Каракалпак 24
Kanalga Telegram’da o‘tish
Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың. 📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot 📊 Реклама: @kk24_reklama
Ko'proq ko'rsatish2025 yil raqamlarda

101 207
Obunachilar
-8024 soatlar
-3127 kunlar
-1 94130 kunlar
Postlar arxiv
Photo unavailableShow in Telegram
❌ Телеграм каналлар төменинде автоматик түрде шығатуғын кредит рекламаларына исенбең
Телеграм тийкаршысы Павел Дуровтың басламасы менен канал админлеринен руқсат сорап отырмастан Телеграм каналларда реклама бериў системасы жолға қойылғанына бираз ўақыт болды. Бирақ бул реклама бериў системасынан пайдаланған алдаўшылар түрли каналларда өзлериниң жалған өнимлери ямаса хызметлерин реклама етпекте.
Буған Телеграм компаниясы жол қойып атыр. Бундай рекламаларды каналда көрсетпей қойыўдың мүмкиншилиги жоқ.
👉 @Karakalpak24
00:34
Video unavailableShow in Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Император Нарухито менен ушрасты.
👉 @Karakalpak24
reels_imperator_tg_new2.mp465.13 MB
Photo unavailableShow in Telegram
❓Автомобилди ийесинен басқа шахс басқарғанда жәрийма баллары кимге жазылады?
Усы жылы 1-апрельден радарлар да жәрийма балларын жаза баслайды. Онда, өзине тийисли автомобилди басқарыў ушын басқа шахсқа берген мүлк ийелери онлайн тәризде жеке кабинет ашып, автомобилди кимге тапсырып атырғанын көрсетиўи, сол шахс болса автомобилди басқарыў ушын қабыл етип алғанын тастыйықлаўы керек.➖ Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, жәрийма баллары транспорт қуралының ийеси есабына жазылады (оның айдаўшылық гүўалығы болған жағдайда). ➖ Егер қабыл етип алыўшы шахс буны тастыйықламаса, сондай-ақ, транспорт қуралының ийесинде айдаўшылық гүўалығы болмаса, бундай транспорт қуралларында исленген қағыйдабузарлықлар ушын есапланатуғын жәрийма балларының жыйындысы 12 баллдан артқанда, жәрийма майданшасына жайластырыў арқалы ўақтынша иркип турылады. 👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
⚡️Алдаўшылар алған онлайн-кредитлерди енди пуқара төлемейди
Президент қатнасыўында киберқәўипсизлик бойынша мәжилис болып өтти.
Соңғы 5 жылда кибержынаятлар 68 есеге өскени, быйылғы зыян 1,2 трлн сумнан асқаны мәлим етилди.
Енди онлайн-микроқаржы бериўде алдаўшылыққа қарсы жаңа қорғаў системалары енгизиледи. Ең әҳмийетлиси, алдаўшылық нәтийжесинде жәбирлениўши атына алынған микроқаржыны оннан өндирип алмаў әмелияты жолға қойылады.
Сондай-ақ, гүманлы банк есапларын 24/7 блоклаў әмелияты енгизилетуғын болды.
👉 @Karakalpak24
00:55
Video unavailableShow in Telegram
❗️Морыларыңызды тазалатыў ушын төмендеги номерлерге хабарласың:
☎️ Нөкис қ. 993185222, 993185206, 334258181
☎️ Төрткүл р. 956051000, 937151000, 953529100
☎️ Әмиўдәря р. 973552025, 956051000, 937132101
☎️ Елликқала р. 956051000, 937151000, 931938524
☎️ Беруний р. 956051000, 937151000, 885600081, 953529100
☎️ Кегейли р. 993368737, 933673326
☎️ Шымбай р. 614443303
☎️ Қараөзек р. 614654369
☎️ Тахтакөпир р. 936110915, 996110915
☎️ Бозатаў р. 614153613
☎️ Нөкис р. 993368737, 991020147, 997036675
☎️ Хожели р. 993368737, 991020147, 905751200
☎️ Тақыятас р. 993368737, 991020147, 995243366
☎️ Шоманай р. 910977171, 993368737, 999548913
☎️ Қанлыкөл р. 910977171, 993368737
☎️ Қоңырат р. 910977171, 956051000, 913008235
☎️ Мойнақ р. 910977171
Қарақалпақстан Республикасы Айырықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети
👉 @Karakalpak24
DOtQ0taCN0l_0.mp45.62 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Енди емлеўханаларда коррупцияны жоқ етиўге қатаң гүресиледи
Өзбекстанда МЕДИЦИНА мәкемелеринде ҳәр қандай коррупцияны сапластырыўға жәрдем беретуғын жаңа система иске қосылмақта.
Емлеўханалар, клиникалар ҳәм туўыў үйлеринде жасырын наўқаслар - әпиўайы келиўшилер сыпатында өзин көрсетип, алдаўшылық, турпайы мүнәсибет ҳәм басқа да нызамбузыўшылықларды тексеретуғын арнаўлы оқытылған шахслар ислейди. Анықланған барлық жағдайлар дизимге алынады ҳәм әдеп-икрамлылық комиссиясына, үлкен нызамбузыўшылықлар болса, ҳуқық қорғаў уйымларына жибериледи.
Шағымлар 1203 номерине қоңыраў етиў ҳәм @ssvantikor_bot боты арқалы қабыл етилмекте. Анонимлик кепилленеди.👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Балық майының пайдалары
Жүрек искерлигин жақсылайды. Адам балықты қаншелли тез-тез жеп турса, жүрек кеселлениў қәўипи соншелли азаяды.
Психик саламатлықты тәмийинлейди. Мий 60% майдан ибарат, оның көп бөлеги омега-3 тен қуралған. Усының себебинен, илимпазлар омега-3 кислоталары күлрең заттың (мий бөлими) нормал ислеўи ушын зәрүр екенлигин айтып өтеди.
Азыўға жәрдем береди. Балық майы қосымшалары ҳәптеде үш рет 45 минут даўамында шынығыў ислеў менен тең ҳәм ол азыўға жәрдем береди.
Тери жағдайын жақсылайды. Омега-3 май кислоталары епидермистиң затлар алмасыўында актив қатнасады. Организмде жеткиликли болмаса, териниң ызғаллығы жоғалады, тазаланады, тынышсызланыў ҳәм микробларды жуқтырыўға бейим болады.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
⁉️️Кредитти алған адам кредитин төлемей атыр. Мен кепилмен..
❓️Сораў:
Мен бир танысыма кепил болған едим. Ол алған кредитин төлемей атыр. Банктеги адамлар меннен қарызды талап етпекте. Қандай етип бул жағдайдан қутылыўым мүмкин?
❗️️Жуўап:
Пуқаралық кодексиниң 292-статьясына тийкарланып, кепиллик шәртнамасы бойынша кепиллик басқа шахс (Кредит алған шахс) өз миннетлемесин толық ямаса бир бөлегин орынлаўы ушын оның кредиторы (Кредит берген банк) алдында жуўап бериўди өз мойнына алады.
➖ Яғный, кредит алынып атырғанда өзиңиз онша түсинбеген болсаңыз да, кредит алған адам соль кредитти қайтармаса, мен төлеў миннетлемесин өз мойныма аламыз деген ҳүжжетке қол қойып бергенсиз
🔹Жоқарыдағы кодекстиң 293-статьясына тийкарланып, қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған ямаса тийисли дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор алдында сольидар (Биргеликте) жуўап береди деп көрсетилген.
️🔹Яғный, кредит алған адам кредитти қайтармай атырған болса, демек кредитти қайтарыў миннетлемеси Сизге де жүклениўи мүмкин ҳәм бул нызамсыз жағдай емес.
‼️ Енди сораўынызды қандай етип бул жағдайдан қутылыўы мүмкин деген жерине келсек. Кредит толық төленип болмаганша бул жагдайдан қутыла алмайсыз, бирақ, кредит жабылганнан кейин Сиз кредит алған адамның кредити ушын қанша пул төлеген болсаңыз соль пулларынызды банк есабы бойынша процентлери менен және оннан көрген басқа да зыянларыңызды РЕГРЕСС (қарсы) тәртибинде судқа мүрәжат етип оннан өндирип алыўыныз мүмкин. Сизиң бул ҳуқықыңыз бар екенлиги жоқарыда көрсетилген кодекстиң 295-статьясында келтирилген.
Дерек: Нызамшылық
️👉 @Karakalpak24
00:52
Video unavailableShow in Telegram
❄️ Қыс маўсиминде газ басымының төменлеп кетиўи — ең үлкен машқала
💡 Енди ондай машқалаға ушырамайсыз:
– 1,3 газ басымында ислейтуғын катёл
– Газ басымы 2-ден төмен түссе де өшпейди
– Үйди турақлы жылытады
🏆 Vertex | Buyuk
🛠 3 жыллық кепиллик + рәсмий сервис
🫡Бул катёлларды тек ғана Santech дүканынан таба аласыз!
🥳Айтпақшы, бизде Жаңа жыл қарбаба сауғалары да ойнатылып атыр, үлгерип қаламыз!
📌 Мәнзил: А. Досназаров 60, Багдар Беллиссимо Пизза жанында
☎️Телефон: +998 97 650 07 77
IMG_9883.MP49.80 MB
Telegram
Instagram
Telegram admin
Photo unavailableShow in Telegram
❓Бала ҳәдден тыс шоқ болса, не ислеў керек?
Балалардың ҳәдден тыс шоқ, гиперактив болыўы бул кеселлик емес, ал минез-қулық қәсийети болып есапланады. Себеби балалар жаслығында жүдә қызығыўшаң, ҳәрекешең ҳәм белсенди болады.
Бундай ўақытта ата-аналар, тәрбияшылар ҳәм оқытыўшылар олардың тәрбиясына дурыс қатнас жасаўы керек. Бундай балалар бир ўақыттың өзинде түрли шынығыўларды орынлайды: топ ойнайды, орынлап атырған жумысыңызға кесент береди, арман-берман жуўырады, бирақ ҳеш қашан бир орында ҳәрекетсиз турмайды.
️Бундай балалар тәлим процесине кесент бермейди. Тек ғана аудитория орталығына тәсир өткериўи мүмкин.
Аса ҳәрекетшеңликти халық медицинасы менен емлеп болмайды. Бундай ўақытта ҳәр бир баланың индивидуал өзгешелигинен келип шығып, психолог мәсләҳәтлери тийкарында түрли илажлар қолланыў мүмкин.
️👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
Жага жыл - нук тасыушылары байрамы болады десек исенеберин!
🪅 Себеби байрам мунасибети менен CHINA MOTORS та JAC X200 лер ушын 16 800 000 сумлык шегирме жарияланды 🎉
🪄 Буннан баскада моделлеримизди баслангыш 30% толем менен сатып алыуыныз мумкин.
Еледе толык маглыумат ушын байланысын
Шекленген имканияттан пайдаланып калыуга асыгын!
Муражаат ушын:
📞 +998(61)200-55-00
📱 @ChinaMotors_Nukus
#реклама
Photo unavailableShow in Telegram
🏥GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы Жаңа жыл мүнәсебети менен 18-28 декабрь аралығында "Таза жылға тазаланған организм менен" Акциясын жариялайды.
🎁Акцияда организмди қуртлардан тазалаў ҳәм Гидроколонотерапия процедурасына 25% шегирме жариялайды.
📄Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
✔️Иши тез-тез аўырыўы; ✔️Теридеги ақ дағлар; ✔️Колит ҳәм диярея; ✔️Аллергиялық кеселликлер; ✔️Киндик әтирапы аўырыўы; ✔️Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; ✔️Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; ✔️Түнде тисин ғышырлатыў; ✔️Көзлерди пирпиретиў;✔️Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б🏥Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы. 📞Телефонлар: +998956013377 яки +998973543377 Instagram | Тelegram | #реклама
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Сессиялар 12-январьдан басланады
Жоқары билимлендириў министриниң буйрығына бола, 2025/2026-оқыў жылы гүзги семестри оқыў процеси ҳәм пәнлерден өткерилетуғын қадағалаўлар белгиленген график тийкарында 2026-жыл 12-январьдан баслап шөлкемлестириледи.
Студентлерге гүзги семестр жуўмағы бойынша өткерилетуғын жуўмақлаўшы қадағалаў жумысларына байланыслы барлық мағлыўматлар жеткериледи.
Имтиханларды талап дәрежесинде шөлкемлестириў ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеўге байланыслы илажлар әмелге асырылады.
Қысқы дем алыс болса 10-январьға шекем даўам етеди.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❗️Гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўши штаб номерлери жәрияланды:
📍Нөкис қаласы ☎️ 61-222-88-46 📍Әмиўдәря районы ☎️ ️ 61-515-32-31 📍Беруний районы ☎️ ️ 61-524-22-60 📍Бозатаў районы ☎️ 61-415-36-13 📍Қараөзек районы ☎️ 61-465-43-69 📍Кегейли районы ☎️ 61-412-23-35 📍Қоңырат районы ☎️ 61-312-15-42 📍Қанлыкөл районы ☎️ 61-332-14-56 📍Мойнақ районы ️ 61-322-12-97 📍Нөкис районы ☎️ 61-424-45-71 📍Тақыятас районы ️ 61-572-42-84 📍Тахтакөпир районы ☎️ ️ 61-435-24-59 📍Төрткүл районы ☎️ 61-532-21-30 📍Хожели районы ☎️ ️61-554-11-26 📍Шымбай районы ☎️️ 61-444-03-58 📍Шоманай районы ☎️️ 61-346-25-39 📍Елликқала районы ☎️ 61-585-11-49👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
❌ Қарақалпақстандағы хожалықларға берилетуғын бир мәртелик жәдем пулы бийкар етилген
Президенттиң 30.01.2025-жылдағы ПП-17-санлы Пәрманы менен 2025-жыл 1-июлдан баслап мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем түри бийкар етилип, оның орнына усы аймақларда жасайтуғын Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға үйинде артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби енгизилген.
❗️Демек, енди мәкан пуқаралар жыйынлары тәрепинен берилип киятырған бир мәртелик жәрдем (гәп мына жәрдем ҳаққында) енди берилмейди.
Оның орнына Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргенлерге үйине қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў ушын 12,3 млн сумға шекем субсидия ажыратылады. Бунда қәрежеттиң тек 90% бөлеги қаплап бериледи.
Бул субсидияны алыўдың тәртиби ҳәм шәртлери ҳаққында кейинги постларымызда толық мағлыўмат беремиз.
👉 @Karakalpak24
Photo unavailableShow in Telegram
🎁 Foyda to‘lqini davom etadi — sovg‘a tanlash vaqti keldi
Zarur, foydali va zamonaviy: Uzum Marketda texnika va elektronikaga 80% gacha chegirma.
Yaqinlaringizni rostdan ham kerak bo‘ladigan va quvonch ulashadigan sovg‘alar bilan xursand qiling.
➡️ Xaridlarga ⬅️
00:41
Video unavailableShow in Telegram
21-декабрь күни Аўыл хожалығы тараўы хизметкерлери күни байрамы болып өтеди
Аўыл хожалығы тараўы хизметкерлери күни байрамы мүнәсибети менен аграр тараўы мийнеткешлериниң мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги мийнетине мүнәсип итибар қаратыў ҳәм баҳалаў, руўхый ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў мақсетинде усы жылдың 21-декабрь күни Нөкис қаласы аймағындағы Ат шабар майданында байрам илажы ҳәм тамашалары өткериледи.
Илаж даўамында аўыл хожалығы өнимлери көргизбе-ярмаркалары, руўхый-ағартыўшылық, қайырқомлық илажлары, сондай-ақ, миллий спорт түрлери бойынша жарыслар, соның ишинде, ат шабыс жарыслары, палўанлар гүреси, арқан тартыс ҳәм қошқар дүгиси ойынлары ҳәм беллесиўлер болып өтеди.
Байрам илажлары халық сейили түринде даўам етеди.
👉 @Karakalpak24
1213 (2).mp415.62 MB
02:43
Video unavailableShow in Telegram
️Процентсиз кредит алыў ушын арза бериў тәртиби
Кәмбағаллықты қысқартыў қоры арқалы процентлери қаплап берилетуғын қолайлы кредитлер усыныс етилмекте:
✅ Ноутбук сатып алыў ушын:
▪️Муғдары: 15 млн сўмға шекем
▪️Мүддети: 5 жылға шекем
▪️Жеңиллетилген дәўир: 2 жыл
✅ Исбилерменликти баслаў ушын:
▪️Муғдары: 30 млн сумға шекемги үскенелер (food truck, мотороллер, скутер ҳәм басқа да тийкарғы қураллар).
▪️Мүддети: 5 жылға шекем, бөлип төлеў шәрти менен
❗️️Пайызлар қаплап бериледи.
👉 Арза жибериў
👉 @Karakalpak24
14.83 MB
Photo unavailableShow in Telegram
GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасы Жаңа жыл мүнәсебети менен 18-28 декабрь аралығында "Таза жылға тазаланған организм менен" Акциясын жариялайды.
Акцияда организмди қуртлардан тазалаў ҳәм Гидроколонотерапия процедурасына 25% шегирме жариялайды.
Шегирме баҳасы:
Организмди қуртлар ҳәм шлаклардан тазалаў 3 күнге:
7 -жасға шекем - 225 000сўм;
7 -жастан үлкенлерге - 270 000 сўм.
Гидроколонотерапия 3-сеанс - 450 000 сўм.
Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефонлар: +998956013377 яки +998973543377
Photo unavailableShow in Telegram
2026-жылда мәмлекетлик бюджеттен медицина тараўына ажыратылатуғын қаржы муғдары арттырылады
Бүгин Сенатта 2026-жыл ушын мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам мақулланды.
✅ Оған бола:
➖ 2026-жылы мәмлекетлик бюджет қәрежетлери 402,6 триллион сумды, дәраматлары болса 368,9 триллион сумды қурамақта;
➖ Мәмлекетлик мақсетли қорларының дәраматлары 78,6 трлн сум, қәрежетлери 74,4 трлн сум муғдарында режелестирилмекте;
➖ Бул нызамда 2026-жылы коньсолидацияласқан бюджет дәраматлары 515,8 триллион сум, қәрежетлер болса 567,6 триллион сум муғдарында қәлиплестирилген. Бунда консолидацияласқан бюджет жетиспеўшилиги жалпы ишки өнимге салыстырғанда 3 проценттен артпаў ўазыйпасы нәзерде тутылған;
➖ ️Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң дерлик 55 проценти ямаса 220,0 трлн сўм социаллық тараўға қаратылмақта. Соннан:
🔹 билимлендириўге: 100 трлн сўм;
🔹 медицинаға: 49 трлн сум (жылға салыстырғанда 11,4 процентке көп).
Нызамға тийкарланып, келеси жылы инфляция дәрежеси 7 процент әтирапында болыўы прогноз етилмекте.
👉 @Karakalpak24
