилген.
❗️Демек, енди мәкан пуқаралар жыйынлары тәрепинен берилип киятырған бир мәртелик жәрдем (гәп мына жәрдем ҳаққында) енди берилмейди.
Оның орнына Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргенлерге үйине қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў ушын 12,3 млн сумға шекем субсидия ажыратылады. Бунда қәрежеттиң тек 90% бөлеги қаплап бериледи.
Бул субсидияны алыўдың тәртиби ҳәм шәртлери ҳаққында кейинги постларымызда толық мағлыўмат беремиз.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
🎁 Foyda to‘lqini davom etadi — sovg‘a tanlash vaqti keldi
Zarur, foydali va zamonaviy: Uzum Marketda texnika va elektronikaga 80% gacha chegirma.
Yaqinlaringizni rostdan ham kerak bo‘ladigan va quvonch ulashadigan sovg‘alar bilan xursand qiling.
➡️ Xaridlarga ⬅️
00:41
Video unavailableShow in Telegram
21-декабрь күни Аўыл хожалығы тараўы хизметкерлери күни байрамы болып өтеди
Аўыл хожалығы тараўы хизметкерлери күни байрамы мүнәсибети менен аграр тараўы мийнеткешлериниң мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги мийнетине мүнәсип итибар қаратыў ҳәм баҳалаў, руўхый ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў мақсетинде усы жылдың 21-декабрь күни Нөкис қаласы аймағындағы Ат шабар майданында байрам илажы ҳәм тамашалары өткериледи.
Илаж даўамында аўыл хожалығы өнимлери көргизбе-ярмаркалары, руўхый-ағартыўшылық, қайырқомлық илажлары, сондай-ақ, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар, соның ишинде, ат шабыс жарыслары, палўанлар гүреси, арқан тартыс ҳәм қошқар дүгиси ойынлары ҳәм беллесиўлер болып өтеди.
Байрам илажлары халық сейили түринде даўам етеди.
👉 @Karakalpak24
1213 (2).mp415.62 MB
02:43
Video unavailableShow in Telegram
️Процентсиз кредит алыў ушын арза бериў тәртиби
Кәмбағаллықты қысқартыў қоры арқалы процентлери қаплап берилетуғын қолайлы кредитлер усыныс етилмекте:
✅ Ноутбук сатып алыў ушын:
▪️Муғдары: 15 млн сўмға шекем
▪️Мүддети: 5 жылға шекем
▪️Жеңиллетилген дәўир: 2 жыл
✅ Исбилерменликти баслаў ушын:
▪️Муғдары: 30 млн сумға шекемги үскенелер (food truck, мотороллер, скутер ҳәм басқа да тийкарғы қураллар).
▪️Мүддети: 5 жылға шекем, бөлип төлеў шәрти менен
❗️️Пайызлар қаплап бериледи.
👉 Арза жибериў
👉 @Karakalpak24
14.83 MB
Photo unavailableShow in Telegram
GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы Жаңа жыл мүнәсебети менен 18-28 декабрь аралығында "Таза жылға тазаланған организм менен" Акциясын жариялайды.
Акцияда организмди қуртлардан тазалаў ҳәм Гидроколонотерапия процедурасына 25% шегирме жариялайды.
Шегирме баҳасы:
Организмди қуртлар ҳәм шлаклардан тазалаў 3 күнге:
7 -жасға шекем - 225 000сўм;
7 -жастан үлкенлерге - 270 000 сўм.
Гидроколонотерапия 3-сеанс - 450 000 сўм.
Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефонлар: +998956013377 яки +998973543377
Photo unavailableShow in Telegram
2026-жылда мәмлекетлик бюджеттен медицина тараўына ажыратылатуғын қаржы муғдары арттырылады
Бүгин Сенатта 2026-жыл ушын мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам мақулланды.
✅ Оған бола:
➖ 2026-жылы мәмлекетлик бюджет қәрежетлери 402,6 триллион сумды, дәраматлары болса 368,9 триллион сумды қурамақта;
➖ Мәмлекетлик мақсетли қорларының дәраматлары 78,6 трлн сум, қәрежетлери 74,4 трлн сум муғдарында режелестирилмекте;
➖ Бул нызамда 2026-жылы коньсолидацияласқан бюджет дәраматлары 515,8 триллион сум, қәрежетлер болса 567,6 триллион сум муғдарында қәлиплестирилген. Бунда консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилиги жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен артпаў ўазыйпасы нәзерде тутылған;
➖ ️Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң дерлик 55 проценти ямаса 220,0 трлн сўм социаллық тараўға қаратылмақта. Соннан:
🔹 билимлендириўге: 100 трлн сўм;
🔹 медицинаға: 49 трлн сум (жылға салыстырғанда 11,4 процентке көп).
Нызамға тийкарланып, келеси жылы инфляция дәрежеси 7 процент әтирапында болыўы прогноз етилмекте.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
2026-жылы айырым жасларға "права" курслары қәрежети қаплап бериледи ҳәм "бир айлық әскерий хызмет" бийпул болады
2026-жыл 1-февральдан баслап кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардағы жасларға төмендеги жәрдемлер көрсетиледи:
➖ мобилизациялық шақырыў резервиндеги әскерий хизметти бийпул өтейди;
➖ ️"Жаслар дәптери" қоры арқалы айдаўшылық курслары ҳәм "А," "B," "D," "DЕ" категориялары ушын төлемлер қаплап бериледи.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❓️Жасалма интеллект инсаният ушын қәўип пе?
Эксперт инсан туқымының жоғалып кетиў итималын 95% деп баҳалады.
Machine Intelligence Research Institute мәмлекетлик емес шөлкеминиң басшысы Нейт Соарестиң пикиринше, жасалма интеллект (АI) себепли адамзаттың жоқ болып кетиў итималы кеминде 95% ти қурайды. Бул ҳаққында The Times басылымы хабар берди.
Соарес алдын Google ҳәм Microsoft'та инженер болып ислеген қәниге болып, ол жасалма интеллект раўажланыўын "үлкен тезликте жар жағасына қарай ҳәрекетленип атырған поезд"ге теңлестирди. "Мен бул поезды тоқтатып болмайды деп атырғаным жоқ. Бирақ биз ҳәзир тек ғана тоқтаўсыз жарға қарай ушып баратырмыз," - деди ол. Эксперттиң атап өтиўинше, жасалма интеллект тәрепинен биологиялық қурал жаратылыўы ҳәм ол арқалы үлкен қалаларда жасырын түрде адамлардың дерлик барлығын зыянлаў сыяқлы сценарийлер итималдан шетте емес. 👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Uzbekistan Airways студентлерге 50 процентлик шегирме жәриялады
Орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары оқыў орынлары студентлери ушын 2025-жыл 26-декабрьден 2026-жыл 11-январьға шекем әмелге асырылатуғын барлық жергиликли авиақатнаўлардвң эконом класс авиабилетлерине 50 процентке шекем шегирме бериледи.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелери толық жабылады
"2026-2030-жылларда балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясы ҳаққында"ғы Президент пәрманына қол қойылды.
Пәрманға бола, Республикалық оқыў-тәрбия мәкемелерин толық жабыў белгиленди. Олардың орнына антисоциаллық минез-қулыққа ийе балалар ушын социаллық интеграция орайлары шөлкемлестириледи.
Бул орайларда тийкарғы итибар жазалаўға емес, ал балаларды жәмийетке бейимлестириў ҳәм саламат өмирге қайтарыўға қаратылады.
👉 @Karakalpak24
00:11
Video unavailableShow in Telegram
🎄Xiaomi’dan yangi yil aksiyasi
15 dekabrdan 31 dekabrgacha REDMI smartfonlariga maxsus narxlar amal qiladi: REDMI A5, REDMI 15C, REDMI 15, REDMI Note 14
Yangi yilga smartfonni yangilash yoki sovg’aga tanlash uchun ajoyib sabab 🎁
📍Smartfonlarni Xiaomi rasmiy hamkorlaridan olish mumkin: Idea, JoyBox, Uzum market
Bizni ijtimoiy tarmoqlarda kuzatib boring: 📱 Facebook | 📱 Telegram | 📱 Instagram | 📱 YouTube#реклама
IMG_2285.MOV6.20 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Исбилермен ҳаялларға 100 млн сўмға шекем гиреўсиз кредит бериледи
«Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-103-санлы, 14.03.2025-ж.) қабыл етилди:
Қарарға муўапық, 2025-жылда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди:
▪️2 миллион ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў;
▪️250 мың ҳаял-қызларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў;
▪️250 мың ҳаял-қызларды жоқары билимлендириў менен қамтып алыў;
▪️50 мың мүтәж ҳаял-қызларды санаторийларда саўалландырыў ҳәмде оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў бойынша мотивациялық семинарлар шөлкемлестириў.
📜 “HAMROH” исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде 2025-жыл 1-майдан:
🔸Ҳаял-қызларға «жасыл жойбарлар» ҳәм IТ тараўындағы жойбарларды әмелге асырыўына, сондай-ақ, кеминде 5 ҳаял-қыздың исбилерменлигин жолға қойыўға жәрдем берген 1 мың «устаз» исбилерменлерге 50 миллион сумға шекем грант ажыратыў жолға қойылды.
🔸Унамлы кредит тарийхына ийе болған ҳаял-қызларға 100 млн сумға шекем гиреўсиз кредит ажыратылады;
🔸Ҳаял-қызлар тәрепинен кредит есабынан сатып алынып атырған әсбап-үскенелер жеткерип берилгенге шекем «Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы» АЖ тәрепинен кепиллик берилиўи жолға қойылады.
️👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
🔰 Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:
🔹мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 271 000 сўм;
🔹базалық есаплаў муғдары – 412 000 сўм;
🔹пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 471 000 сўм;
🔹жасқа тийисли ең кем пенсия – 918 000 сўм;
🔹майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 1 012 000 сўм;
🔹мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 1 012 000 сўм;
🔹белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (918 000 сўм)нан 1 012 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 1 012 000 сўм.
🔹зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 820 000 сўм;
🔹жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 820 000 сўм.
👉 @Karakalpak24
